Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:57:03, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӨП  ТАРМАҚЛЫ  ХОЖАЛЫҚҚА АЙЛАНЫЎ  ЖОЛЫНДА

Жигиттиң сегиз қырлы, бир сырлы болғанындай, балалықта арқырата ат шаўып сейис атан­ған, бүгинги күнде алдынғы қатардағы шоманайлы фермер Барлықбай Дәўлетовты излесек нышлы белин ийнине салыўы менен таң азанда гүзлик бийдайын суўғармаға кетипти.

Мәйек жумалатса сынбайтуғын бир тегис бийдай атызларында желкилдесе өскен нәллерине қумарта қараған Барлықбай сәлем-әлик, ҳармасыннан соң:

­ Ата-бабаларымыздың «Жол бойында мәрт яки нәмәрт отырады» дегениндей, пахта, бийдай атызларымыз район ора­йына кире беристеги асфальт жолдың еки бойына жайласқан. Районымызға сырттан келиўшилер бизиң дийқаншылығымызға қарап баҳа береди,-деген «Ақылбек Дәўлетов» фермер хожалығының баслығы Барлықбай Дәўлетовтың кеўил-хошы көтериңки еди.

­ Муқыят тегислеп, алмаслап егиўди избе-из әмелге асырған айырым атызларымыз гектарына орташа 60 центнерден асырып өним берди. Жердиң ой-тегиси атызларға суў ашқаннан соң белгили болады. Исенимимизди көп жылдың механизаторы Таңатар Алланов ақламақта. Өз механизмин техникалық жақтан күтип услап, жерди сүрип тегислеў менен шигитти оқтай дүзиў қатар шығарыў ҳәм азықландырыўда алдына адам салмайды. Соның арқасында 30 гектар жерге «Половчанка» сортын сентябрь айы ишинде егип, барлық майданлардан бир тегис нәл ала билдик. Сүримнен бурын гектарына 200 килограммнан минерал төгинлердиң араласпасы берилди. Атыз басларына қазылған қәндеклердиң қасларына ҳәр гектарға мөлшердеги 5 тоннадан жергиликли төгин тасылмақта. Таярланған намбарды бийдайымыз «қыс уйқы»сына жатқаннан соң үстине шашамыз.

Быйыл шигит егилген 30 гектар жерден шәртнама жобасын артығына орынлап шықтық. Ҳасылымыздың барлығы дерлик биринши сортқа сатылғанлықтан жылды сап пайда менен жуўмақлаймыз.

Келешекте көп тармақлы хожалыққа айланыўдың жоллары ҳәр тәреплеме пуқта ойланылып көрилмекте. Пахта, бийдай, овощ-палыз егинлериниң зүрәәтлилиги жоқары болыўына шериклеримиз аймағымызға 100 қуты пал ҳәрресин қойғаны себепши болса керек. Келеси жылы мың бас таўық алыў ушын шәртнама жасасқан орынларға буйыртпалар берилди.

Базарбап, ерте писер овощ-палыз егинлериниң майданларын кеңейтиў ушын усы бастан ҳәр тәреплеме таярлықлар көрилмекте. Шарўашылықты қой-ешки сақлаўдан баслап, изин ала ҳасыл туқымлы мал алыў жобаластырылды. Өз алдымызға фермер хожалығын ашқан үш жылдың ишинде киши машина-трактор паркин механизм ҳәм әсбап-үскенелер менен толықтырылды. Келеси жыллары жоқары өнимдарлықта ислеўши сырт елдиң қуўатлы техникаларын лизингке алыў ушын буйыртпалар бердик,-дейди хожалық баслығы Барлықбай Дәўлетов.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Шоманай районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF