Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:17:07, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕК ТИЛИНИҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ТИЛ СЫПАТЫНДАҒЫ АБЫРАЙЫ ҲӘМ РОЛИН ТҮП-ТИЙКАРЫНАН АРТТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Халқымыздың көп әсирлик мәдений, илимий-ағартыўшылық ҳәм көркем ой-пикири, интеллектуаллық потенциалының жарқын ҳәм бийбаҳа болған өзбек тили дүнья жүзиндеги бай ҳәм ески тиллерден бири болып есапланады.

Өзбекстанда 1989-жыл 21-октябрьде елимиз әсирлер даўамында нийет етип, умтылып ҳәм гүресип келген мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызамының қабыл етилиўи мәмлекеттиң суверенитети ҳәм ғәрезсизлигине қарай тасланған исенимли кәдем еди. Мине усы тарийхый ҳүжжет бойынша өзбек тили беккем ҳуқықый тийкар ҳәм жоқары статусқа ийе болды.

Ғәрезсизлик жылларында ана тилимиз түп мәнисинде мәмлекетлик тилге айланып, халқымызды елимизде еркин ҳәм азат, абадан турмыс қурыў сыяқлы жоқары шеклерге баслайтуғын теңсиз күш сыпатында майданға шықты.

Бүгин Өзбекстанымыз «Миллий тиклениўден — миллий раўажланыўға қарай» деген баслы принцип тийкарында раўажланыўдың жаңа, және де жоқары басқышына көтерилмекте. Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар процесинде мәмлекетлик тилдиң турмысымыздағы орны ҳәм абырайы барған са­йын артып бармақта.

Өзбек тили сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық тараўларда жедел қолланылып, халықаралық минберлерде бәлент жаңламақта. Сырт мәмлекетлерде тилимизге итибар ҳәм оны үйрениўге қызығыўшылық күшеймекте.

Бүгинги глобалласыў дәўиринде ҳәр бир халық, ҳәр бир ғәрезсиз мәмлекет өзиниң миллий мәплерин тәмийинлеў, бул бағдарда дәслеп өзиниң мәдениятын, әзелий қәдириятларын, ана тилин қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў мәселесине айрықша әҳмийет қаратыўы тәбийий болып есапланады.

Өзбек тилиниң халқымыздың жәмийетлик турмысында ҳәм халықаралық көлемдеги абырай-итибарын түп-тийкарынан арттырыў, өнип-өсип киятыр­ған жасларымызды Ўатансүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға садықлық, уллы ата-бабаларымыздың бай мийрасына садықлық руўхында тәрбиялаў, мәмлекетимизде мәмлекетлик тилди толық түрде енгизиўди тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Мәденият министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети, «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм кең жәмийетшиликти өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн — 21-октябрь сәнесин «Өзбек тили байрамы күни» деп жәриялаў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети структурасында хызметкерлердиң улыўма шекленген саны 9 штат бирлигинен ибарат Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти шөлкемлестирилсин ҳәм оның структурасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Төмендегилер Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мәмлекетлик тилди раўажландырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен мониторингти әмелге асырыў, усы тараўда жәми­йетшилик қадағалаўдың нәтийжели түрлерин енгизиў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының мәмлекетлик тилди раўажландырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша жумысын муўапықластырыў;

мәмлекетлик тилдиң әмел етиўине байланыслы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша, сондай-ақ, оны раўажландырыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў бойынша усыныслар таярлаў;

өзбек тилиниң жазба сөзи норма ҳәм қағыйдаларын ислеп шығыў бойынша ҳәм латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесин толық енгизиў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў;

мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў;

мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша бағдарламалар ҳәм «Жол карта»ларын ислеп шығыў, олардың әмелге асырылыўын қадағалаў, сондай-ақ, «Өзбек тили байрамы күнин» белгилеў бойынша жумысларды муўапықластырыў;

илимий тийкарланған жаңа сөз ҳәм атамаларды қолланыўға киргизиў, заманагөй атамалардың өзбекше сыңарларын жаратыў ҳәм бир түрде қолланыўын тәмийинлеў, географиялық ҳәм басқа да топонимикалық объектлерге нызам ҳүжжетлерине муўапық атама бериў бағдарындағы жумысты мониторинг етиў ҳәм муўапықластырыў;

мәмлекетлик тилди раўажландырыўға байланыслы илимий-изертлеў жумысларын қоллап-қуўатлаў, бул тараўда халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

а) үш ай мүддетте:

«Өзбек тил байрамы күнин» белгилеў бойынша нызам жойбарын;

«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын бүгинги күн талапларының көзқарасынан жетилистирген ҳалда оның жаңа редак­циядағы жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин;

б) еки ай мүддетте сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесин терең үйренген ҳалда илимий тийкарланған жаңа сөз ҳәм атамаларды рәсмий түрде қолланыўға киргизиў бойынша Атамалар комиссиясын шөлкемлестириў және оның жумысын тәртипке салыў ҳаққында қарар қабыл етсин;

в) 2020-жыл 1-июньге шекем төмендеги тийкарғы бағдарларды өз ишине алған 2020-жылларда өзбек тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясы ҳәм мәмлекетлик бағдарламасының жойбарларын киргизсин:

мәмлекетимиз жәмийетлик турмысының барлық тараўларында, соның ишинде, мәмлекетлик басқарыў, заманагөй ҳәм инновациялық технологиялар, санаат, банк-финанс системасы, ҳуқықтаныў, дипломатия, әскерий жумыс, медицина ҳәм басқа да тараўларда мәмлекетлик тилдиң имканиятларынан толық ҳәм дурыс пайдаланыўға ерисиў;

билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик тилди үйретиў ҳәм оны билиў дәрежесин баҳалаў сис­темасын буннан былай да жетилистириў, мәмлекетлик тилдиң илим ҳәм тил сыпатындағы абырайын арттырыў;

мәмлекетлик тилдиң тазалығын сақлаў, оны байытып барыў ҳәм халықтың сөйлеў мәдениятын арт­тырыў;

мәмлекетлик тилдиң мәлимлеме ҳәм коммуникация техноло­гиялары, атап айтқанда, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында мүнәсип орын ийелеўди тәмийинлеў, өзбек тилиниң компьютер бағдарламаларын жаратыў;

мәмлекетлик тил қағыйдаларының бузылыўына байланыслы жағдайларды турақлы ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениў, оларды сапластырыўға байланыслы илажларды ислеп шығыў;

мәмлекетимиз аймағында жасап атырған барлық миллет ҳәм халықлар тиллериниң раўажланыўы ушын кең имканиятлар жаратыў, оларға мәмлекетлик тилди үйрениў ушын қолайлы шараятлар жаратып бериў;

мәмлекетлик тилдиң халықаралық көлемдеги орны ҳәм абырайы, оның басқа тиллер менен байланыслар перспективаларын белгилеў, сырт елде жасап атырған ўатанласлар ҳәм өзбек тилин үйрениў тилегинде болған сырт ел пуқаралары ушын өзбек тили сабақлықлары ҳәм электрон бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм оларды кең көлемде тарқатыў, өзбек тилин үйретиў бойынша арнаўлы курсларды шөлкемлестириў.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының баслығы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

        Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

        Ташкент қаласы, 2019-жыл 21-октябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF