Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:29:24, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТҮРКИЯ ЕЛШИСИН ҚАБЫЛЛАЎ

Түркияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Эр Мехмет Сураййа еки күнлик сапар менен республикамызға келди.

Мийманды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде қабыллаў мәресими болды.

Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов елшини елимизге сапары менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў, олар менен бирге ислесиў бағдарында әмелге асырылып атыр­ған илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Түркия бүгинги күнде қурылыс, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда жәҳәнде жетекши мәмлекетлерден бири есапланады. Сонлықтан да, «Нукус Сити» қурылысында, халықтың денсаўлығын сақлаў тараўында түркиялы қәнигелер менен бирге ислесиў мәселелери көрип шығылмақта. Өткен жылы «Өзбекстан-Түркия саламатлық ҳәптелиги» илажы шеңберинде түркиялы тәжирийбели шыпакерлер республикамызда болып, наўқасларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерди ҳәм зәрүр болғанларына операциялар иследи.

 Өз гезегинде елши шын жүректен қабыл еткени ушын өзиниң терең миннетдаршылығын билдирди. Сапар етиў даўамындағы режелер, келешекте биргеликте әмелге асырылатуғын жойбарларға тоқтап өтти.

Қабыллаўда Түркияның бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлигиниң (ТИКА) Өзбекстандағы ўәкилханасының координаторы Али Ихсан Чағлар елши менен бирге болды.

Сапар даўамында мийманлар Мойнақ районында, республикалық балалар көп тармақлы медицина орайында, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып, жумыслар менен танысты.

Түркияның бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлигиниң (ТИКА) қәнигелери тәрепинен республикамыздағы емлеў мәкемелери шыпакерлериниң қәнигелигин арттырыў мақсетинде төрт күн даўамында «Қыстаўлы жағдайларда балалардың өмирин сақлап қалыў» оқыў-бағдарламасы шеңберинде семинар өткерилди. Усы семинарға белсене қатнасқанларға сертификатлар тапсырылды.

Ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен Түркия­ның жоқары оқыў орынлары арасында бирге ислесиў жақсы жолға қойылған. Атап айтқанда, Ататүрк университети менен Мевлана бағдарламасы тийкарында 2019-2020-оқыў жылында студентлер алмасыў бойынша бирге ислесиў меморандумы дүзилген.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде республикамыздың инвестициялық потенциалын таныстырыў мәресими болды. Онда бүгинги күни әмелге асырылып атырған жойбарлар, алдағы режелер бойынша пикир алысылып, режелер белгиленди.

Мийманлар сондай-ақ,     И.В.Савицкий атындағы көркем өнер музейинде де болды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF