Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:28:05, 06.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘДИЛЛИК МИНИСТРЛИГИ ТӘРЕПИНЕН ОРЫНЛАРДА МӘСЛӘҲӘТ КУРСЛАРЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Бүгинги күнде барлық министрлик, мәкеме, шөлкемлерде, оқыў орынларында ҳәм сайлаў участ­каларында қәнигелердиң қатнасыўында «Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы» шеңберинде ушырасыўлар ҳәм семинарлар шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлериниң ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў, оларды жаңадан қабыл етилген нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәниси менен таныстырыў мақсетинде турақлы түрде ҳәр айда мәсләҳәт курслары шөлкемлестирилмекте.

Гезектеги мәсләҳәт курсы Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң Қарақалпақстан Республикалық басқармасында болып өтти.

Министрликтиң қәнигелери қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Сайлаў кодекси, «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы ҳәм «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамлары, мийнет ҳәм сайлаў нызамшылығы бойынша толық түсиниклер берди.

Сондай-ақ, усы күни министрликтиң қәнигелери Нөкис юридикалық колледжинде жайласқан Нөкис қалалық 42-санлы участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларына, колледждиң педагогикалық жәмәәти ҳәм сайлаўларда биринши мәрте қатнасатуғын 18 жасқа толған жасларға Сайлаў кодексиниң мазмун-мәниси бо­йынша ҳуқықый түсиниклер берди.

— Бүгинги күнде халықтың көпшилик бөлеги социаллық тармақлардың пайдаланыўшылары есапланады. Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот»  ҳәм “huqiqiymalimleme”  телеграмм каналлары пуқараларымызға нызамшылығымыздағы өзгерислер ҳәм жаңалықлар туўралы анық мағлыўматларға ийе болыўға жәрдем береди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бас мәсләҳәтшиси А.Отар­баев.

Усы ушырасыў қатнасыўшыларының бул каналларға ағза болыўы тәмийинленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF