Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:25:29, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН  РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЛАРЫ  БАСЛЫҚЛАРЫ ЖӘМИЙЕТШИЛИККЕ  МӘЛИМЛЕМЕ  БЕРДИ

Елимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы реформалардың мазмун-мәнисин, мақсети инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери, олардың нызамлы мәплерин нәтийжели қор­ғаўдың ең әҳмийетли кепиллиги сыпатында суд ҳәки­миятының абырайын және де беккемлеў, судлардың ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў, оны ҳақыйқый әдиллик қорғанына айландырыў, күшли пуқаралық жәмийетин пайда етиўдеги орны ҳәм ролин күшейттириўден ибарат.

Президентимиздиң 2018-жыл 13-июльдеги «Суд-ҳуқық системасын және де жетилистириў ҳәм суд ҳәкимияты уйымларына исенимди асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәр тәреплеме пуқта ҳәм терең ойланған идеяларға тийкарланып, система абырайын асырыў, судларды қәниге­лестириў менен бирге халық, оның тәғдири, ҳуқық ҳәм мәплерин нызамлы қорғаўдың жоқары көриниси болды.

Пәрманға муўапық, судлар искерлиги ҳаққында жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларын хабардар етиў мақсетинде ҳәр шеректе Қарақалпақстан Республикасы судлары баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары тәрепинен пресс-конференция өткизиў жолға қо­йылды.

Пәрманның орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилген ис-илажда Қарақалпақстан Республикасындағы суд баслықлары тәрепинен усы жылдың үшинши шереги жуўмағы бойынша әдил судлаўды әмелге асырыў барысындағы искерлиги жүзесинен мәлимлеме берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бо­йынша суды баслығы Гүлнара Базарбаеваның мәлим етиўинше, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды ҳәм ра­йон, қала судлары тәрепинен есабат дәўиринде 912 (1.313) шахсқа қарата 744 (1.044) жынаят иси көрип тамамланып, өткен жылдың усындай ўақтына салыстырмалы шахслар бойынша 30,5 процентке, ислер бо­йынша 28,7 процентке кемейген.

Көрип тамамланған ислерден судланған шахслар саны 567 (832) ни қурап, бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 31,8 процентке кемейген.

Көрилген ислер бойынша Жаслар аўқамы тәрепинен 7 кепиллик хаты, мәҳәлле пуқаралар жыйыны тәрепинен 28 ҳәм Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен 10 кепиллик хатлары тийкарында судланғанларға еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалар қолланылған яки оларға минез-қулқын өзгертиў ушын имкан берилип, шәртли сынақ мүддетлери белгиленген.

Жынаятшылықтың алдын алыў, көбейип атырған жынаятшылыққа қарсы гүресиў искерлигин еле де жеделлестириў, ислерди дәслепки тергеў дәўиринде ҳәм судта көриўде жиберилип атырған кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм келешекте болдырмаў мақсетинде суд әмелиятын үйрениў ҳәм анализлеў жүзесинен 25 (9) улыўмаластырыўлар суд жумысы тараўлары ҳәм де жынаят ислердиң категориялары бо­йынша өткизилди. Нәтийжеде анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде тийисли мәмлекетлик мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге 22 (5) усыныслар киргизилди. Сондай-ақ, өткизилген улыўмаластырыўлар барлық судлар хызметкерлери қатнасында додаланып, тийисли илажлар көрилди.

Судлар тәрепинен жынаят ислерди көшпели суд мәжилислеринде жәмийетшилик қатнасында талқылаў арқалы халықтың кең қатламына тәрбиялық тәсир көрсетиўге ҳәм сол арқалы ислениўи мүмкин болған жынаяттың алдын алыў жумыслары жеделлестирилмекте.

Атап айтқанда, судлар тәрепинен 46,3 процентти қураған 345 жынаят иси көшпели суд мәжилислеринде көрилип, соннан 34 көшпели суд мәжилислери ғалаба хабар қураллары арқалы сәўлелендирилип, кең жәмийетшилик итибарына жеткерилген.

Сондай-ақ, судлар тәрепинен жынаяттың түп себеплери ҳәм оны келтирип шығарған барлық шәрт-шараятларын үйренип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде судта көрилген ислердиң 70 процентин қураған 520 ис бо­йынша айрықша уйғарыўлар шығарып, кең жәмийетшиликтиң итибарын нызам бузылыўы ҳәм оның жүзеге келиўи себеплерине қаратып, оларға қарсы гүресиўге қосыў жумыслары әмелге асырылған.

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бо­йынша судлары тәрепинен кәрхана, мәкеме, шөлкемлер, оқыў орынлары ҳәм  халық арасында 723 (637) мәрте баянатлар менен шығып, ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерип, ғалаба хабар қуралларында улыўма 410 (225), соннан телевидениеде 138 (121), радиода 55 (40) еситтириўлер шөлкемлестирилип, газета ҳәм журналларда 74 (45) мақалалар, веб-сайтларда 143 (19) шығыўлар әмелге асырылғанлығын атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша суды баслығы К.Тариховтың мәлим етиўинше, усы жылдың үшинши шереги жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша суды ҳәм районлараралық (район) судлары тәрепинен жәми 6.987 (2018-жылда — 8.034) пуқаралық ислер болған. Өткен жылға салыстырғанда бул көрсеткиш 1.047 иске кемейген.

Тамамланған 1.972 пуқаралық ис көшпели суд мәжилислеринде көрилген болып, бул жәми көрилген пуқаралық ислердиң 37,2 процентин қурайды.

Суд буйрығын шығарыў ҳаққындағы арзаларға тийкар жәми 3.229 суд  буйрығы  шығарылған (2018-жылда — 7.596). Бундай формадағы арзалар да өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 4.367 суд буйрығына кемейген.

Усы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша ра­йонлараралық (районлық) судлары тәрепинен көрилген 4.235 пуқаралық ислеринен 263 ис, яки 6,2 проценти апелляция инстанциясында, 148 ис яки 3,5 проценти кассация инстанциясы судында көрилген.

Усы дәўирде суд тәрепинен 145 ушырасыўлар, ғалаба хабар қуралларында 75 шығыўлар әмелге асырыл­ған.

Мәмлекетимизде судлар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың нызам менен қорғалатуғын ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, социаллық әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў барысында нәтийжели ислер әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды баслығы А.Адиловтың мәлим етиўинше, 2019-жылдың үшинши шерегинде Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды ҳәм район (қала) ҳәкимшилик судлары тәрепинен 2019-жылдың 9 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық­ларын қорғаў ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бо­йынша бирқанша ислер әмелге асырылды. 

Атап айтқанда, 2019-жылдың 9 айы даўамында улыўма 17.084 шахстың қарсысына 15.051 ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ҳаққындағы ислер көрип тамамланды.

Соның ишинде 11.114 шахстың қарсысына 9.965 ҳәкимшилик ис бойынша ҳуқықбузыўшыларға жаза қолланыў ҳаққында қарарлар шығарылған болса, 5.970 шахстың қарсысындағы 5.086 ҳәкимшилик ис өндиристен қысқартылды.

Ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған шахслардан 9.612 шахсқа жәрийма, 126 шахсқа арнаўлы ҳуқықтан айырыў ҳәм де 1.375 шахсқа ҳәкимшилик қамақ жаза шарасы қолланылды.

2019-жылдың 9 айы даўамында ҳәкимшилик судлары тәрепинен жәми 9.612 ҳәкимшилик ис бойынша 8.588 шахсқа улыўма 8.427.191.891 сум жәрийма жазасы тайынланып, соннан 6.757.434.784 сумы, яғный жәми тайын­ланған жәрийманың 80,1 проценти өндирилди.

Усы дәўир ишинде исбилерменлик пенен шуғылланыўшы 1.042 шахстың қарсысындағы 996 ҳәкимшилик ис көрилип, соннан 457 шахс­тың қарсысындағы 446 ис бойынша ҳәкимшилик жаза тайынлаў ҳаққында қарар шығарылған болса, 585 шахстың қарсысындағы 550 ис өндиристен қысқартылды.

Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды ҳәм ра­йон (қала) ҳәкимшилик судлары тәрепинен 728 ғалаба-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер көрип тамамланған.

Жәми көрип тамамлан­ған ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ҳаққындағы ислердиң 8.889 яғный, барлық көрип питкерилген ислердиң 56,3 проценти көшпели суд мәжилислеринде көрилиўи тәмийинленди.

Соннан, ҳәкимшилик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының қарарлары, ҳәрекетлери  жүзесинен 728 арза көрилген болса, соннан 524 ис бойынша пуқаралардың мүрәжатлары қанаатландырылып, бузылған ҳуқықлары тикленди.

155 ис бойынша усыныл­ған талаплар тийкарсыз бол­ғанлығы себепли арзалар қанаатландырылмастан қалдырылды, 14 ис бойынша даўа көрилместен қалдырылды ҳәм де 35 ис өндирис­тен қысқартылды.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды ҳәм де район (қала) ҳәкимшилик судлары тәрепинен халықтың ҳуқықый мәде­ниятын асырыў, ҳуқық­бузыўшылықтың алдын алыў мақсетинде кәрхана, мәкеме-шөл­кемлерде, оқыў орынлары ҳәм халық арасында улыўма 1.023 мәрте баянатлар исленип, ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилди.

Ғалаба хабар қуралларында улыўма 345 мәрте, соннан телевидениеде 105, радиода 70 еситтириўлер көрсетиў ҳәм шөлкемлестирилип, газета ҳәм журналларда 75, Веб-сайт ҳәм бас­қа да ғалаба хабар қуралларында 95 мақалалар жәрияланды.

Буннан тысқары, Нөкис қаласында жәмийетлик тәртипти сақлаў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў нәтийжелилигин асырыў бойынша район (қала) судларының түнги нәўбетшилиги шөлкемлестирилди. Усы нәўбетшилик тийкарында Нөкис қаласы аймағында түнги ўақытта жүз берген ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ҳаққындағы ислердиң сол ўақыттың өзинде суд тәрепинен көрип шығылыўы тәмийинленбекте.

2019-жылдың 9 айы даўамында Нөкис қаласы аймағында түнги ўақытта исленген ҳуқықбузарлықлар бо­йынша 168 шахстың қарсысындағы 148 ис сол ўақыттың өзинде, яғный, түнги ўақытта нәўбетши судьялар тәрепинен көрилип, ҳуқық­бузыўшыларға тийисли жаза шаралары қолланылды.

2019-жылдың 9 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды ҳәм район (қала) Ҳәкимшилик судларына физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен жәми 80 мүрәжат келип түсти, соннан 69 мүрәжат үйренип шығылып, мүрәжат ийелерине тийисли тәртипте жуўаплар берилди, 11 мүрәжат тийислилиги бойынша басқа уйымларға жиберилди.

Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық суды баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Г.Зарипованың мәлимлемеси бойынша, усы жылдың тоғыз айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судлары тәрепинен жәми 5.135 экономикалық ислер көрилген болып, усы ислер бойынша даўагерлер пайдасына 329 млрд. 839 млн. сум өндириў ҳаққында суд қарарлары қабыл етилди.

Республика Экономикалық судлары тәрепинен жәми 3.441 экономикалық ислер көшпели суд мәжилислеринде көрилген болып, бул жәми көрилген даўлы ислердиң 73,8 процентин қурайды.

Киши бизнес субъектлери ҳәм жеке исбилерменлер қатнасында жәми 3.699 ислер көрилип, олар пайдасына 17 млрд. 493 млн. 350 мың сум өндириў ҳаққында қарарлар қабыл етилген.

Соннан дийқан ҳәм фермер хожалықлары қатнасында жәми 1.683 ислер көрип шығылып, олар пайдасына 1 млрд. 299 млн. 870 мың сум өндириў ҳаққында шешиў қарарлары қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судлары тәрепинен 2019-жылдың 9 айы даўамында республика бюджетине 8 млрд. 783 млн. 350 мың сум мәмлекетлик бажы өндириў ҳаққында қарарлар қабылланған болып, өткен жылдың усы дәўири менен салыс­тырылғанда бул көр­сеткиш 5 млрд. 307 млн. 100 мың сумға көбейген.

Ықтыярый төленген мәмлекетлик бажы пулы муғдары 915 млн. 630 мың сумды қурайды.

Сондай-ақ, суд баслықлары пресс-конференцияда қатнасыўшылар ҳәм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен берилген сораўларға толық жуўап бериў менен бирге, жынаятшылық ҳәм хуқықбузарлыққа қарсы гүресиў, «Мениң мәҳәллем-мениң судьям» сүрени тийкарында алып барылып атыр­ған үгит-нәсият жумыслары, сондай-ақ, көшпели суд мәжилислеринде журна­листлердиң қатнасыўын тәми­йинлеў әҳмийети ҳәм орны хаққында айтып өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF