Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:32:59, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЫЛ  ЖЫЛҒА САБАҚ БОЛДЫ

«Бирлешик» АПЖ аймағындағы «Мухит» фермер хожалығы мәмлекетке пахта тапсырыўдың шәртнамалы жобасын кешигип орынласа да, ғорекке сырғыған атызлары енди ашылмаға қарапты.

­ «Дийқандики жылда әрман» дегендей, өткен жылы суўдың там-тарыслығын басымыздан кеширдик. Быйыл болса, ғаўашамыз «еки қулақ» болғанда сел-буршақ урып, көпшилик майданларымыз қайта егилди. Тәбият қырсықлары жүз берип, басларымызға қыйын-қыстаў ис түскенде албырамастан истиң көзин билип мийнет етиўимизге туўра келди, - деген хожалық баслығы Айбек Артықбаевтың сөзлерине ықласлана қулақ түремиз.

­ Жыл жылға сабақ болды. Егинниң қай-қайсы түри де күн санарын есапқа алып, 24 гектар жерге шигит егисин апрель айында байыттық. Ўақыт пенен санаспай мийнет етиўди талап ететуғын ғаўашаның агротехникалық тәрбиясы талап дәрежесинде өткерилди. Жерлерди егиске муқыят таярлаўда механизаторлардан Қуўаныш Сейдуллаев, Айтжан Рәметуллаевлар айрықша белсендилик көрсетти.

Ғаўашаны шербетлеп суўғарыў, жапырағы арқалы азықландырыў, зүрәәтке-зүрәәт қосатуғын шүдигарлаўда хожалық ағзаларынан Жуманазар Рейимбаев пенен Камал Камаловлардың ис-тәжирийбеси басқаларға өрнек болды. Жыйын-терим мапазына пуқта таярлықлар менен киристик. Хожалық ағзаларынан Өтехан Бабаназарова, Гүлназ Салыева ҳәм Тиллахан Әжиевалар мәўсим басынан терген пахтасы 5,5-6 тоннадан асты. Жыйын-терим қатнасыўшыларына атыз басларында қолайлы турмыс шараятлары жаратылып, ыссы аўқат, шай-суўын шөлкемлестирип бердик. Күнделикли терген пахтасының ҳәр килограмына 1200 сумнан мийнет ҳақы иркинишсиз берилгени қызығыўшылық оятпақта.

Район ҳәм республикамыздан жәрдемге келген мийнет жәмәәтлерине айтар алғысымыз шексиз. Атызларымызда жетистирилген бар өнимди сепситпей жыйнап алып, атызларда келеси жылдың таярлық жумыслары қолға алынды. Биринши гезекте жумысты жап-салмаларды қазып тазалаўдан басладық. Бүгинги күнге шекем 3,5 километр узынлықтағы жап-салмаларымыздың суў өткизгишлик уқыбы артты, - дейди хожалық баслығы Айбек Артықбаев гүрриңлесиў барысында.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Шоманай районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF