Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:36:12, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЙРАМҒА САЎҒА

Денсаўлықты сақлаў хызметкерлериниң кәсиплик байрамы алдында академик В.Вахидов атындағы республикалық қәниге­лестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы Нөкис филиалының жаңа имараты реконструкцияланып, пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў минис­три Д.Ходжиев шығып сөйлеп, жыйналғанларды тараў хызметкерлериниң кәсиплик байрамы ҳәм жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен елимизде Денсаўлықты сақлаў тараўын реформалаў, халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, медициналық хызмет көрсетиўдиң заманагөй системасын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Өткен жылдың декабрь айында басланған реконструкция жумыслары  «Инвесстрой Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен сапалы етип питкерилди.  Бул жерде 2 миллиард  700 миллион сумлық жумыс көлеми орынланды. Орай заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Келешекте қосымша  30 орынлық  және бир имарат қурыў режелестирилген.

— Академик В.Вахидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы Нөкис филиалының ашылғанына 23 жыл болған болса, усы күнге шекем өзиниң имаратына ийе емес еди,-дейди медицина илимлериниң докторы, профессор М.Қабулов. — Кәсиплик байрам алдынан заманагөй имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы жәмәәтимиз ушын әжайып саўға болды.  Бул жерде алдағы ўақытлары жүрек-қан тамыры кеселликлери бойынша қыйын операцияларды ислеў имканиятын береди.

Илаж қатнасыўшылары емлеў орнында жаратылған шараятлар менен танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF