Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:05:57, 06.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУЎАПКЕРШИЛИКТИ  КҮШЕЙТЕДИ

Ғәрезсизлик жылларында, әсиресе, соңғы пайытларда ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен билимлендириў тараўына, онда мийнет етип атырған пидайы оқытыўшылардың хызметлерин баҳалаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыў жолында қабыл етилип атыр­ған пәрманлар менен қарарлар, басқа да нызам ҳүжжетлери тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар тараў ўәкиллерин, өзлериниң пүткил өмирин жас әўлад тәрбия­сына бағышлаған муғаллим ҳәм устазларымызды айрықша қуўандырып атыр.

Елимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында үзликсиз билимлендириў системасын буннан былай да жетилис­тириў, оқыў орынларын қурыў, реконструкциялаў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тармағын кеңейтиў, улыўма орта билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар турмысқа избе-из енгизилмекте.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў минис­трлиги тәрепинен педагоглардың кәсиплик шеберлигин арттырыў, олардың өз үстинде көбирек ислеўине, излениўине байланыслы бир қатар ағартыўшылық жойбарлар, дөретиўшилик таңлаўлар, пән оқытыўшыларының әнжуманлары өткерилмекте.

Бундай айрықша итибар ҳәм ғамқорлықларға Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма билим бериў мектебиниң педагогикалық жәмәәти де ылайықлы ис пенен жуўап бере отырып, елимиздиң ертеңги ийелери бол­ған келешек әўлад тәрбиясында өзлериниң бар билим ҳәм тәжирийбелерин жумсап хызмет етип атыр десек, асыра айтқан болмаймыз. Мектебимизде оқыўшылардың заман талапларына сай тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Инглис тили, математика, физика, аяқ ойыны, баслаўыш классларда рус тили дөгереклери турақлы ҳәрекет етип, оларға қатнайтуғын оқыўшылар усы пәнлер бойынша өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин турақлы түрде жетилистирип бармақта. Мектеп муғаллимлериниң пидайы хызметлери арқасында оқыўшыларымыз ҳәр қыйлы таңлаўларда, билимлер беллесиўи ҳәм пән олимпиадаларында, спорт жарысларында жоқары көрсеткишлерге ерисип келмекте. Әлбетте, булардың барлығы муғаллимлеримизди қуўандырып ғана қоймастан, олардың өз кәсибине болған жуўапкершиликлериниң күшейиўине тәсирин тийгизеди, деп ойлаймыз.

Алия МЫРЗАНОВА,

Нөкис қалалық ХББне қараслы 18-санлы улыўма билим бериў

мектебиниң инглис тили пәни оқытыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF