Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:25:22, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕВРОПАҒА САЯХАТ  ЕТЕДИ

Усы жылдың 31-октябрь 3-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында болып өткен «Халықаралық қәбилетли балалар» фестивалында Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшылары Европаға саяхат етиў имкания­тын беретуғын жолламаны қолға киргизди.

Күшли бәсеки, таңлаў комиссиясының қалыс ҳәм қатаң талапшаңлығы астында өткен таңлаўда «Меҳрибанлық үйи» аяқ ойын дөгерегиниң баслығы Бекзад Сапаров басшылығындағы «Таң ғумшалары» топары миллий аяқ ойын атқарып шығып, гран-при жеңимпазы болған болса, ал, Раъно Карамова жеке аяқ ойын бағдары бойынша биринши орынды ийеледи. Олар арнаўлы диплом менен сыйлықланды.

Мағлыўмат ушын, халықаралық «Талантлар фестивалы» таңлаў-фестивалы 4-6, 7-9, 10-13 ҳәм 14 жастан жоқары болған балалар арасында ҳәр жылы өткериледи. Төрешилер қурамы Россия Федерациясы, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан Республикаларының белгили көркем-өнер ғайраткерлеринен ибарат екенлигин айрықша атап өтиў керек. Итибарлысы, быйылғы жылы кең көлемли ҳәм әҳмийетли халықаралық қәбилетлилер таңлаўы - «Халықаралық қәбилетли балалар» фестивалы Өзбекстан Республикасында өткерилди. Таңлаў-фестивальдың мақсети — балалар дөретиўшилигин раўажландырыў ҳәм кеңнен ен жайдырыў, балалар ҳәм жас өспиримлерден ибарат дөретиўшилик топарларының, вокалшылар ҳәм жеке аяқ ойын атқарыўшыларының атқарыўшылық шеберлигин арттырыў болып табылады.

«Одарённые дети» халықаралық инновациялық жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен өткерилген таңлаўда гран-при жеңимпазы болған топар «Art Sensation» таңлаў-фестивалында қатнасыў имканиятын қолға киргизеди.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF