Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:32:27, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕДИЦИНА: ЖАҢАЛАНЫЎЛАР ҲӘМ ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕР

Халқымыздың медициналық-социаллық қорғалыўын еле де күшейтиў, майыплығы болған шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳәр бир инсанның қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў имканиятын кеңейтиў, илим-пән ҳәм технологияларды раўажландырыў бағдарында алып барылып атыр­ған әҳмийетли илажлар медицинамызды раўажландырыў ҳәм халқымыздың саламатлығын беккемлеўде тийкар болып хызмет етпекте.

Медицина хызметкерлери «Өзбекстан Республикасы медицина хызметкерлериниң кәсиплик байрамын белгилеў ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, быйыл он тоғызыншы мәрте кәсиплик байрам сыпатында белгиленбекте. Байрам мүнәсибети менен тараўға қойылып атырған талаплар, жаңаланыўлар ҳәм жетискенликлер менен жақыннан танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Данияр ХОДЖИЕВты сәўбетке тарттық.  

— Данияр Шамуратович, кәсиплик байрамыңыз қутлы болсын. Пурсаттан пайдаланып, бүгин Сиз басшылық етип атырған республикамыз денсаўлықты сақлаў тараўында тилге тийек етип атқандай раўажланыўлардан азы-кем сөз басласақ...

— Рахмет. Бүгин жанажан Ўатанымыз миллий раўажланыўының жаңа басқышына қәдем қойды. Халқымыз пәраўанлығын тәмийинлеў, адамларды разы етиў — реформалардың баслы мақсетине айланды. Президентимиз  Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ислеп шығылған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бо­йынша Ҳәрекетлер Стратегиясы тийкарында жәмийеттиң барлық тараўы, атап айтқанда, медициналық-социаллық тараўды сапа жағынан және де жетилистириўге кирисилди.

Соңғы еки-үш жылдың ишинде денсаўлықты сақлаў тараўына тийисли бир қанша әҳмийетли норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Оларда белгиленген ўазыйпалар избе-изликте әмелге асырылып келинбекте. Нәтийжеде медицина тараўында түпкиликли өзгерислер жүзеге келмекте.

Ең дәслеп, тараўда басқарыў ҳәм шөлкемлестириў ислери жетилистирилди. Денсаўлықты сақлаў министрлиги, оның аймақлық структуралары хызметинде ис жүргизиў ҳәм басқарыўдың заманагөй усыллары енгизилди. Буннан тысқары, бирлемши медициналық-санитария буўыны хызмети дәўир талабына сәйкеслендирилди. Нәтийжесиз ислеп атырған аўыллық шыпакерлик пунктлери орнына аўыллық шаңарақлық поликлиникалары шөлкемлестирилип, олар қасында «Тез жәрдем» шақапшалары ашылды. Усы поликлиникаларда улыўма әмелият шыпакерлери менен бирге терапевт, педиатр, стоматолог, гинеколог шыпакерлер халқымызға медициналық хызмет көрсетпекте.

Бүгинги күнде республикамызда 38 емлеўхана, 145 амбу­латория-поликлиника мәкемелери, соннан, 35 аўыллық-шыпакерлик пунктлери, 70 аўыллық шаңарақлық поликлиникалары ҳәм басқа да емлеў-профилак­тикалық мәкемелери бар болып, оларда жәми 4243 шыпакер ҳәм 17534 орта мағлыўматлы медицина хызметкерлери халқымызға медициналық хызмет көрсетип келмекте.

Кадрлардың таярлық дәрежесин арттырыўға қаратылған илажларды әмелге асырыў бо­йынша системалы жумысларды тәмийинлеў, денсаўлықты сақлаў системасының басшы кадрлар резервин қәлиплестириў бойынша жылдың үшинши шереги даўамында 36 шыпакеримиз билимлерин жетилистирди.

— Бүгин денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атыр­ған жаңаланыўлар ең дәслеп инсан ушын, оның мәпи, турмыс абаданлығын тәмийинлеў ҳәм әлбетте, саламат ана ҳәм саламат перзенттиң жәми­йетке кирип келиўи менен әҳмийетли. Бул бағдардағы жумыслар қалайынша басшылыққа алынған?

 Айтып өтиў керек, ана ҳәм бала саламатлығын сақлаўға байланыслы медициналық-социаллық жойбарлар көлеми де кеңе­йип бармақта. Республикамыздағы ҳаял-қызлардың ҳәм балалардың саламатлығын қорғаў, туўыў жасындағы ҳаяллардың репродуктив саламатлығын жақсылаў, қәлеўсиз жүклиликтиң алдын алыў, халықтың медициналық билимин ҳәм мәдениятын арттырыўға қаратылған илажларды көбейтиў мақсетинде бы­йылғы жылдың өткен 9 айында жәми 492724 фертил жасындағы ҳаяллардан 459563 яғный, 93,3 проценти медициналық тексериўлерден өткерилди.

Туўма ҳәм нәсиллик кеселликлердиң алдын алыў, балалар майыплығын азайтыў, саламат нәсил қалдырыў ҳәм саламат әўладтың дүньяға келиўин тәми­йинлеў мақсетинде  21880 нәрес­телер туўма гипотиреоз, 21080 нәрес­телер фенилкетонурияға тексерилди.

Перинатал дәўирдеги кеселликлер, ўақтынан бурын туўылыў жағдайларының алдын алыў мақсетинде туўыў жасындағы ҳаялларды саўалландырыў, ҳәмиледарларды сапалы антенатал ҳәм перинатал күтим менен қамтылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, туўыў ҳәм балалар мәкемелеринде нәрестелер ҳәм 1 жасқа шекемги балаларға көрсетилип атырған медициналық хызмет ҳәм патронаж жумысларының сапасын жақсылаў жолға қойылды. Қәўипли топарға кириўши нәрестелердиң күтими бойынша ата-аналар менен түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Ҳәмиледар ҳәм балалардың рационал аўқатланыўы бойынша усыныслар берилмекте.

Республикада 9 майыплығы болған балалар Ташкент қаласындағы майыпларды реабилитация етиў ҳәм протезлеў миллий орайында ҳәр қыйлы реабилитация илажларын өтеп қайтты. Және де усы тайпадағы 108 бала Нөкис районындағы ма­йыпларды реабилитация етиў ҳәм протезлеў орайында емленди. Диспансерлик бақлаўда турған наўқас балаларды кеселликлер структурасы бойынша санаторий-курортларда емлениўи жол­ға қойылды. Атап айтқанда, бы­йылғы жылдың усы күнине шекем Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги терапия ҳәм медицина реабилитация қәнигелестирилген илимий-әмелий орайында 42 бала саўалландырылды.

— ­Мәлим болғанындай, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен орынларда халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўде мәмлекетлик мәкемелер менен бирге жеке меншик сектордың раўажланыўы саламат бәсекиниң жүзеге келиўи, халықтың медициналық хызметти таңлаў имканиятын жаратыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли талапларының бири. Жаңаланыўлар тараўда өз көринисин қалайынша таппақта?

— Ҳақыйқатында да, Президентимиздиң айрықша айтып өткениндей, халықтың медициналық хызметке болған зәрүрлиги ҳәм талабын толық қанаатландырыў ушын тараўда бәсеки орталығын күшейтиў, илим-пән ҳәм технологиялардың жетискенликлерин әмелиятқа кеңнен енгизиў әҳмийетли болып табылады. Кейинги жылларда жеке меншик медицинаның раўажланыўына қаратылып атырған айрықша итибар бул бағдарда шешимин күтип турған ўазыйпалардың орынланыўы ушын салмақлы қәдем болмақта. Денсаўлықты сақлаў тараўын реформалаў бойынша қабыл етилген ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлердиң онға жақыны мине усы жөнелиске тийисли болып, олар тийкарында жеке меншик медицинаның раўажланыўы ушын жаңа имканиятлар есиги ашылды. Яғный, медициналық хызметке лицензия алыў ушын төленетуғын мәмлекетлик бажы кемейди, жеке меншик медицина шөлкемлери шуғылланыўы мүмкин болған қәнигеликлер 50 ден 126 ға көбейди. Усы жөнелисте хызмет алып барыўшы исбилерменлерге бир қатар салық ҳәм финанслық жеңилликлер берилди. Буның нәтийжесинде жеке меншик клиникалар саны көбейип, халыққа заманагөй технологиялар тийкарында медициналық диагностика ҳәм емлеў жәрдемин көрсетиў нәтийжелери жоқары басқышқа көтерилип атыр.

Республикамызда 39, соннан 19ы жаңадан, 20сы хызмет түрлерин кеңейтиў есабынан жаңа жеке меншик медицина мәкемелери ашылды. Өткен 2016-жылда республикада 3 стационар жеке меншик медицина мәкемеси бар болған болса, оннан екеўи Тақыятас қаласында шөлкемлестирилген еди. 2018-жылда олардың саны сегизге жетти. Стационар шараятындағы жеке меншик медицина мәкемеси болмаған Нөкис қаласында 2  ҳәм Әмиўдәрья районында 2, Шымбай районында 1 стационар шараятындағы жеке меншик медицина мәкемеси шөлкемлестирилди.

Ал, быйылғы жылы болса, республикамыздағы жеке меншик медицина мәкемелери 195 ке жетти.

— Бәршемиз жақсы билемиз, ҳәр қандай кеселликти емлегеннен көре оның алдын алған абзал. Солай екен, халықты медициналық тексериўлерден өткериў  ҳәм сырт мәмлекетлер менен бул бағдарда бирге ислесиў барысы ҳәм нәтийжелерине тоқталсаңыз?

— Ташкент қаласындағы орайлық медицина орайларынан ҳәм сырт ел мәмлекетлериниң жетик қәнигелеринен жәми 120 дан аслам тәжирийбели шыпакерлер республикамызда 8 мыңнан артық халқымызды медициналық тексериўлерден өткерип, 79 жоқары технологиялы операциялар исленди.

Өткен жылы республика­мызға жәми 20 түрк қәнигелери (ТИКА) тәрепинен 100 ден аслам наўқасларға жоқары технологиялық заманагөй хирургиялық емлер көрсетилди. Олар тәрепинен жергиликли қәнигелер ушын шеберлик сабақлары өтилип, улыўма 328 наўқаслар медициналық тексериўлерден өтти.

Ҳиндстан мәмлекетиндеги «MAXHEALHCARE» клиникасының 5 қәнигеси тәрепинен халықты медициналық тексериўден өткериў ушын Нөкис қаласындағы «Нөкис тиббий диаг­ностика» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине келип, бийпул 244 пуқараны қабыллады.

Қубла Корея Республикасының «Эвергрин Моторс» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң 32 қәнигеси тәрепинен 2456 пуқара қабылланып, өзлери менен алып келинген 73 атамадағы дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар наўқасларға тарқатылды.

Қубла Кореяның «Friends» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң Қубла Кореялы бет-жақ хирурглери тәрепинен Ким Менг Дин басшылығында бет-жақ хирургиясы, стоматологлар тәрепинен 44 балаға бийғәрез хирургиялық операциялар исленди.

Қубла Кореяның «Siloam Center for the blind» халықаралық шөлкеминиң офтальмолог шыпакерлери тәрепинен көз кеселликлери бар 45 пуқара медициналық тексериўлерден өтип, 6 пуқараға жоқары технологиялы хирургиялық әмелият өткерилип, шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди.

Быйылғы жылы республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларының 182 жетекши қәнигелери тәрепинен аймақлық қәнигелестирилген медицина мәкемелери, көп тармақлы медицина орайлары ҳәм қалалық, районлық медицина бирлеспелеринде 3823 пуқара медициналық тексериўлерден өтип, соннан 80 хирургиялық операциялар, 31 жоқары технологиялы опера­циялар сәтли исленди.

— Бүгинги күнде республикамызда қурылыс ислери қызғын пәтлер менен алып барылмақта. Итибарлы тәрепи, мәмлекет бюджетинен денсаўлықты сақлаў тараўын қаржыландырыўға ажыратылып атырған қәрежетлер жылдан-жылға көбеймекте. Инвестиция бағдарламасына муўапық, республикамыз денсаўлықты сақлаў тараўында алып барылып атырған қурылыс ислериниң барысы қай дәрежеде?

— Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген Инвестиция бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде быйылғы жылға республикамызда 11 денсаўлықты сақлаў объектлерин жаңадан қурыў, қайта оңлаў ислери режелестирилди. Қосымша Нөкис районындағы медицина бирлеспесиниң 20 орынлы жуқпалы кеселликлер бөлиминиң имаратын жаңадан қурыў ушын 2 миллиард 613 миллион сум қаржы ажыратылды.

Усы жылдың мәнзилли бағдарламасына киргизилген республикамызда жәми 60 миллиард 994 миллион 700 мың сумлық 12  денсаўлықты сақлаў объектлеринде ҳәм жергиликли бюджет есабынан 25 миллиард 500 миллион сумлық 37 объектте жаңа қурылыс ҳәм қайта оңлаў ислери алып барылды.

Президентимиздиң усы жыл 20-21-август кунлери республикамызға болған сапары даўамында Мойнақ районы ушын айрықша тапсырмалар берилген еди. Соған тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Мойнақ районында жәми 8 денсаўлықты сақлаў объектинде қурылыс, реконс­трукция ҳәм капитал оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын улыўма 14,3 миллиард сум қаржы ажыратылды.

Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелери ҳәм ра­йонлық медицина бирлеспелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў мақсетинде сырт ел кредит ҳәм грант қәрежетлери тийкарында 8 миллиард сумлық жәми 66 түрдеги заманагөй жоқары технологиялы медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

Ҳәзирги дәўирди жаңаланыўлар дәўири десек ҳасла жаңылыспаймыз. Медицина тараўының жоқарыда айтып өткенимдей дәрежеде жаңадан материаллық-техникалық база менен тәми­йинленгенлиги медицина хызметкерлериниң халқымызға көрсететуғын хызметин алдын­ғы жыллардан да жоқары бас­қышларға көтереди, деп исеним билдиремен.

— Сизди ҳәм Сиз арқалы тараў хызметкерлерин кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, халқымыз саламатлығын беккемлеў жолындағы ийгиликли ислериңизде табыслар тилеймиз.

Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет.

 

Сәўбетлескен: 

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF