Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:14:54, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПИДАЙЫЛЫҚ БАХЫТҚА ЖЕТКЕРЕДИ

Дүньяда кәсип-өнердиң түри көп. Күнделикли турмыста барлығы керек. «Жигитке қырық өнер аз» деп бийкарға айтылмаған. Буның астарында үлкен мағана бар.

Гәп кәсип-өнер ҳаққында барар екен, оның биреўин таңлаў, өмир соқпағына жол салады. Усы кәсиплердиң ишиндеги ең қәстерлисинен бири муғаллимшилик есапланады. Ҳақыйқатында да, муғаллим ­ тамырлары беккем мийўели ағашқа уқсайды. Муғаллим мектеп босағасын атлаған балалардың пәк кеўиллерине жақсылық нурын сеўеди. Кәсибине ықлас ҳәм пидайылық пенен жантасқанда муғаллимлер устаз дәрежесине жетиседи, ел, халық нәзерине түседи.

Жоқарыдағы теңеўимизди Беруний районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 38-санлы мектептиң муғаллими Шавкат Таджибаев ҳаққында келтирсек, ҳасла қәтелеспеймиз. Себеби дейсиз бе? Неге дегенде, Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен ол, «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Шавкат Таджибаевтың он яки қырық емес, тек ғана бир кәсиби бар. Муғаллим кәсибин оғада ардақлайды. Шерек әсирден аслам ўақыттан берли, келешек әўладларға өзбек тили ҳәм әдебияты пәнинен билим берип келиўде. Лекин, спорттың волейбол түриниң шайдасы екенлигинен көпшилик хабардар. Әсиресе, мектептеги волейбол қызлар командасына қарсы күш сынасыўға елимиздеги мен деген командалар ойланыңқырап түседи. Ш.Таджибаев басшылығында 1991-жылы шөлкем­лестирилген волейбол дөгерегинде қаншама қызлар шуғылланбады дейсиз. Оның қол астында команда ағзалары Қарақалпақстан Республикасында мектеп оқыўшы қызлары арасында 25 жылдан берли чемпионлықты қолдан бермей киятыр. Ал, 2016-жылы Жиззақ ўәлая­тында өткерилген мектеп оқыўшы қызлары арасындағы жарыста қарсыласларынан бир текше жоқары секирип чемпионлықты қолға киргизгени тосыннан болмады. Өйткени, тәжирийбели устаздың мектеп жаратқанлығын көпшилик тән алды. Елимиздеги үш басқышлы «Үмит нәўшелери», «Бәркамал әўлад», «Универсиада» спорт жарысларының волейбол түринен қатнасқан шәкиртлери устаздың үмитин ақлады. Бул да үлкен мәртебе. Ҳәзирги күнде, Әжи­нияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында билим алып атырған Б.Шарафатдинова, Л.Шамуратова, И.Ҳажыбаева, С.Ахмаджановалар Қарақалпақстан сайланды командасында мазмунлы ойын көрсетип атырғанлығын мақтаныш етеди. Оның шәкиртлери қоңсы ўәлаятлар командаларында табыслы ойынлар көрсетип атыр.

­ Волейбол ойынының мәнисин, тартымлылығын шақпағанларды жиним жақтырмайды. Керисинше, бул ойынның сыйқыры сонда, миллионларды телевизор алдына «жипсиз» байлайды. Пәл-пәллеп жоқары асырылған топты тордың екинши тәрепине күшли соққы менен қайтып келместей етип жөнелтилиўи тамашагөйлерди бийпарқ қалдырмайды. Пайдалы тәрепи, ойыншыларда шаққанлық, әбжилликти қәлиплестиреди. Өзим 57 жастаман, елеге шекем волейбол ойнайман. Мектебимиздеги дөгерегимизде 35-40 қызлар шуғылланып киятыр. Шараятларымыз жақсы. Мектебимиздеги муғаллим ҳаял-қызлар командасы районымыздағы өткерилип атырған жарысларда табыслы қатнасып келмекте. Негизинде, тийкарғы қәнигелигим өзбек тили ҳәм әдебияты пәни бойынша шәкиртлерим пән олимпиадаларында сыйлы орынларды қолға киргизип келмекте. Лекин, қызығыўшылық бар болса, ҳеш бир күш тоқтата алмас екен. Қулласы, унатқан еки пәннен де табысқа ерискен бахытлы устазбан десем мақтаншақлыққа жатпас. Алдымызда Ташкент қаласында болып өтетуғын мектеп оқыўшылары арасындағы Өзбекстан бириншилигинде сыйлы орынлардың бирин ийелеў нийетинде таярланып атырмыз,-дейди Шавкат Таджибаев.

Волейбол ойынының өзегинде аўызбиршилик баслы орында турады. Команда ағзалары бир-бирин түсинип ойнамаса жеңиске ерисиўден үмитленбесе де болады. Шынығыў пайытында қызлардың топты бир-бирине асырыўдағы шеберлигин көрип, болажақ бириншиликте табысқа ерисиўине исеним түйдик. Себеби, әўмет ҳәрдайым күшлилерге күлип бағады.

 

Қ.РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

Беруний районы.

СҮЎРЕТТЕ: Ш.Таджибаев шәкиртлери арасында.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF