Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:43:16, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛАМАТЛЫҚ ПИДАЙЫСЫ

«Душшы ет аўырмаға бейим» дегениндей, сәл жерде бийтапланып Қанлыкөл районлық медицина бирлеспесиниң терапия бөлимине  стационар емлениўге жатқанымда  шыпакер Разия Шерниязова кирип  келди.

Сәлемлесип болып, қан басымымды өлшеп, жүрек соғыўларымды тыңлады.

- Аға, ең баслысы, сизге тынышлық керек, қан басымыңыз көтерилген, - деди.

 Бир-еки күн өткеннен кейин алған  дәрилерим тәсир етип, денсаўлығым бир қанша жақсылана баслады. Шыпакердиң ханасы ашық екенин көрип ханасына кирдим. 

Ҳәр күни  наўқаслардың  кеселлик тарийхын бир қатар көрип шығып,  өзгерис болмаған бийтапларға  қосымша ем буйыраман.  Күндиз бийтапларды көриў, бөлимниң маш­қалалары менен үйинде жатырған бийтаплардан да хабар  аламан,- деди шыпакер Разия Шерниязова. ­ Бөлимимиз 25 орынлық.   Данышпанның «Мың түрли кеселлик бар ­ денсаўлық биреў ғана» деп айтқанындай, емлениўде  жатырған 25 наў­қастың кеминде 10 түрли  кеселлиги  бар болып, олардың диагнозына қарай ем буйыраман...

Бөлимдеги  тазалық  ҳәр бир наўқастың  кеўлине унайды. Себеби, ол жерде телевизор, суўыт­қыш, өсирилген ҳәр қыйлы гүллер,  дийўалдағы эстетикалық тал­ғамға сай  безеўлер  зейниңди ашып, өзиңди емлеўханада емес санато­рияда жүргендей сезесең. Бундай   емлеўханадағы тәртип-интизам, жақсы  жағдайдың болыўы Разия Шерниязованың  шебер шөлкемлестириўшилик  уқыбы, талапшаңлығынан дерек береди.

 

П.ДӘЎЛЕТМУРАТОВ,

Өзбекстан Журна­листлери  дөретиўшилик аўқамының ағзасы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF