Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:23:57, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕҢ ЫЛАЙЫҚЛЫЛАРЫ ТАҢЛАНДЫ

Шайыр өлмейди, арамызда мәңги жасайды. Ҳақыйқат гәп. Себеби, өлмес дөретпелери арқалы халқымыз арасында мәңги жасап, руўхый суўсын киби гезип жүреди. Өзиниң дөретиўшилиги менен халқымыз кеўлинен жай алған белгили шайыр апамыз Зульфия Исраилова ҳүрметине 1999-жыл 10-июньдеги Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманына тийкарланып шөлкемлестирилген Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа бир неше талантлы, қәбилетли қызларымыз ылайықлы болып, бүгинги күни турмысымыздың түрли тараўларында өзлериниң жетискенликлери менен көзге түспекте.

Әлбетте, бул сыйлыққа ылайықлыларды таңлап алыўда үлкен жуўапкершилик жүкленген.

Жақында усы сыйлыққа талабанлар арасынан ең талантлы, қәбилетли қызларды таңлап алыў бойынша Нөкис қалалық басқышы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы академиялық лицейде болып өтти. Таңлаўға илим, жәмийетлик, мәденият, билимлендириў, әдебият, спорт, көркем өнер бағдарлары бойынша 60тан аслам қызлар қатнасты. Олардың ана-Ўатанға сүйиспеншилиги, руўхый жетиклиги, минез-қулқы, айрықша қәбилети, зийреклиги, оқыўдағы жетискенликлери, баслама менен өзин көрсетиўи, илим, билимлендириў, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт таңлаўында, жәмийетлик жумыслардағы айрықшалығы, еркин пикирлеў қәбилетлери сыннан өткерилди ҳәм республикалық басқышқа ең ылайықлылары таңлап алынып, жоллама берилди.

­ Әдебият жөнелиси бойынша төрешилер қурамына үлкен жуўапкершилик жүкленди. Қызлардың қәбилетине, талантына ылайықлы баҳа бериў аңсат кешпеди. Себеби, талантлы, өзлериниң қәбилети менен ажыралып туратуғын қызлар оғада көпшиликти қурайды. Бул, әлбетте, қуўанышлы, - дейди усы жөнелис бойынша төрешилер топары басшысы, белгили шайыр Я.Әжимов.

Әлбетте, жаслардың бүгинги умтылыслары ­ ертеңги келешегимиз. Олар имканиятлардан утымлы пайдаланып, үлкен жетискенликлер арқалы елимиз раўажланыўына үлес қосады.

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF