Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:33:29, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИНИҢ ПРОФЕССОРЫНА ҚАЗАҚСТАННЫҢ «БИРЛИК» АЛТЫН МЕДАЛЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры Шамшетдин Абдиназимов миллетлераралық кеңпейилликти беккемлеў, татыўлық ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәдениятты раўажландырыўға қосқан үлеси ушын Қазақстан Республикасының «Бирлик» алтын медалы менен сыйлықланды.

Бул сыйлық усы жылдың 13-14-ноябрь күнлери Қазақстан Республикасының пайтахты Нур-Султан қаласында болып өткен Қазақстан халық ассамблеясы IV Медиа форумында салтанатлы түрде тапсырылды. Илажға Түркия ҳәм Өзбекстаннан халықаралық экспертлер, шолыўшылар, Қазақстан Республикасының депутатлары, министрликлер ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың басшылары, Қазақстан халық ассамблеясы, этно­мәдений ассоциациялар, жаслар қанатының ағзалары, жергиликли ҳәм сырт мәмлекетлердиң ғалаба қуралларының ўәкиллери қатнасты.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF