Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:31:11, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕЛ  НӘЗЕРИНЕ  ТҮСИЎ — БИЙИК  МӘРТЕБЕ

Халқымыздың таптырмайтуғын бир дәстүри бар. Улын үйлендирип, қызын қутлы жерине қондырып той бериўди нийет етсе, ең дәслеп ел нәзериндеги жасыүлкен, ақсақалларға ойласады, пәтиясын алады, нәсиятына сүйенип айтқан сызығынан шықпайды.

Жаңа имараттың қазығы да жасы­үлкенниң пәтиясынан соң қағылады. Буның лийкининиң астында көп мағана жатыр. Себеби, узақ өмир жолын басып өткен, тәғдир сынаўлары, турмыс қыйыншылықларын жеңип, мыс­қаллап абырай жыйнаған, теберик адамлар недәўир тәжирийбеге ийе болады.

Ҳақыйқатында да, ақсақалдың мийрим-шәпәәти көгертеди, ал, нәзери кеседи. Олардың жолын ҳешким кесе алмайды. Шаңарақтағы даў-жәнжел кейин серпиледи, көтерилген даўыслар ақсақалдың төбеси көрингеннен әсте-ақырын семеди, қоңсылардың келиспеўшилиги де нәсияттың күши менен тыныш табады. Тили узынлар тилин, қолы суқлар айбынып өзин тыяды. Аймақта оның орнына саўап ислер қулаш жаяды.

Бир гүрең «Қылшынақ» аўылында тыныш-татыў түтин түтетип отырған шаңарақлар көпшиликти қурайды. Тек аўыл емес, ал, Елликқала районында Джуманазар Артықбаевты танымайтуғынлар шенде-шен. Джуманазар аға ўақтында ат минип, халықтың дәртине жараған азамат. 2013-2016-жыллары «Қылшынақ» МТПне басшылық еткен жыллары аўыл хожалығы тараўында тилге тийек етерликтей табыслар қолға киргизилди. Аттан түссе де еле ел нәзеринде. Аўылласларының тойларын ықшам, дәбдебесиз өткериўге ат салысып жүр. Қаттырақ кеткенлерин жақсы сөзи арқалы кейип, тәртипке шақырады. Аўылда көп миллет ўәкиллериниң аўызбиршиликте жасаўына уйытқы болып жүрген ақсақаллардың бири. Соның ушын да тойларда орны төрде.

Тағы бир унамлы тәрепи, дийқаншылыққа бир ели жақын. «Қылшынақ Абрары» фермер хожалығын дәслепкилер қатарында шөлкемлестирип, «40 центнерши» атанды. Жылдың қалай келиўин алдыннан биледи, турмыслық бақлаўларына таянып, қашан егиў кереклигин айтып, дурыс жолға силтейди. Оның мәсләҳәтине қулақ тутқанлар жыл жуўмағында пәнт жемепти.

«Өсирсең ерке перзентти,

Сақалыңа асылар,

Бийәдепсиз ул болып,

Маңлайға тамға басылар, - деп хал­қымыз бийкарға айтпаған. Джуманазар ағаның болса перзентлеринен кеўли тыныш. Напақаға шыққан күни баласы Улмас Артықбаевты атыз аралатып, «Қылшынақ Абрары» фермер хожалығын жақсы нийетте тапсырды. Тапсырды дегени болмаса, ҳәр күни баласына кеңесин бериўден жалықпайды. Нағыз дийқанның сынағынан сүринбей өткен У.Артықбаев исенимди ақлап киятыр. Жақында Джуманазар аға менен пахта далаларын араладық. Быйыл да фермер хожалығы жылды табыслы жуўмақлапты.

­ Көз тиймесин, Улмас балам исенимимди ақлады. Атайы «40 центнерши»лер менен беллесе алады. Гүзлик бийдай жетистириўди еплеп кетти. Бийдай орақтан босаған атызларға тәкирарий егин егиўди қолға алдық. Бы­йыл да помидор, гүзги қыярдан нобай дәрамат тапқанымызды қоңсы фермерлер көрип, олар да қыймылдап баслады. Жерди бос қойыўға болмайды. Жүзим бизде жақсы өседи. Жақсы нийетте 2 гектар майданға қадаған нәллеримиз быйыл қалмай солқым салды. Ҳәр күни базарға шығарып турмыз. Мазасын татқанлар арнайы бағымыздан әкетип тур. Буның майданын кеңейтиў режемизде бар. Аўылымызға жақын қоңсы фермерлер келип мәсләҳәт алып кетти. Жигитлердиң ықласы бар, гәп сонда. «Абат аўыл» бағдарламасы бойынша «Қылшынақ»та унамлы өзгерислер жүз берип атыр. Жақында «Маҳалла ифтихори» көкирек нышаны менен сыйлықланғаным ҳаққында қуўанышлы хабар келди. Рахмет ел басшыларына. Биз нураныйларға көрсетилип атырған сый-ҳүрмет усындай-ақ болар. Ақсақаллық тонын кийген биз нураныйлар ел-халық, жасларымызға ақыл-нәсият бериўден шаршамаймыз, - дейди Джуманазар Артықбаев салдамлылыққа салып.

Көринип турғанындай, абырайлы ақсақаллардың ел-халық турмысына, тәғдирине унамлы тәсири күтә әҳми­йетли. Ақсақаллық тонын кийген, өзгениң дәртин өз жүрегинен өткеретуғын Д.Артықбаевтай нураныйларымыз алдымызда аман болса, ел-хал­қымыздың келешегинен тәшўишленбесек те болады.

 

Қ.РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

Елликқала районы.

СҮЎРЕТТЕ: Джуманазар Артықбаев. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF