Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:16:13, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢАЛАНЫЎ ЗӘРҮРЛИГИ

ЯМАСА СҮЙИКЛИ ГАЗЕТАЛАРЫҢЫЗҒА  ЖАЗЫЛДЫҢЫЗ БА?

Ҳәр қандай халықтың қай дәрежеде саўатлы, билимли, искер екенлиги оның «бүгин»инен белгили. Ол бүгинги күн нәпеси менен жасап атырма? Бүгинги күн жаңалығын, бүгинги күн талабын, бүгинги күн адамын билеме, таный ма?

Әтирапында қандай ўақыя-ҳәдийсе жүз берип атырғанлығынан хабардар ма, сергек пе? Бул сораўға берилген ҳәр қандай жуўап, инсанның интеллектуаллық дәрежесин анықлайды. Лекин, ҳеш ким журналистикасыз да күним өтеди, ғалаба хабар қуралларының мен ушын ҳеш қандай кереги жоқ, десе қәтелеседи.

Адам информация менен тири. Биз бир-биримизге хабар жеткизип, мағлыўмат алмасып, әпиўайы тил менен айтқанда сөйлесип, дәртлесип, пикирлесип жасамасақ тирилигимиз бийкар. Ҳәр күни қарынымызды керекли, мазалы тағамлар менен тойдырғанымыздай, санамызды да азықландырып турыўымыз зәрүр. Болмаса өмир мазмунын аңлай алмаймыз, өзлигимизди жоғалтамыз. Қуўанышлысы, ҳүрметли Президентимиз китапқумарлық мәдениятын жетилистириўге айрықша итибар қаратып, инсанның өмирдеги ҳақыйқый байлығы — билим, илим менен қуралланыўымызға имканият жаратты. Биз қанша көп билим булағынан суў ишсек, сонша көп өсип-раўажланамыз.

Халқымыздың китапқа қайтқаны қуўанышлы, лекин бүгинги күнде газета-журналлар тиражына қарап ашынасаң. Не себеп халқымыз күнделикли баспасөзсиз жасаўға көнлигип кетпекте? Газета-журналлар инсанларды жаңалық пенен таныстырыўшы, саўатландырыўшы, кеўилли дем алыўын тәмийинлеўши қуралдан көре бас­қа, күнделикли мақсетлерде ислетилетуғын затқа айланды. Ким айыплы? Қай жерде қәтешиликке жол қойдық? Машқаланың түйинин тапсақ, жолдан шыққан көшти қайта жолға салыўға имкан боларма еди?!

Бүгин баспасөзде хызмет көрсетип атырған журналистлер саўатлы, жазыў шеберлигине ийе деп айта аламыз ба?! Бул шешимин күтип турған үлкен мәселе. Неге дегенде әйне баспасөз журналистиканың ҳақыйқый келбети, жүреги. Бунда биринши орында тил, саўат мәселеси жатады. Тил нызамына әмел етиў, тилдиң тазалығы, халықтың саўаты әйне баспасөз жәрдеминде қәлиплеседи. Лекин, бүгинги күнде баспасөзде ис ҳақының азлығы, қәлем ҳақының жоқлығы себеп ҳақыйқый қолында қәлеми бар, талантлы журналистлер басқа жумысларға өтип кетпекте. Бул тараўда хызмет көрсетип кия­тырған шын пидайылар себепли ғана көплеп газета-журналлар өз өмирин зорға сақлап турыпты. Машқалаларға қарсы гүресиў, оларға шешим табыў аңсат емес. Кимнен жәрдем сораўды, кимге өкпелеўди билмейсең.

Ҳеш кимди мәжбүрлеп жазыл­дырыў­ға болмайды, дурыс. Әпиўайы адамлар бир жақта турсын, зиялы қатлам да артықша пул сарплаўды еп көрмей қалды. Мақала таярлаў ушын көплеп зиялылар, муғаллимлер, лаўазымлы шахслар менен сәўбетлес болғанымда, олардан гәп арасында ҳәр күнги жаңалықлар менен турақлы танысып барыўын, қайсы газета-журналларды оқыйтуғынын сорайман. Ашынарлысы, турақлы түрде газета-журнал оқыйтуғыны аз. Бир зат десең, бар айып­ты өзиңе аўдарады. Газета-журнал ўақтында келмейди, сапасы жақсы емес, оқығандай түйирли нәрсе жоқ... Хош, енди кимге өкпелеймиз! Бизди бир шетке ысырып таслаған «интернет мырза»ға ма?

Тән алыў керек, бүгин адамлардың бәри виртуал әлемде. Түрли сайтлар, социаллық тармақлар үзликсиз информация жеткерип тур. Қол телефоны арқалы-ақ интернетке жалғанып, дүньяның жаңалықларынан хабардар болыў имканияты бар. Бул ушын айы­на белгили муғдарда пул төлеп (30, 50, 80мың) қәлегенше керекли мағлыўматларды алыўың мүмкин. Жеке блогерлер де бул майданда өз әўметин сынап, даўысының барынша қышқырып, ҳәр жер-ҳәр жерден урлап, өзин көрсетиўге, бизнес ислеўге урынбақта. Олар арасында талапқа жуўап беретуғын, журналистика мектебин өтеген қәбилетлилери де бар, әлбетте. Лекин көпшилиги еле халыққа өз сөзин айтарлықтай дәрежеде саўатқа, мәдениятқа ийе емес. Информациялардың анық, исенимлилиги де сораўлы мәселе. Тил мәселеси, жазыў шеберлиги төрт аяғын тең басалмай тур.

Келиң, және өзимизге қайтайық. Ыссыны биринши өзимизге басайық, жақса өзгелерге де басармыз...

Ҳәр қандай тараў бир тегис раўажланбайды. Онда сыныўлар да, көтерилиўлер де, бир сөз бенен айтқанда түрли бурылыслар болады. Тийкарғысы, машқала, жеңилислер бизге ойланып көриў, исти қайта баслаў ушын берилген имканият екенлигин умытпаўымыз керек. Данышпанлар айтқанындай, биз жеңислерден емес, жеңилислеримизден көбирек сабақ аламыз.

Соңғы жылларға келетуғын болсақ, технологияның жедел пәт пенен раўажланыўы, ҒХҚ саны ҳәм түрлериниң кескин көбейиўи, әсиресе, интернеттиң пайда болыўы, баспасөзди жаңа усыл, жаңа идеялар ойлап табыўға мәжбүр етти. Буның бир жолы — дәстүрий баспасөз жаңа информация қуралларының аяўсыз бәсекисине қарсы турыў, заман менен ҳәмнәпес болыў ушын офлайннан онлайн көриниске өтти. (Онлайн line-сым, оn- да — бул «интернетте» деген түсиникти билдиреди. Офлайн болса онлайнның  кериси есапланады.) Газеталар өз интернет версияларын жаратыў арқалы қурамалы аўҳалдан шығыў жолын тапты ҳәм бул жолда әўмети жүрискен басылымлар да болды. Лекин бизде бул процесс талапқа жуўап беретуғын дәрежеде емес, газета-журналлар сайты турақлы өз оқыўшыларына ийе деп айтыў қыйын.

Сайт хызметинен пайдаланыўшылардан белгили муғдарда пул төлемин жолға қойыў керек. «Аңсат емес, бул майдан ишинде турыў» дегениндей сайт­ты ҳәр тәреплеме жетилистириў, информация базарынан өзимизге мүнәсип орын ийелеў мәселеси тур алдымызда. Егер сайт пайдаланыўшылары көбейсе, өз-өзин реклама етиўди де жолға қойыў мүмкин. Интернеттиң интерактивлик имканиятынан пайдалансақ, көп жетискенликлерге ерисиўге болады.

Итибар қарататуғын және бир мәселе, журналистика бағдарында илимий изленис алып барып атырған қәнигелер жумысы әмелиятта өзин көрсетпей атыр. Илимниң мақсети, бар болған машқаланы яки жетискенликти көрсетип қойыў емес, ал, әмелий шешимге қаратылған болыўы керек. Журналистика илимде өз алдына, әмелиятта өз алдына кететуғын болса, (теория әмелиятта өзин ақламаса) журналист кадрларды таярлаўдан тийкарғы мақсет не?

— Бүгинги жергиликли газеталарымызда оқыўшыны қызықтырарлық материаллар жүдә аз, - дейди профессор Қурбанбай Жәримбетов. — Негедур күнниң талабына сай сын мақалалар берилмей атыр. Турмысымызда өз шешимин күтип турған машқалалар баршылық. Мәселен транспорт, жол маш­қаласы, билимлендириў тараўындағы машқалалар... Журналист заманнан алда жүриўи, турмысымызды жақсылаў жолында пидайылық көрсетиўи керек. Сол ушын да бул кәсип өзине тән машақатлы. Өткир, тас кесетуғын, халықтың дәртин, машқаласын шешиўге қаратылған, журналист­лик шеберлик пенен изленип жазыл­ған мақалалар бүгинги баспасөз өмирин сақлап ғана қалмастан, жәмийеттиң раўажланыўына да хызмет етеди. Керек болса, газеталар бетин көбейтиў арқалы усындай мақалалар ушын жол ашыў керек! Керекли гәпти айтып, пайдалы истиң басын тутыў керек!

Қәнигелердиң пикиринен соң әпиўайы оқыўшылар менен де пикирлестик.

— Тараўға байланыслы газеталарға жазыламыз, - дейди Нөкис спорт колледжи муғаллими Эльмира Ерназарова. — «Устаз жолы», «Қарақалпақстан спорты» газеталарын турақлы оқыймыз. Қәнекей, газеталарда өзимиздеги хабар, стандарт мақалалардан тысқары шет ел тәжирийбелерин де кең жарытса. Мысалы, раўажланған мәмлекетлерде билимлендириў системасы, оқытыў методикасы қандай, солар ишинде дене тәрбиясы сабақлары қай тәризде өтиледи, турмыста өзин ақлаған усыллар, тәжирийбелер, әмелият процеси, белгили спортшылардың өмири, жетискенликке ерисиў сырлары  дегендей...

Бүгинги оқыўшының талабы күшли. Оны алды-қашты гәплер менен алдаў қыйын. Лекин теңгениң екинши тәрепи де бар. Өзин артықша қыйнамаў, аңсатқа үйрениў. Бул кейпият жаслардың санасында үстемлик етпекте. Өзин Нурзада деп таныстыр­ған теңлесимиз фамилиясын айтыўды мақул көрмеди. Айтыўынша, мектеп пайытлары «Жеткиншек» газетасын оқыған. Ал, жақын жыллар ишинде бирде-бир газета-журнал оқыўға қызықсынбаған екен.

Жасырарлығы жоқ, көпшилик жаслардың аўҳалы усындай. Телефоны жоқ жасты ушыратыў қаншелли қыйын болса, турақлы газета-журнал оқыйтуғын жасты ушыратыў да әне сондай мүшкил. Интернетке қосылыў ушын телефонға керекли муғдарда пул салыўға имканият табамыз, ойын ойнаўға, керек-керексиз мағлыўматлар алыўға керегинен артық ўақыт сарплаймыз, лекин кимдур «буннан гөзлеген мақсетиң не?» деп сораса, жуўап бере аламыз ба? Оқымаў ушын керегинен артық себеп, бәне таўып көрсетиўге шебермиз. Лекин, кимди алдап атырмыз?!

Оқыў ушын ҳәмийше имкан табыў­ға болады. Ҳәзир китапханаларымыз бай китап фондына, күнделикли газета-журналларға толы.

— Өмирлик жолдасым, ата-енем педагог болғанлығы ушын бирнеше атамадағы газета-журналлар үйимизге келеди, - дейди үй бийкеси Надира Арзуўова. — Мен көбирек басылымлардағы өзиме унаған қызықлы мағлыўматлар, күлдирги сөзлер, пайдалы мәсләҳәтлер, ҳикметлерди оқыйман.

Шаңарақта ҳәмме ушын бир темадағы, бир жөнелистеги материал қызықлы, керекли болмаўы тәбийғый. Сонлықтан, жазылыў мәселесинде үйде келиспеўшиликлер де ушырап турады. Ҳәр ким өз тараўының басылымына жазылыўды мақул көреди. Шаңарақтың материаллық жағдайы есапқа алынса, асып кетсе еки газетаға жазылыў мүмкин. Нәтийжеде басқалар газета-журнал оқыўдан қуры қалады. Сонлықтан, ҳәр бир газета-журнал имкан дәрежесинде ғалаба болыўға, үлкен-киши, түрли қатламдағылар ушын қызықлы, керекли материалларды бериўге ҳәрекет етиўи, оның келешегин белгилейди.

— Биз перзентлеримизди билимли, жоқары мәнаўиятлы етип тәрбиялаўды мақсет еткен екенбиз, оның қолына дүнья «әжайыбат»ларын өзинде жәмлеген телефонды емес, ал, китап ҳәм газета-журнал услатыўымыз керек, - дейди И.Юсупов атындағы мектеп-интернаты директоры Фарахад Палымов. — Себеби интернетте берилип атырған мағлыўматлардың туўрылығы, бала ушын қәўипсизлигине кепиллик берилмеген.

Бала не нәрсе пайдалы, не нәрсе зыянлы екенлигин билмейди. Қызығыўшылық нәтийжесинде жаман жолларға кирип кетиўи де ҳеш гәп емес. Ал, газета-журналлар болса, мағлыўмат алыўдың ең исенимли дереги. Онда тил мәселесине де айрықша итибар бериледи. Күнделикли баспасөз бенен дос тутыныў, бала ой-өрисин өсиреди, ондағы жасырын қәбилетлерди жүзеге шығарады. Бул исте балаға оқытыўшылар менен бирге ата-аналар көмеги, мәсләҳәти зәрүр. Перзентлеримиздиң ишип-жеўи, жақсы кийиниўи ушын қайғырамыз, бирақ негедур руўхый дүньясының бай болыўы жолында онша бас қатыра бермеймиз. Баламызға өрнек көрсетиў ушын, өзимизди үзликсиз тәрбиялап барыўымыз кереклиги ядымыздан көтерилмекте. Ата-ана қандай болса, бала да сондай, деген дана бабаларымыз. Өз-өзиңизден сораң «Ақырғы мәрте қандай китап, қандай газета-журнал оқыдым?» деп. Балаңыз бенен қайсы шығарма үстинде пикир алмастыңыз?Көзиңиздиң ағы-қарасы, үмитиңиз жалғасына қандай китап саўға еттиңиз! Оның билимли, оқымыслы болыўы ушын нелер иследиңиз?

Ҳақыйқатында да, көпшилик перзентлериниң тәлим-тәрбиясын оқытыўшылар мойнына жүклеп, ата-аналық жуўапкершилигин сезинбей атырғандай. Билимлендириў мәкемелеринде өткерилип атырған ата-аналар жыйналыслары да еле күтилген нәтийжени бермей атыр. Республикамыздағы балалар газетасы болған «Жеткиншек»тиң оқырманлары азлығын қалай түсиндириў мүмкин. Қарақалпақстанда 1000нан артық билимлендириў мәкемелери бар. Соннан 700ден көбиреги мектеплер есапланады. Есаплап көрсек: 700 мектепте бир класстан есаплағанда 11 класс болады. Сонда жәми 7700 класс 2 дана газетаға жазыл­ғанда бул 15400 дананы қурайды. Биз минимум менен есапладық. Демек, ең аз жазылғанда да «Жеткиншек» газетасы тиражы 15000нан артыўы керек еди.

Усы орында баспасөз ушырасыўларында билдирилген пикирлерди де келтирип өтсекF Адамларда күнделикли баспасөз оқыўға деген қызығыўшылықты оятыў ушын, ең тәсирли қурал — рекламадан пайдаланыў керек. Интернет, телефонның кең ғалабаласыўына себеп күн-түн көзимиз көрип жүрген рекламалар емес пе? Екиншиден, базар шараятында адамларды қызықтырыўдың сыналған усылы әўметли ойынлар шөлкемлестириў. Газетаға жазылған пуқара, мәкеме-шөлкемлер ушын күтилмеген саўғалар таярлаў. Үшиншиден, турақлы түрде таңлаўлар өткериў ҳәм жеңимпазларды ҳүрмет жарлықлары, саўғалар менен хошаметлеў де газета-журнал оқыўға деген қызығыўшылықты арттырыўы мүмкин...

Бурынлары газета-журналлардың жаңа санларына телевидениеде шолыў берилетуғын еди. Кейинги жыллары бул да алып тасланғанлығы өкинишли. Адам ҳәр күни көзи көрип, қулағы еситип жүрген нәрсени қәле-қәлеме өзине қабыл етип алады, соған көнлиге баслайды, нәтийжеде ықтыярсыз рәўиштен ықтыярлы басқышқа өтип, сатып алыўды әмелге асырады. «Шығыс ҳикмет ҳәм рәўиятлары» китабында «Адам тәбияты урыдур» деген ҳикмет бар: Даналардан бири айтады:

«Жаман адамлар менен сәўбетлес болыўдан қаш. Адамның тәбиятында урлықшылық қәсийети бар. Ол жақсы адамлар менен сәўбетлес болғанда жақсы пазыйлетлерди өзлестирип ал­ғаны киби, жаманлар менен болғанда да олардан аз да болса жаман тәреплерди «урлап»  алады».

Кимниңдур, мейли ол таныс яки бийтаныс болсын жақсы үйи, машинасы барлығын көрсек, дәрҳал әне сондай үй, машиналы болыўды қәлеп қаламыз. Бул арзыў бизге күш берип, ҳәрекетке түсемиз. Буннан да әпиўайы мысал келтирсек, кимдур бир аўқатланыў орнының сомсасы яки аўқатлары мазалы екен десе, дәрҳал биз де татып көриўге асығамыз. Егер газета-журналлар оқыў, сатыў ушын арнаўлы орынлар көбейтилсе, адамлар ол жерде күнделикли баспасөз бенен танысса, бирди көрип екиншиси келсе, жазылған материаллар бойынша пикир алмасса, үшинши адам да ерксиз бул орталыққа қосылады. Көплеп раўажланған мәмлекетлерде таңды газета-журналлар оқыў менен күтип алады. Ямаса көшеде, транспортларда газета оқыў оларға әдетке айланып кеткен. Әне сондай дәрежеге жетисиў ушын аудитория менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиў, жаңа жоллар, жаңа имканиятлар излеў пурсаты келмеди ме екен?! Мәселен дем алыс орынлары, керек болса ресторан ҳәм кафелерде арнаўлы баспасөз мүйешлерин ашыў керек (Wi-Fi киби).

Және бир үлкен машқала, жаңалық тарқатыўшы шөлкемлердиң кеўилдегидей хызмет көрсетпеўи, газета-журналлардың өз ўақтында оқыўшылар қолына жетип бармаўы, баспасөзге халықтың исениминиң жоғалыўына да себеп болмақта. Оннан қалса редакцияларға жазылыў пулларын өз ўақтында түсирмей, экономикалық жағдайды да қыйынластырмақта. Бул машқаланы қандай сапластырыў мүмкин?!

Ҳәзир көплеп басылымлар PAYme (электрон жазылыў) усылын қолланып көрмекте. Буның абзаллығы жазылыў ушын төлем туўрыдан-туўры редак­цияның өзине төленеди ҳәм өз ўақтында газета-журналлар өз мәнзилине жеткерилиўи тәмийинленеди. Буның абзаллықларын жақсы үйренген ҳалда, бизде де дизимди өзгерттириў пурсаты келди, деп есаплаймыз.

Қулласы, аудиториясыз баспасөз - баспасөз емес, баспасөзсиз аудито­рияны да мәнаўиятлы деў қәте. Биз бир-биримизди қоллап-қуўатлап, биргеликте ислесек ғана гөзлегеннен де бәлент шыңға ерисемиз.

Әзиз оқыўшылар! Мәжбүрлеп жазылдырыў, мәжбүрлеп оқытыў уят, лекин оқымаслық, бүгинги күн нәпеси менен жасамаслық оннан да уятлырақ. Таңлаў Сизден! Лекин биз бирлессек, үлкен күшпиз. Бизге өз усыныс ҳәм пикирлериңизди жазың!

Несибели

МАМБЕТИРЗАЕВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF