Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:56:40, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН  ШӘРТНАМАЛЫ  РЕЖЕСИН  ОРЫНЛАДЫ

Республикамыздың пахтакешлери быйылғы жылғы пахта тапсырыў бойынша жыллық шәртнамалы режесин 100,54 процентке орынлап, пидәкерлик мийнеттиң үлгисин көрсетти.

Быйылғы жылғы режеге бола республикамыздың  пахтакешлери  мәмлекетке 184  мың 200 тонна пахта тапсырыў режеси белгиленген болып, усы жылдың  26-октябрь күнине жәми 2523 фермер хожалығы өзлерине белгиленген тапсырмаларын 100,54 процентке артығы менен орынлап, 185  мың 195 тонналық бәлент қырман жаратты. Солай етип, республикамыздың азамат пахтакешлери Ферғана ҳәм  Әндижан  ўәлаятларынан кейин үшинши  болып шәртнамалы режесин артығы менен орынлады.

 Дийқан-фермерлердиң бул үлкен табысы негизинде Президентимиздиң басшылығында елимиздиң барлық аймақларындағы сыяқлы Аралбойында да аўыл хожалығын түпкиликли реформалаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығы,  дий­қанларымыздың пидәкерлик мийнети, көп жыллық тәжирийбеси, пахта жыйын-теримин шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша жумыслар буның тийкарғы факторы болды.

Ҳақыйқатында, жыйын-терим мапазы ҳәр қашанғыдан да шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте. Бунда тек фермер хожалықлары ғана емес, ал, кластер кәрханаларының жумысшылары, өзлериниң басламасы менен қосымша дәрамат табыў мақсетиндеги жумыс пенен бәнт болмаған мийнетке жарамлы пуқараларымыз да белсене қатнаспақта. Жыйын-теримге қатнасып атырған теримшилер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, оларды материаллық ҳәм руўхый жақтан хошаметлеп барыўға айрықша итибар қаратылды. Соның менен бирге, алдынғы теримшилердиң ҳәр он күнликтен жеңил автомашиналар, музлатқыш,  телевизор, газ плитасы ҳәм басқа да баҳалы саўғалар менен сыйлықланып барылыўы өзиниң унамлы нәтийжесин берди.

Бүгинги күнге Тақыятас, Әмиўдәрья, Нөкис, Беруний, Қараөзек, Елликқала ҳәм Тахтакөпир районларының пахтакешлери шәртнамалы режесин артығы менен орынлап, республикамыздың қырманына өзлериниң үлеслерин қосты. Қалған районларда да пахта жыйын-терим жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF