Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:11:05, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАШҚАЛАЛАР БИРГЕЛИКТЕ ШЕШИЛИЎИ КЕРЕК

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде «Транспорт хызметин көрсетиўдеги сапа ҳәм алдағы ўазыйпалар» атамасында баспасөз конференциясы өткерилди. Оны Министрлер Кеңеси Баслығының Баспасөз хаткери Ч.Елмуратов алып барды.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги, Автомобиль жоллары аймақлық басқармасы, Нөкис қалалық абаданластырыў басқармасының жуўапкер басшылары ҳәм қәнигелери қатнасып, республикамыздағы жөнелисли маршруттағы автотранспорт қуралларының бүгинги күндеги жумыслары, жөнелисли маршрутларға лицензия бериў, нызамсыз түрде ҳәрекетленип атырған жөнелисли маршрутларға көрилип атырған шаралар, Нөкис қаласындағы ишки жоллардың сапасы ҳәм жолларды жақсылаў бойынша әмелге асырылып атыр­ған жумыслар, районлараралық жөнелисли маршрутлардың бүгинги күндеги жумысы, оларға лицензия бериў тәртиби ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде республикамызда жолаўшы тасыў менен шуғылланатуғын 415 кәрхана жумыс алып бармақта. Усы кәрхана­ларға 385 автобус, 180 микроавтобус, 4768 жеңил автомобиль (соның ишинде Дамас маркалы жеңил автомобильдиң саны 2419) бириктирилген. Бирақ, ҳәзирги күндеги жәмийетлик транспорт хызметин көрсетиў бағдарындағы жумыслар бойынша пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатлар, сондай-ақ, баспасөз бетлеринде ҳәм интернет тармақларында жәрияланып атырған сын пикирлер үлкен итибар қаратыўды талап етпекте.

Атап өтилгениндей, усы жылдың январь ҳәм октябрь айлары аралығында аймақлық лицензиялаў комиссиясы тәрепинен 135 лицензия бериў бо­йынша қарар қабыл етилген. Усы лицензияларға қосымша 7308 лицензия карточкалары рәсмийлестирилген. Мәмлекетке 4 миллиард 131 миллион 832 мың сум мәмлекетлик бажы пулы өткерилген. Өткерилген рейдлер даўамында 2722 қағыйда бузыў анықланып, 2194 факт бойынша суд уйымлары тәрепинен 831 миллион сум муғдарында жәрийма белгиленген.

Сондай-ақ, баспасөз конферен­циясында Нөкис қаласы, район (қала)лардағы автомобиль жолларының сапасын буннан былай да жақсылаў, жоллардың әтирапларын абаданластырыў бағдарында исленип атырған жумыслар да кеңнен додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Баспасөз конференциясында қатнасып атырған журналистлер транспорт мәселесинде халықты қыйнап аты­рған мәселелер туўралы сораўларына жуўап алды. Айырым мәселелер туўралы пикир-усынысларын билдирип, жағдайды жақсылаўда бирге ислесиў бойынша келисип алынды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF