Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:52:59, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛАЖЛАРЫ ЖҮРГИЗИЛМЕКТЕ

Көпшиликтиң хабары бар, усы жылдың 22-декабрь сәнесинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлар сайлаўы болып өтеди.

Соны айрықша атап өтиў керек, сайлаўлар мәмлекетимиздеги демократиялық реформалар, келешекте әмелге асырылатуғын стратегиялық ўазыйпаларды жүзеге шығарыўда әҳмийетли есапланады. Бул бағдарда  Исбилерменлер ҳәрекети ­ Өзбекстан Либерал демократиялық пар­тиясы да сайлаўалды процеслеринде жаңа көзқарас пенен белсене қатнаспақта.

Ҳәзирги ўақытта партияның сайлаўалды бағдарламасынан келип шығып, оның халық пенен бирге болыўы, олардың дәртин тыңлаў ҳәм мәселелерин биргеликте шешиў, пуқаралардың машқаласын өзлериниң маш­қаласы деп билип, үгит-нәсият акциялары жүргизилмекте.

Жақында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Жаслар қанаты»ның басламасы тийкарында партияның дүзилгенине 16 жыл толыўы мүнәсибети менен «Сайлаў ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў болып өтти. Оған партияның республикалық Кеңеси ўәкиллери, филиал профессор-оқытыўшылары, студент жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қат­насты.

Онда ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң Аппарат баслығы Ш.Өтемисов, Өзбекстан Жаслар аўқамы республика Кеңеси бөлим баслығы М.Алжанов ҳәм басқалар сөзге шығып, сайлаўлардың әҳмийети, жаңадан қабыл етилген Сайлаў Кодексинде белгилеп берилген қағыйдалар ҳәм партияның сайлаўалды бағдарламасының мазмуны, соның менен бирге, депутатларды сайлаўда кең жәми­йетшилик, әсиресе, биринши мәрте даўыс бериўде қатнасып атырған жаслардың белсендилигин арттырыў бойынша пикир-усынысларын билдирди. 

Илажда атап өтилгендей, бы­йылғы сайлаўлар Өзбекстан Республикасының Сайлаў Кодекси ҳәм демократиялық принциплер тийкарында жәриялылық ҳәм ашық-айдын тәризде өткерилмекте. Бунда кең жәмийетшилик, әсиресе, жаслар сайлаўларда тек ғана қатнасып қоймастан, усы сиясий процесске жуўапкершилик пенен қараў, сайланажақ депутат ҳәм олардың  бағдарламалары менен жақыннан танысып, оларда илгери сүрилген идея­лар, халықтың мәпи ҳәм тилек өтинишлерине тийкарлан­ғанлығына айрықша итибар қаратыў кереклиги бойынша да  усыныслар билдирилди.

­ Быйылғы сайлаўларда Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1 миллион 127 мыңнан аслам сайлаўшылар қатнасатуғын болса, солардан 170 мыңнан зыят жаслар биринши мәрте даўыс бериўде қатнасады, ­ дейди усы партияның баспасөз хызмети қәнигеси Асем Сырымбетова. ­  Бул бағдарда жаслардың сиясий процесслерде белсендилигин арттырыўда мәкеме, шөлкем ҳәм жоқары оқыў орынларында «Сайлаў ­ жаслар нәзеринде», «Сайлаў ҳәм жаслар», «Мениң биринши даўысым» атамаларында интеллектуал ойынлары өткерилип, сайлаўалды үгит-нәсият илажлары жүргизилмекте... 

Ушырасыў соңында партияның идея, мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаўда белсене қатнасқанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Жаңадан ағза болған студент жасларға партия гүўалығы тапсырылды.

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

 СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF