Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:49:59, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

 ПАРТИЯЛАР ХАЛЫҚ АРАСЫНДА

Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласында гезектеги сай­лаўалды илажы өткерилди. Оған партияның аймақлық Кеңесиниң хызметкерлери, жергиликли Кеңес депутатлары, белсендилери қатнасты.

Онда шығып сөйлегенлер, партияның сайлаўалды бағдарламасы туўралы түсиниклер берип, коррупцияны сапластырыў, суд-ҳуқық системасындағы реформаларды еле де күшейтиў ҳәм халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң бийпул болыўына ерисиўде партия алдында турған ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтти.

Илажда ҳәр қыйлы акциялар, интерактив ойынлар шөлкемлестирилип, өз билими ҳәм шаққанлығын көрсете алғанлар партия­ның естелик саўғалары менен сыйлықланып барылды.

— Бул жерге жыйналған халық партия белсендилери менен тиккелей сәўбетлесип, пикир-усынысларын билдирди,-дейди Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баспасөз хаткери А.Оразымбетова. — Өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажда Арқа-Батыс әскерий округиниң оркестри ҳәм эстрада қосықшылары тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

 Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF