Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:21:37, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОҚЫЎШЫЛАР ЖАҢА МЕКТЕП ҚУШАҒЫНДА

Қоңырат районы орайына жақын жердеги «Әдебият» АПЖ аймағы турғынлары шайыр тәбиятлы, оқымыслы, атайы дийқанлар елаты десек қәтелеспеймиз.

Жер, суўының шараятына қарай шоқ-шоқ аўылларының географиялық жайласыўы алыс аралықларды қураған. Бийғәрез елимизде келешегимиз болған жас өспиримлерге ғамқорлықтың үлгиси ретинде қыс, бәҳәр пасылларындағы суўық, қар, жаўын-шашынлы күнлери қыйналмастан өз үйлеринен кирип-шыққандай оқып билим алыўлары ушын аўыллардан баслаўыш класслы мектеплердиң филиаллары көплеп салынбақта.

Орта билим беретуғын 14-санлы мектептиң бул филиалы буннан ярым әсир бурын салынғаны себепли әбден тозыўы жетип, заман талабына жуўап бермей қалған еди. Быйылғы жылдың ис жобасына 80 оқыўшыға мөлшерленген төрт класс жайы бар, бас­қа да қосымша ханаларға ийе, қурылыс-сметалық нырқы 684 миллион сумлық мектеп қурылысы усы жылдың сентябрь айын­да қызғын пәтлер менен басланған. Республикамыздағы мектеп қурылысы ҳәм балалар бақшасы бойынша қәнигелескен Көбей Ешмуратов басшылық ететуғын жуўапкершилиги шекленген «Мектеп-қурылыс-сервис» жәмәәти қысқа мүддет ишинде сапалы қурып питкерди. Ис басы менен жуўмақлаўшы басқышларының аўыр болғанындай, аўыл ортасындағы заманагөй архитектуралық үлгидеги салынған мектеп имаратын  оқыўшылар менен устазларына сыйлы саўға ретинде тапсырып атырған қолы гүл қурылысшыларға ҳармасын айттық.

­ Усындай жуўапкершиликли қурылыс объектин ҚМУдың қурылыс факультетин өткен жылы питкерип шыққан жас қәнигелер, прораб Шыңғыс Сағыев пенен ис устасы Дәстан Юлдашевларға исенип тапсыр­ған едик, - дейди жәмийет баслығы Көбей Ешмуратов.

­ Олардың жоқары оқыў орнында алған теориялық билимлерин ис жүзинде сынап, тәжирийбе топлаўына мүмкиншиликлер жаратылды. Шыңғыс жәмәәтимизде қурылыс прорабы болып ислеўши әкеси Қайраттың кәсибин таңлағанын мақтаныш етемиз. Ал, ис устасы Дәстан Юлдашев ҳәр қандай тапсырылған жумысты тап-туйнақтай орынлайтуғын искер...

­ Мектеп оқыўшыларына тыянақлы билим бериўдиң алдын­ғы инновациялық усылларынан кеңнен пайдаланып атырмыз, - дейди 14-санлы орта мектептиң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы Санобар Ешбаева.

­Пайдаланыўға берилип атырған мектеп филиалында компьютер, шет тиллерин тереңнен үйрениў класслары менен қатар бас қуралымыз сақланатуғын китапхана, мультмедиа дөгереклерин ашыў жобаластырылған...

Қурылысшы ағаларына шексиз миннетдар болғанлар ана мектебин көз қарашығындай сақлап, ертеңги күнде ел-хал­қына мәпи тийетуғын азаматлар болып ержететуғынына исеним билдиремиз.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF