Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:52:57, 06.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ МЕНЕН МИНИСТРЛЕР КЕҢЕСИНИҢ МЕДИЦИНА

ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНЕ БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Ҳүрметли шыпакерлер ҳәм медицина тараўы хызметкерлери!

Бәршеңизди ҳәр жылы елимизде кең түрде белгиленип киятырған кәсиплик байрамыңыз — «Медицина хызметкерлери күни» менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлаймыз.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, халқымыз Сизлерди өзлериниң сүйениши ретинде тән алыў менен бирге, жүреклерге үмит, муңлы көзлерге мәдет, сынық кеўиллерге қуўат бағышлайтуғын илаҳий кәсип ийелери сыпатында айрықша қәдирлейди ҳәм ҳүрмет етеди.

Инсан қәдир-қымбатын улығлаў ҳәм оның саламатлығын қорғаў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген елимизде денсаўлықты сақлаў тараўына қаратылып атырған жоқары итибар медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаўда, дүнья медицинасы әмелиятында ерисилген жетискенликлер менен алдын­ғы технологияларды кеңнен енгизиўде, маман кадрлар таярлаўда, мәмлекетлик емес секторды раўажландырыўда, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеўде, халыққа сапалы дәри-дәрмақлар жеткерип бериўде әҳмийетли орын тутпақта.

Бунда әлбетте, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар әҳмийетли Пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилиўи, мәмлекетлик бағдарламалардың ислеп шығылыўы елимизде халықтың саламатлығын, аналықты ҳәм балалықты қорғаўда, медициналық хызметтиң сапасын және де жетилистириўде әҳмийетли саналады.

Тараўда алып барылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде бүгинги күнде бирлемши медициналық-профилактика, тез ҳәм қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, халықаралық шөл­кемлер менен биргеликте үлкен жойбарлар тийкарында аналар ҳәм балалардың саламатлығын беккемлеў, олар арасында ушырасып атырған кеселликлердиң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар жаңа басқышларға көтерилип бармақта.

Соның менен бирге, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў системасын жедел раўажландырыў, халық медицинасы тараўын тәртипке салыў, социаллық жәрдемге мүтәж инсанларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бүгинги күндеги ең әҳмийетли ўазыйпалардан болып табылады.

Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, елимизде ҳәр жыл са­йын медицина тараўының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлери ҳәм халқымыз ушын қолайлы шараятлар жаратып бериў мәмлекетимиздиң дыққат-итибарында турған тийкарғы мәселелерден саналады. Мине, быйылғы жылдың өзинде инвестиция бағдарламасына муўапық 12 денсаўлықты сақлаў объектинде 61 миллиард сумлық, ал, жергиликли бюджет есабынан 34 объектте 32 миллиард сумлық қурылыс ҳәм ири оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Соның ишинде Нөкис қаласы, Мойнақ, Қанлыкөл, Елликқала ҳәм Нөкис районларында 7 денсаўлықты сақлаў объекти жаңадан қурылып, пайдаланыўға берилди. Сондай-ақ, Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының жаңа оқыў бинасында 38 миллиард сумнан аслам қаржы есабынан қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Усылар менен бир қатарда, республикалық емлеў мәкемелерин ҳәм ра­йонлық медицина бирлеспелерин заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў мақсетинде жергиликли бюджет есабынан 12 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылды.

Қалаберсе, ҳәр жыл са­йын тараўдың бир қатар пидайыларына мәмлекетлик сыйлықлардың тапсырылыўы — бул Сизлерге деген айрықша итибар ҳәм ғам­қорлықтың, жоқары исенимниң көриниси саналады.

Буған жуўап ретинде ҳәр бириңиз халқымыздың бийбаҳа байлығы болған инсан саламатлығын қорғаўда, кеселликлерди ерте анықлаўда ҳәм алдын алыўда, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде белсендилик көрсетесизлер, деп беккем исенемиз.

Ҳүрметли медицина тараўы хызметкерлери!

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңыз­ға аманлық, халық ийгилиги жолындағы оғада жуўапкершиликли, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда табыслар тилеймиз!

Қарақалпақстан Республикасы 

Жоқарғы Кеңеси

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңеси  

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF