Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:44:24, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТЕГИ  ҚАБЫЛЛАЎ

Усы жыл 14-ноябрь күни  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Нөкисте өткерилип атырған “International Investment Forum Karakalpakstan” халықаралық инвестициялық форум қатнасыўшысы, Қубла Кореяның «Caris Co Ltd» компаниясының атқарыўшы директоры Ю.Чеолды қабыллаў мәресими болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов  мийманды елимизге сапары менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти, сырт ел инвесторлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў, солай етип, экономикалық потенциалымызды беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Быйылғы жылдың өткен айлары даўамында регионаллық Инвестициялық бағдарлама тийкарында республикамызға улыўма баҳасы 140,3 миллион АҚШ доллары муғдарындағы тиккелей сырт ел инвестициялары тартылды. Бунда Қубла Корея менен түрли тараўларда байланысларымыз жылдан жыл­ға раўажланып бармақта. Нөкис қаласында еки күн даўамында өткерилип атырған халықаралық инвестициялық форум бул байланысларымызды буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Өз гезегинде мийман жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын миннетдаршылық билдирип, сырт елли инвесторларға жаратылған шараятларға жоқары баҳа берди. Сонлықтанда бирге ислесиўге тилек билдириўши инвесторлардың саны артып бармақта. Соның ишинде, Қубла Кореяда жетекши компаниялардың бири болған «Caris Co Ltd» Беруний районында улыўма баҳасы 110 миллион АҚШ доллары болған цемент заводын қурыўды режелестирмекте. 

Қабыллаўда  келешекте инвестицияларды алып келиў ҳәм бирге ислесиўди буннан былай раўажландырыў бо­йынша өз-ара пикир алысыўлар болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF