Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:26:10, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЫССЫ  БУЛАҚ»

Халқымызда «Денсаўлық ­ терең байлық» деген даналық сөз бийкарға айтылмаған. Ҳәр биримиз өз денсаўлығымызға итибар берип, имканияты болғанынша жылына берилетуғын мийнет демалысларында Ташкент ҳәм басқа ўәлаятлардағы дем алыс орайларында дем алып қайтамыз.

Себеби, бул жерлердиң ҳаўасы басқаша, таўлардың арасы, тәбияты гөззал, суўлары шыпалы деген түсиникке үйренип қалғанбыз. Дурыс, бул орынлар пайызлы, емлеў мүмкиншиликлери жақсы. Деген менен, өзимиздиң республикамызда да көплеген усындай емлеў орынлары ашылып, халқымыздың денсаўлығын жақсылаў бағдарында жумыс алып бармақта. Соңғы ўақытлары емлениўшилерге сапалы хызмет көрсететуғын, шомылса ыссы суўы, түсемен десе дузы менен қумы бар емлеў орынлары көбейип, бул жерге келип емлениўшилердиң саны күннен күнге көбеймекте. Усындай орынлардың бири, енди ис баслап атырған Шымбай районы «Тазажол» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Ыссы булақ» дем алыў орайы болып есапланады. Бир ўақытлары халқымызға белгили азамат Жумабай аға Мамутов тәрепинен ашылып, халқымызға өз ўақтында жақсы хызмет көрсеткен бул орын дыққаттан шетте қалған. Усындай орынларды халық мәпине хызмет етиўши орынларға айландырыў ушын ҳәзирги күндеги орай басшысы А.Абдуллаев ҳүкиметимиз тәрепинен исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар қарар ҳәм нызамлардан дурыс пайдаланып, қараўсыз қалған санатория имаратын қайта тиклеп иске түсирди.

«Жақсы хабардың қанаты бар» дегендей, тез арада бул емлеў орны ҳаққында көпшилик билип емлениў ушын келе баслады. Бул жерде дем алыўшылар қан басымы, омыртқа-бел буўынларға ванна, массаж ҳәм ҳәр түрли токлар менен емлениў шараятына ийе. Емлениў ушын келгенлерге әлпайым минези, жағымлы сөзлери менен хызмет көрсететуғын мийирбийкелерге ҳәмме миннетдар. Орайдың және бир жетискенлиги соннан ибарат, тәбийғый ыссы суў менен буўын, тамыр кеселликлерин емлеў арқалы да халық арасында белгили болып атыр. Соның ушын болса керек, тек ғана әтираптағы аўыллар, районлардан емес, қоңсылас Хорезм ўәлаятынан да келиўшилер көп. Олар алысқа бармай-ақ өзимизден шыпа тапқанына ырза болып, ҳәм дем алып, ҳәм емленип атыр. Әлбетте, бул жақында ашылған санаторийдиң, «жас шаңарақ» сыяқлы еле де исленетуғын жумыслары баршылық. Солай болса да, қолда бар мүмкиншиликтен пайдаланып халқымыздың денсаўлығын беккемлеўде көзге түсип хызмет көрсетип атыр­ған орай хызметкерлерине көп санлы емлениўшилердиң атынан айтар алғысымыз шексиз. Олардың бул бағдардағы ислери халқымыз ийгилигине хызмет ете бериўиниң тәрепдарымыз.

А.ЮСУПОВА,

Шымбай районы, 57-санлы «Тазажол» сайлаў округинен

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF