Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:03:59, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЙГИЛИКЛИ МАҚСЕТТЕ ПАЙДАЛАНҚАНДА...

Бүгинги күни алысымызды жақын, мүшкилимизди аңсат, қымбатлы ўақтымызды  тежеп атырған қол телефонлардың хызмети өз алдына.

Кешегидей ядымызда, аўылымызда болатуғын мерекениң бир ҳәпте бурын ойласығында бир бет шақыртыўшылық қағазды алып, (жол кирей пулымызды мереке ийеси береди) «қайдасаң Тахта» деп азан менен жолға шығып, қас қарайғанда үйге сүре жығыламыз. Бир күнимиз жоққа шықты, маша­қатқа батып, қыйналғанымызды айтпағанда. Бүгин дүньяның қәлеген жерине сол заматта хабар айтыў имканиятына ийемиз. Әне, телефонның атқаратуғын хызметлериниң бир көриниси ғана.

Баслысы, ўақыттан утамыз, қәрежетимиз тежеледи. Лекин, телефоннан да тек жақсы ни­йетлерге пайдаланбасақ, сонша тежелген қәрежет бир майданда ҳаўаға суўырылыўы турған гәп.

Қараң, 1976-жылы Әмиўдәрья районында туўылған, ўақтынша жумыссыз, Маңғыт қаласы Т.Малик көшесинде жасаўшы Сапарбаев Умар Қадирович те телефоннан ийгиликли мақсетлерге пайдаланғанда бүгингидей бала-шағасының ырысқы-несийбесин жәриймаға төлеп отырмас еди.

Ҳуқықбузар Умар Сапарбаетың пайдаланып жүрген REDMI-6 маркалы қол телефоны ҳуқыққорғаў уйымы хызметкерлери тәрепинен тексерилип көрилгенде ол «Однаклассники» сайтынан «Сапарбаев Умар» деп аталған профил ашып, диний мазмундағы шығып сөйлеўлер, баянат, сүўрет ҳәм видео көринистеги материалларды басқа­ларға тарқатып келгенлиги анықланды.

Суд ҳәкимшилик иси ҳүжжетлерин үйренип шығып, ҳуқықбузарға ең кем айлық ис ҳақының он есеси муғдарында жәрийма тайынланды ҳәм қол телефоны мәмлекет пайдасына өткерилди.      

 

Б.ҚУРБАНОВ.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF