Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:06:18, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛАЛАРДЫҢ  ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ

Мәмлекетимизде ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен баслап жәмийеттиң айырым тараўларын өз ишине алған сиясий ҳәм экономикалық тийкарғы тәжирийбелер әмелге асырылып, тәлим-тәрбия бағдарында да үлкен өзгерислер көзге тасланбақта.

Елимизде билимлендириў ҳәм тәрбия мәкемелериндеги хызметти шөлкемлестириўши «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам, «Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы»ның қабыл етилиўи перзентлер тәлим-тәрбия­сы, нызамлы ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў барысында ата-аналардың орны ҳәм жуўапкершилиги және де арт­ты.

Мектепке шекемги жастағы балалардың психологиялық өзгешеликлери жүдә қурамалы ҳәм көп итибар қарататуғын дәўир есапланады. Бул дәўирде баланы бир нәрсеге үйретиў ғана емес, ал, онда өз күшине исенимин арт­тырыў, өз идеясын қорғаў, еркин түрде бир қарарға келиў көнликпелерин қәлиплестириў зәрүр.

Әсиресе 5-6 жастағы баланың мектеп тәрбиясына таярлығын анықлаўда,  балалар тәлим тәрбиясы менен шуғылланып атырған тәрбияшылар тийкарғы хызметти атқарады. Баланың мектепке таярлығы, мектепке шекемги ҳәм мектеп дәўириндеги турмыс жағдайы, шараяты ҳәм хызмети ушын көпир ўазыйпасын өтеўи, шаңарақ ямаса бақшадағы тәлим ҳәм тәрбия шараятлары  мектеп билимлендириўине қыйыншылықларсыз өткериўди тәмийинлеў зәрүр екенлигин есапқа алыў лазым. Мектепке шекемги жастағы баланың мектеп тәлимине өтиўи, оның турмыс шараятына қызығыўын ҳәм қарым-қатнасларын да өзгертеди ҳәм жүзеге шығарады. Соның ушын мектепке шекемги жастағы баланы бақшада ямаса үйде мектеп тәрбиясына таярлаў, оны онша қурамалы болмаған билим, түсиник, көнликпе ҳәм тәжирийбелер менен таныс­тырыў керек болады. Баланы өзиниң жасына сай билим бериў менен бирге өмирде ушырасатуғын ҳәр қыйлы унамсыз жағдайлардан өз билимине сүйенген ҳалда қыйыншылықларсыз өтиўине жәрдем береди.

Усы айтылғанларға тийкарланып, балаға мақсетке муўапық педагогикалық тәсир етиў, балалардың психикалық раўажланыўында тийкарғы фактор болып есапланады. Әлбетте, жанлы ҳәм жансыз тәбият, адамлар ҳәм оның мийнети, жәмийетлик турмысы ҳаққында алты жасар бала ушын белгили дәрежедеги билим көлеми, көнликпе ҳәм тәжирийбелери сыпатында негизги объект болыўы керек, бул болса, мектеп турмысына ийкемлесип кетиўине тийкар болады.

Жуўмақлап айтқанда, бул дәўир баланы мектепке оқыўға таярлаў дәўири болып қалмастан, балалардың дүнья таныўындағы жеке ис-ҳәрекет ҳәм минез-қулқындағы унамлы өзгешеликлер, жоқары психикалық жақтан раўажландырыўды талап ететуғын дәўир болып есапланады. Сонлықтан, мектепке шекемги тәрбия мәкемелеринде, әсиресе, шаңарақта баланың мектепке үйренисип, билим алыў көнликпесин раўажландырып барыў ҳәм таярлаў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе.

 

Шахноза Ережепова,

Нөкис қаласы 37-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген

улыўма билим бериў мектебиниң психологы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF