Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:08:33, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«БИРДЕН-БИР МИЛЛИЙ МИЙНЕТ СИСТЕМАСЫ» УЙЫМЛАРАРАЛЫҚ ПРОГРАММАЛЫҚ-АППАРАТ КОМПЛЕКСИН ЕНГИЗИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде электрон ҳүкиметти раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, соның ишинде, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларын жетилистириў, халықтың мүрәжатларын көрип шығыў процесслериниң ашық-айдынлығын ҳәм оптималласыўын тәмийинлеў, жедел исбилерменликти хошаметлеў, сондай-ақ, инвестициялық климат ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди  кеңейтиў бойынша избе-из илажлар көрилип атырғанын атап өтиў керек.

Соның менен бирге, санлы экономика жетискенликлериниң имканиятлары толық әмелге асырылмай атырған бир қатар тараўлар сақланып қалмақта. Атап айтқанда, социаллық-мийнет тараўында заманагөй мәлимлеме технологиялары жетерли дәрежеде жедел қолланылмай атыр. Ҳәзирги ўақытқа шекем шөлкемлерде кадрлар бо­йынша жумыс жүргизиў тийкарынан қағаз түринде әмелге асырылмақта, бул болса хызметкердиң, әсиресе, пенсия тәмийнатының ҳуқықларын рәсмийлестириўде мийнет стажы анық есапланыўын қыйынластырады, сондай-ақ, халықтың бәнтлиги ҳаққындағы мағлыўматларды надурыс көрсетилиўине шараят жаратады ҳәм ҳәкимшилик басқарыў қәрежетлерин көбейтеди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы ПП-5635-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвес­тициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасына муўапық, сондай-ақ, хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын қорғаўды буннан былай да күшейтиў, социаллық-мийнет тараўына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң 2020-жыл 1-январьдан төмендегилерди тәмийинлеўши «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық-аппарат комплексин (кейинги орынларда — «БММС» УПАК) енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

жумыс бериўшилер ҳәм хызметкерлер арасында мийнет қатнасықларын, соның ишинде, мийнет шәртнамаларын дүзиў, мийнет шәртнамаларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, оларды сапластырыў тәртип-қағыйдаларын дизимнен өткериўди әмелге асырыў;

жумыс бериўшилердиң структурасы (штатлар кестеси), соның ишинде, бар ҳәм жаратылатуғын жумыс орынлары, мийнет шараятлары, мийнетке ҳақы төлеў шәртлери ҳаққындағы электрон мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;

хызметкердиң мийнет стажын есаплаў ҳаққындағы мағлыўматлар, есапланған мийнет ҳақы ҳәм физикалық шахслардың мийнетке ҳақы төлеў көринисиндеги дәраматларына есапланған салықлар, пуқаралардың жеке топланып барылатуғын пенсия қорының есабынан төлемлер ҳаққындағы мәлимлемеге тийкарланған электрон мийнет дәптершесинде физикалық шахслардың мийнет жолы ҳаққындағы мағлыўматларды қәлиплестириў ҳәм жүргизиў;

халықтың бәнтлигин тәмийинлеў тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда муўапықластырыў дәрежесин ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыў ушын мийнет базары көрсеткишлериниң жағдайы ҳәм динамикасы ҳаққындағы мәлимлемелерден ибарат мағлыўматларды уйымлараралық системаластырылған тәризде ҳәм турақлы түрде электрон атамалаўды енгизиў;

хызметкерлер ҳәм жумысшылардың сан ҳәм сапа қурамы, вакансиялар, сондай-ақ, жумысқа жайласыўы ушын талабанларға жумыс бериўшилер тәрепинен қойылатуғын профессионал ҳәм басқа да талаплар ҳаққында автоматластырылған тәризде топланатуғын қалыс, ашық-айдын ҳәм әҳми­йетли мағлыўматларды қәлиплестириў;

мәпдар шөлкемлерге оларға жүкленген ўазыйпа ҳәм функцияларын атқарыў ушын «БММС» УПАКтан зәрүр мағлыўматларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте усыныў;

мийнет ресурсларының, атап айтқанда, мийнет ресурсларының категориялары, жумысқа жарамлы, экономикалық белсенди ҳәм белсенди емес халық қатламлары, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети, Қаржы минис­трлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қоры ҳәм Денсаўлықты сақлаў минис­трлигиниң мағлыўматлары тийкарында пенсия жасындағы жумыс ислеп атырған шахслар ҳәм майыплығы болған шахслар ҳаққында ҳәр күни жаңаланатуғын балансын қәлиплестириў;

мийнет қатнасықлары ҳәм мийнетти қорғаў, жумысқа жайластырыў бағдарламалары бойынша өткерилетуғын тексериўлер, сондай-ақ, жумыс орынларының аттеста­циясы, Мийнетти қорғаў тараўындағы хызмет базарының профессионал қатнасыўшылары бирден-бир реестрине тийисли мағлыўматлардың (мәлимлемелердиң) толық жүргизилиўин экспертизадан өткериў нәтийжелерин мониторинг етиў;

сырт елге ўақтынша мийнет етиўди әмелге асырыў ушын кететуғын пуқараларды онлайн дизимнен өткериў, шөлкемлестириўшилик тәртиптеги мийнет миграциясы ҳаққындағы келисимге тийкарланып Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Сырт­қы мийнет миграциясы агентлигиниң ўәкилханалары ҳәм Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелеринде мийнет миграциясы мәселелери бойынша атташе тәрепинен сырт елде жумысқа орналастырыл­ған пуқаралар ҳаққында мағлыўматлар базасын жаратыў, сондай-ақ, жумыс­қа орналасып атырған мәмлекетте болыў қағыйдалары, мийнет шараятлары, социаллық ҳәм жасаў-турмыс тәмийнаты, сырт елли жумыс бериўшилер менен дүзилетуғын мийнет шәртнамаларының ҳуқықый тәреплери, нызамшылықта нәзерде тутылған финанслық қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында онлайн тәртипте мағлыўматлар усыныў имканияты;

мийнет базарының, аймақлар, жыныс ҳәм жас факторлары, тараўлар ҳәм қәнигеликлердиң кесиминде жумысшы күшине болған талап және усыныстың раўажланыў тенденцияларының прогнозын қәлиплестириў;

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң әмелге асырылған ҳәм әмелге асырылыўы режелестирилип атырған мәлимлеме ресурс­лары менен интеграциялаў;

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине мийнет ҳәм халықтың бәнтлиги тараўларында мәмлекетлик басқарыў бойынша жүкленген функцияларды толық көлемде ҳәм жеделлик пенен әмелге асырыў.

  1. «БММС» УПАК ушын реал ўақыт режиминде мағлыўматлар базасына кириў имканияты усынылатуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ҳәм «Электрон ҳүкимет» системасының уйымлараралық инте­грацияласыў платформасы арқалы уйымлар­аралық электрон байланыс қуралында әмелге асырылатуғын алмасыў мағлыўматлар дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. а) 2020-жыл 1-январьдан баслап жаңа мийнет шәртнамаларын дүзиў, әмелдеги мийнет шәртнамаларына өзгерислер киргизиў, сондай-ақ, оларды сапластырыў жағдайларын «БММС» УПАКта мәжбүрий дизимнен өткериў тәртиби енгизилетуғыны. Онда 2020-жыл 1-январьға шекем дүзилген әмелдеги мийнет шәртнамалары 2020-жыл 1-сентябрьден кешиктирместен «БММС» УПАКта дизимнен өткерилиўи шәрт екенлиги. Мийнет шәртнамаларын «БММС» УПАКта дизимнен өткериў белгиленген тәртипте жумыс бериўши тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

б) 2020-жыл 1-январьдан баслап, дизимнен өткерилетуғын мийнет шәртнамаларындағы мағлыўматлар тийкарында «БММС» УПАКта автоматластырылған тәризде қәлиплестирилетуғын хызметкердиң мийнет жолы ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алатуғын электрон мийнет дәптершеси енгизилетуғыны;

в) Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги «БММС» УПАКтың баланста сақлаўшысы есапланатуғыны;

г) «БММС» УПАКтан пайдаланыў барлық юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын бийпул есапланатуғыны. «БММС» УПАКты ислеп шығыў, бақлап барыў, тәмийинлеў ҳәм жетилистириў Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Бәнтликке жәрдемлесиў мәмлекетлик қоры (кейинги орынларда — Бәнтликке жәрдемлесиў қоры) есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Хызметкерлердиң мийнет стажы, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамына муўапық пенсия тайынлаўда хызметкер тәрепинен әмелге асырылатуғын мийнет жолы дәўирине тийкарланып:

2020-жыл 1-январьдан кейин — «БММС» УПАКта бар мағлыўматлар тийкарында (нызам ҳүжжетлеринде белгиленген айрықша жағдайлардан тысқары);

2020-жыл 1-январьға шекем — «БММС» УПАК енгизилгенге шекем орнатылған тәртипте белгиленсин.

  1. «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық-аппарат комплексин («БММС» УПАК) енгизиў ҳәм оннан пайдаланыў процесслерин муўапықластырыў бойынша уйымлараралық жумысшы топары (кейинги орынларда — Уйымларарлық жумысшы топары) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Төмендегилер Уйымлараралық жумысшы топардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

«БММС» УПАКты ислеп шығыў, енгизиў, пайдаланыў ҳәм раўажландырыў бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын және оның «Электрон ҳүкимет» системасына интеграцияласыўын муўапықластырыў;

«БММС» УПАКты раўажландырыў ҳәм жетилистириў, мийнет қатнасықлары субъектлериниң мәлимлемеге талапларын қанаатландырыў мақсетинде «БММС» УПАК арқалы көрсетилетуғын электрон мәмлекетлик хызметлер дизимин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў;

мийнет қатнасықларын рәсмийлестириўди электрон тәризде және де кеңирек өткериў бойынша шөлкемлестириўшилик илажларды, соның ишинде, «Жол карталарын» ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанында «БММС» УПАКты басқарыў дирекциясы (кейинги орынларда — Дирекция) шөлкемлестирилсин.
  2. Дирекцияға төмендеги тийкарғы ўазыйпалар жүкленсин:

жумыс бериўшилер тәрепинен мийнет шәртнамаларының орнатылған тәртипте дизимнен өткерилиўин мониторинг етиў, мийнет шәртнамаларын дизимнен өткериўде жумыс бериўшилер ҳәм хызметкерлерге техникалық жәрдем көрсетиў, соның ишинде, тийисли мағлыўматларды киргизиў және алыў ушын зәрүр аппарат қуралларын усыныў;

«БММС» УПАКты қолланыў, электрон мийнет дәптершесин қәлиплестириў ҳәм енгизиў, хызметкердиң мийнет стажы дурыс есапланыўын тәмийинлеў процесинде жүзеге келетуғын барлық мәселелер бойынша жумыс бериўшилерге техникалық ҳәм информациялық жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, «БММС» УПАК пайдаланыўшысы есап­ланған пуқараларға мәлимлеме жәрдемин көрсетиў;

«Электрон ҳүкимет»  системасына киретуғын мәлимлеме системалары менен «БММС» УПАК мағлыўматларын алмасыў мәселелери бойынша уйымлараралық бирге ислесиўди жетилистириў;

«БММС» УПАКтан нәтийжели ҳәм исенимли пайдаланыў жумыс бериўшилер ҳәм хызметкерлердиң жеке мағлыўматларының мәлимлеме қәўипсизлигин ҳәм қупыялылығын тәмийинлеў;

енгизилип атырған мийнет шәртнамаларын дизимнен өткериў ҳәм электрон мийнет дәптершелерин жүргизиў тәртибин түсиндирип бериўши, «БММС» УПАКты раўажландырыў ҳәм жетилистириў перспективалары ҳаққында материаллар таярлаў ҳәм ғалаба хабар қуралларында басып шығарыў, телерадиоканалларда арнаўлы телекөрсетиўлер менен радиоеситтириўлер шөлкемлестириў.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги:

ҳәр жылы Бәнтликке жәрдемлесиў қорының қәрежетлер сметасында «БММС» УПАКты тәмийинлеў, раўажландырыў, жетилистириў, нәтийжели ислеп турыўы ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын қаржыларды нәзерде тутсын;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте «БММС» УПАКтың ислеп шығылып атырған Мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң бирден-бир электрон мәлимлеме-таллаў системасы менен интеграцияластырыўды нәзерде тутсын;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте «БММС» УПАКты салық хызмети уйымларының мәлимлеме системалары менен интегра­цияластырыў арқалы хызметкерлердиң мийнет жолы ҳаққында «БММС» УПАКта сәўлелендиретуғын мағлыўматлардың есаплан­ған мийнет ҳақысын жеке есабына алыў орайластырылған электрон реестри мағлыўматлары менен дурыс келиўин талап етиў хаты тийкарында тексериўди (верификациялаўды) турақлы түрде тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Министрлер Кабинети жанындағы Билимленириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Жоқары аттестация комис­сиясы ҳәм республикадағы жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте еки ай мүддетте жоқары мағлыўмат ҳаққындағы дипломлар, илимий дәреже ҳаққындағы ҳүжжетлер, сондай-ақ, сырт ел жоқары билимлендириў мәкемесинен алынған жоқары мағлыўмат ямаса илимий дәреже ҳаққындағы ҳүжжетти тән алыў ҳаққында гүўалықлар берилген физикалық шахслардың электрон мағлыўматлар базасын қәлиплестирсин ҳәм оны «БММС» УПАК пенен интегра­цияластырыўды тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Жоқары аттестация комиссиясы таярланған, бөлистирилген, бузылған ҳәм берилген жоқары мағлыўмат ҳаққындағы дипломлар, илимий дәреже ҳаққындағы ҳүжжетлер, сондай-ақ, сырт ел билимлендириў мәкемесинен алынған жоқары мағлыўмат ямаса илимий дәреже ҳаққындағы ҳүжжетти тән алыў ҳаққында гүўалықлардың бланкалары ҳаққындағы толық мағлыўматты Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигине турақлы түрде киргизип баратуғыны, диплом алған физикалық шахсқа берилген бланка оның жеке идентификация номерине бириктирип қойылатуғыны белгиленсин.
  3. Мийнет шәртнамаларын, әмелдеги мийнет шәртнамаларына өзгерислерди, олардың сапластырылыўын «БММС» УПАКта өз ўақтында дизимнен өткериў, электрон мийнет дәптершесин қәлиплестириў ушын жуўапкершилик жумыс бериўшиге жүкленетуғыны белгилеп қойылсын.
  4. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң физикалық шахсларға ықтыярий түрде өткен дәўирдеги жумысқа орналасқанлық ҳаққындағы мағлыўматларды еркин тәризде «БММС» УПАКта киргизиў ҳуқықын бериў, онда физикалық шахслар ықтыярий түрде киргизген мағлыўматлар Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорының уйымлары тәрепинен мәжбүрий верификацияланыўын (тастыйықланыўын) нәзерде тутыў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.
  5. Жумыс бериўшилер ҳәм физикалық шахсларды толық қамтып алған ҳалда «БММС» УПАКты енгизиўди нәтийжели муўапықластырыў мақ­сетинде:

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң орайлық аппараты Мийнет стандартлары ҳәм мийнетке ҳақы төлеў бас­қармасы басқарыў хызметкерлериниң штатлар саны 16 ға арттырылсын;

Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық бәнтлик бас басқармаларында басқарыў хызметкерлериниң улыўма саны 84 тен ибарат болған мийнет стандартлары ҳәм мийнетке ҳақы төлеў бөлимлери шөлкемлестирилсин.

Жоқарыда көрсетилген улыўма саны 100 ден ибарат басқарыў хызметкерлериниң штатлары район (қала)лық халықтың бәнтлигине жәрдемлесиў орайларындағы кәсиплик қайта оқытыўды шөлкемлестириў секторы қәнигелери лаўазымын 0,5 ставкаға қысқартыў есабынан киргизилетуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң ислеп шығылып атырған жаңа редакциядағы жойбарында усы қарарда келтирилген нормаларды нәзерде тутсын;

бир ай мүддетте Дирекцияның шөлкемлестириў ҳүжжетлерин ҳәм структурасын ислеп шықсын және тастыйықласын;

үш ай мүддетте Дирекцияны, соның ишинде, жоқары маманлықтағы сырт ел қәнигелери ҳәм сырт елдеги жетекши билимлендириў мәкемелерин тамамлаған республикамыз пуқаралары арасынан билим ҳәм көнликпеге ийе профессионал қәнигелер менен толықтырыўды тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрине төмендеги ҳуқықлар берилсин:

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен келисилген ҳалда, Дирекцияның структурасына өзгерислер киргизиў ҳәм хызметкерлердиң шекленген улыўма санын белгилеў, соның ишинде, зәрүр жағдайларда Бәнтликке жәрдемлесиў қорының қаржылары есабынан қосымша штат бирликлерин киргизиў;

мийнет базарындағы ҳақыйқый жағдайды есапқа алған ҳалда Мийнет уйымлары хызметкерлериниң мийнетин хошаметлеў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў қорының бюджеттен тысқары қаржылары есабынан шәртнама тийкарында тар шеңбердеги қәнигелерди Дирекцияда ислеў ушын тартыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен бир­геликте:

еки ҳәпте мүддетте усы қарар талапларын есапқа алған ҳалда «БММС» УПАКты енгизиў ҳәм оның кейин ала  нәтийжели ислеўин тәмийинлеў бойынша шөлкемлестириўшилик илажларды нәзерде тутатуғын Минис­трлер  Кабинетиниң қарар жойбарын;

бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды:

еки ай мүддетте «БММС» УПАК системасында мийнет шәртнамаларын дизимнен өткермегенлиги ҳәм электрон мийнет дәптершесине мағлыўматлар киргизбегенлиги ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте «БММС» УПАКтан пайдалан­ған ҳалда мийнет шәртнамаларын дизимнен өткериў ҳәм мийнет стажының есабын электрон тәризде жүргизиў тәртибин ҳәм енгизилип атырған механизмлердиң абзаллықларын халық ҳәм жумыс бериўшилер арасында турақлы түрде ҳәм ҳәр тәреплеме сәўлелендириўди тәмийинлесин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Ш.Д.Кудбиевке жүкленсин.

 

    Өзбекстан Республикасы  Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

    Ташкент қаласы, 2019-жыл 31-октябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF