Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:41:38, 16.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘР БИР САЙЛАЎШЫНЫҢ ДАЎЫСЫ ӘҲМИЙЕТКЕ ИЙЕ

Сайлаў — бул ҳәр бир пуқараның конституциялық ҳу­қықы есапланады. Пуқаралардың Конституция ҳәм нызамларда көрсетилген ҳуқық­лары мәмлекет тәрепинен кепилленеди.

Сайлаў нызамшылығын жетилистириў, пуқаралардың сайлаў ҳуқықының кепиллениўин тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы сайлаў нызамшылығында бир қатар жаңалықлар болды.

Атап айтқанда, 2019-жыл 25-июнь күни Өзбекстан Республикасында сайлаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы бирден-бир ҳүжжет — Сайлаў кодекси тастыйықланды. Бурын бул тараўдағы қатнасықлар бир неше нызамлар менен тәртипке салынатуғын еди ҳәм усы Нызамлар Сайлаў кодекси тастыйықланыўы менен өз күшин жойтты.

2019-жыл 4-сентябрь күни cайлаўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Конститу­циясы ҳәм басқа бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизилди.

Алдын Өзбекстан Республикасы Конституциясының 117-статьясында суд тәрепинен қатнасық уқыплылығына ийе емес, деп табылған пуқаралар, сондай-ақ суд ҳүкими менен еркинликтен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайланыўы мүмкин емес ҳәм сайлаўда қатнаспайды деп белгиленген еди.

Киргизилген өзгерислерге муўапық, суд тәрепинен қатнасық уқыплылығына ийе емес деп табылған, сондай-ақ аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят ислегени ушын судтың ҳүкими менен еркинликтен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнаспайды деп белгиленди. Яғный, жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған ҳәм онша аўыр емес жынаятты ислеген шахслар сайлаўшы сыпатында қатнаса алады.

Сайлаў Кодексине муўапық сайлаў күни он сегиз жасқа толған Өзбекстан Республикасы пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе есапланады.

Демек, шет елде жасайтуғын Өзбекстан Республикасы пуқаралары да сайлаўларда қатнасады. Олардың сайлаўлардағы қатнасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен 2019-жыл 22-октябрь күнги 966-санлы қарар менен тастыйықланған «Өзбекстан Республикасының шет мәмлекетлердеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери жанында сайлаў участкаларын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында»ғы режеси менен тәртипке салынады.

Режеге муўапық, шет елде жасайтуғын пуқаралар Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларын сайлайды.

Сырт елдеги сайлаў участкаларында халық депутатлары ўәлаятлық, ра­йонлық ҳәм қалалық Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўлар бойынша даўыс бериў шөлкемлестирилмейди.

Өзбекстанның шет мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанында сайлаў участкалары дүзилиўи мүмкин. Усы участкаларды округке бириктириў ҳаққындағы мәселе Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен шешиледи.

2019-жыл 1-ноябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясының 971-санлы қарары қабыл етилип, сырт ел мәмлекетлеринде дүзилген 53 сайлаў участкасы республикамыздағы 12 сайлаў округине бириктирилди.

2019-жыл 4-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилип, бул нызам Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли кеңес депутатларын сайлаўға таярлық көриў ҳәм өткериў менен байланыслы қатнасықларды тәртипке салады.

Усы жыл 22-декабрь күни болып өтетуғын сайлаўларда сайлаў өткериў ушын Қарақалпақстан Республикасында Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 8, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65 сайлаў округлери ҳәм 622 сайлаў участкалары дүзилген.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала)лық әдиллик бөлимлери тәрепинен халқымызға сайлаў нызамшылығын түсиндириў бойынша илажлар режеси тастыйықланып, республикамыздың барлық аймақларында сайлаўшылар ушын ушырасыў ҳәм семинарлар шөлкемлестирилмекте.

Сондай-ақ, сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар ҳаққында турақлы түрде министрликтиң социаллық тармақлардағы бетлеринде мағлыўматлар жайластырылып келинбекте.

Бундай үгит-нәсият жумысларын алып барыўдан тийкарғы мақсет — ҳәр бир сайлаўшының сайлаў бойынша ҳуқықый билимлерин арттырыўдан ибарат. Себеби, сайлаўда ҳәр бир пуқараның даўысы үлкен әҳмийетке ийе.

Бүгин биз даўыс берген талабан — ертеңги күни бизиң ўәкилимиз сыпатында мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын мүнәсип үлес қосатуғын депутат болыўы лазым.

 

С.Худайбергенов,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF