Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:53:59, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ШУҚЫРҚАҚ»ТА  БИР  ҚАТАР  СОЦИАЛЛЫҚ ОБЪЕКТЛЕР  ПАЙДАЛАНЫЎҒА  ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 31-октябрь күни Елликқала районындағы «Шуқырқақ» мәкан пуқаралар жыйынында мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң филиалы, емлеў профилактика мәкемесиниң имараты ҳәм монша пайдаланыўға тапсырылды.

Райондағы «Гүлистан» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 17-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң усы аймақтағы 30 балаға мөлшерленген филиа­лының ашылыўында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, район ҳәкими С.Авезов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен республикамыздың ең алыс аймақларында жасаўшы халықтың турмыс шараятларын жақсылаў, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды орынларда шешиў, социаллық инфраструктура объект­лерин қурыў ҳәм оларды халықтың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. 

Атап өтилгениндей, усы жылдың 6-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Нөкис қаласынан 230 километр қашықлықта жайласқан «Шуқырқақ» мәкан пуқаралар жыйынының турғынлары менен ушырасып, олардың машқалалары менен жақыннан танысқан еди. Ушырасыў барысында 130 шаңарақта жети жүзден аслам адам жасайтуғын бул аймақта  жол қурылысы, жер майданын ажыратыў, байланыс хызмети, турақ жай, билимлендириў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, медициналық ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў бойынша машқалалардың бар екенлиги анықланды.

Мине, өткен қысқа ўақыттың ишинде бул жерде бир қатар қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылды. Жаңадан пайдаланыўға тапсырылған мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң филиалында келеси жылы тәрбияланыўшылардың санын елиўге жеткериў режелестирилмекте.

Усы күни 65-санлы аўыллық шаңарақлық поликлиниканың мәкан пуқаралар жы­йыны аймағы турғынларына медициналық хызмет көрсететуғын емлеў профилактикалық мәкемеси қайта оңланып, пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде қәнигели шыпакер, орта буўын медицина хызметкерлери хызмет көрсетпекте. Сондай-ақ, халыққа қыстаўлы медициналық хызмет көрсетиў шақапшасы болып, «Тез жәрдем» автомашинасы менен тәмийинленген.

Усы күни аймақ турғынларына хызмет көрсететуғын монша пайдаланыўға тапсырылды.

Өткен ўақыт аралығында аймақта ишки жолдың 1,3 километринде 561 миллион сумлық оңлаў,  суў тазалаў станциясында реконструкция жумыслары алып барылды ҳәм 1,2 километр суў  тармағы тартылды. Нәтийжеде 78 шаңарақ ишимлик суўы менен тәмийинленди. Соның менен бирге, 33-санлы улыўма билим бериў мектебинде 235 миллион сумлық капитал оңлаў жумысы алып барылды.

«Өзқурылысматериаллары» бирлеспеси тәрепинен қурылыс материаллары алып берилип, район ҳәкимлиги тәрепинен кем тәмийинленген шаңарақлардың турақ жайы шиферланып, усы аймақтан 30 шаңарақтың турақ жайының иши-сырты оңлаў жумыслары алып барылды. «Өзбеказықаўқатсанаатхолдинг» холдинг компаниясы тәрепинен Хошимовлардың шаңарағына үш бөлмели турақ жай қурып берилип атырған болса,  13 кем тәмийинленген шаңараққа улыўма баҳасы 180 миллион сум болған қуяш батареялары орнатып берилди.

Ең алыс аймақтағы бундай ийгиликли ислер даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF