Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:06:30, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АРМИЯ ҚАТАРЫН ТОЛЫҚТЫРЫЎДА ЖАҢА РЕФОРМАЛАР

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында дәўир талабы ҳәм жәҳән стандартларына жуўап беретуғын Қураллы Күшлерди жаратыў, елимиздиң ғәрезсизлиги, қәўипсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин тәми­йинлеў ҳәм миллий армиямызды қәлиплестириў жолында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Ўатанды қорғаў, оны сүйиў, әскерликтиң абырайы ҳаққындағы ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери жасларда, кең жәмийетшиликте даңқлы кәсип болған әскерлик бойынша мақтаныш сезимлерин қәлиплестиреди. Мәмлекетимизде миллий армияны шөлкемлестириў бойынша алып барылған кең көлемли жумыслар профессионал армияны қәлиплестириўге қаратылған. Профессионал армия қатарына болса жаслар таңлаўлар арқалы қабыл етилип атыр, жигитлердиң арасынан ең ылайықлылары Қураллы Күшлер қатарына алынып, Жоқары Бас Сәркардалықтың басламасы менен шөлкемлестирилген пүткиллей жаңа көринистеги әскерлер қатары жаратылмақта.

Сонлықтан да Хожели районлық қорғаныў ислери бөлими жасларды 2020-жылғы мүддетли әскерий хызметке тартыўда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-апрельдеги «Шақырылыўшыларды таңлап алыў тәртиби ҳаққында»ғы Режени тасты­йықлаў ҳаққында»ғы 291-санлы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 18-июньдеги 192-санлы қарарлары тийкарында жумыс баслады.

Районымыздағы 19-санлы улыўма билим бериў мектебинде районлық шақырыў комиссиясы медицина шыпакерлери тексериўинен саламат өткен шақырылыўшыларды кәсиплик таңлаў, физикалық таярлығы ҳәм жеке тәртиптеги сәўбет өткериў комиссияларының усынысына көре мүддетли әскерий хызметке тайынлаўды әмелге асырмақта.

К.ОРАЗОВ,

Хожели районлық қорғаныў ислери бөлими шақырыў

бөлимшеси баслығының аға жәрдемшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF