Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:44:02, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТТИҢ ЖӘНЕ БИР ТҮРИ

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 14-август күнги 672-санлы қарары менен тастыйықланған «Жер асты суўларына қудықларды бураўлаў ушын рухсатнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти» тастыйықланды.

Ендигиден былай юридикалық шахс­лар жер асты суўларына қудықларды бураўлаўда рухсатнама алыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етиўине болады.

Бул регламенттиң мақсети, жер асты суўларына қудықларды бураўлаў жумысын алып барыўға рухсатнама бериў менен байланыслы болған жағдайларды, бураўлаў жумысларын әмелге асырыўды есапқа алыў ҳәм оларды бақлаў жумысын тәртипке салыў, жер асты суў қабатларының сақланыўын тәмийинлеў, биринши гезекте душшы жер асты суўларының нызамсыз пайдаланылыўына жол қоймаў ушын исленип атыр. 

Рухсатнама бураўлаў жумысларын ислеў дәўиринде бир жылдан аспаған мүддетке Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети тәрепинен юридикалық шахсларға олардың мүрәжатына тийкар бериледи. Бул бойынша таярланатуғын ҳүжжетлерди Мәмлекетлик хызметлер орайынан алыўыңызға болады.  Физикалық шахслардан тереңлиги 25 метрге дейин болған қудықларды қазыў ҳәм суткасына көби менен 5 куб метр көлеминдеги жер асты суўларынан жеке мәпи ушын жеке тәртипте алынады ҳәм буған рухсатнама талап етилмейди.

 

О.ӘДИЛБАЕВ,

Қоңырат районы Мәмлекетлик хызметлер орайы мәмлекетлик

дизимнен өткериў ҳәм рухсат бериўши ҳүжжетлерди рәсмийлестириў бөлими бас қәнигеси. 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF