Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:04:35, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨРТТИҢ  АЛДЫН  АЛҒАН  ЖАҚСЫ

Усы жылдың өткен 9 айы даўамында өртлердиң алдын алыў бойынша Нөкис қаласы өрт қәўипсизлиги бөлими хызметкерлери тәрепинен профилактика жумысларын еле де жақсылаў мақсетинде республикамызда жүз берген өртлердиң келип шығыў себеплери терең изертленип, жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм аянышлы ўақыялардың алдын алыў бағдарында анық ис-илажлар белгилеп алынды.

Әсиресе, гүз-қыс мәўсимине таярлық көриўде турақ жайлардың ысытыў қазанларының морыларын көзден өткериў, жағыўдан алдын тазалаў кереклигин пуқаралары­мызға үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылды.

Бул илажларды өткериўде бөлимимиз хызметкерлери тәрепинен 111224 шаңарақлардың турақ жайлары тексерилди. Олар­ға өртке қарсы гүресиў бо­йынша жол-жобалар берилип, буклетлер тарқатылды. Сондай-ақ, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын қопал түрде бузған 294 шахс­қа жәрийма салынды. Қала аймағындағы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында 554 ушырасыўлар шөл­кемлестирилди.

Ҳәр бир инспектор өзине бириктирилген секторларда өрт-профилактикасы күни халыққа түсиндириў жумысларын турақлы өткерип келмекте. Үгит-нәсият жумысларын жүргизиўде тексериўлердиң сапалы өткерилиўине, тийкарынан спиртли ишимликлер ишиўге бейимлескенлер, жалғыз баслылар, кекселер, ма­йыплар жасайтуғын турақ жайларға айрықша итибар қаратылмақта.

Усындай профилактика жумысларын жүргизиўимиз пуқараларымыздың тилсиз жаў ­ өрттиң келип шығыўының аза­йыўына еристиреди, деген үмиттемиз.

 Қ.СЕЙТНАЗАРОВ,

Нөкис қалалық ӨҚБ инс­пекторы, лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF