Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:21:20, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТОЙ-МЕРЕКЕЛЕРДИ ЫҚШАМ ӨТКЕРИЎ МӘСЕЛЕСИ ДОДАЛАНДЫ

Нөкис қаласында пуқаралардың өзин-өзи бас­қарыў уйымларының бир топар белсендилерине «Маҳалла ифтихори» көкирек белгисин тапсырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты Кенгашларының усы жыл  14-сентябрьдеги «Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлердиң өткерилиўин тәртипке салыў системасын  буннан былайда жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев басқарып барған илажға мәпдар министрликлер, кәрхана ҳәм мәкемелердиң, жәмийетлик шөл­кемлердиң басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының баслықлары менен белсендилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-февральдағы «Мәҳәлле инс­титутын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы пуқаралардың өзин-өзи бас­қарыў уйымларына жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў, олардың жумысын муўапықластырыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети инс­титутлары менен өз-ара бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеўде айрықша әҳми­йетке ийе болды. Президентимиздиң 2017-жыл 13-июльдеги қарары тийкарында пуқаралардың өзин-өзи бас­қарыў уйымларына жүкленген ўазыйпалардың әмелге асырылыўына мүнәсип үлес қосқан инталы пуқараларды ҳәм жәмийетлик структуралардың ўәкиллерин хошаметлеў мақсетинде «Маҳалла ифтихори» көкирек белгиси енгизилген еди. Быйыл­ғы жылы республикамыздан 15 белсенди пуқара усы көкирек белгисине мүнәсип деп табылды. Илажда сыйлықлар өз ийелерине салтанатлы жағдайды тапсырылды.

Күн тәртибиндеги екинши мәселе бойынша Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлердиң өткерилиўин муўапықластырыў бойынша республикалық комиссияның ағзасы, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң  биринши орынбасары Б.Юсупалиев, «Нураный» қоры Қарақалпастан Республикасы бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Шымбай ра­йонлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары Б.Абдуллаев, Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының директоры,  Олий Мажлис Сенатының ағзасы О.Атаниязова шығып сөйлеп, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенат Кенгашларының усы жыл  14-сентябрьдеги «Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлердиң өткерилиўин тәртипке салыў сис­темасын буннан былайда жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәнисине ҳәм оның әҳми­йетине тоқтап өтти.

Той-елдиң ғәзийнеси. Халқымызда «тапқан-тутқаның тойға буйырсын», деген даналық гәп бар. Деген менен соңғы жыллары тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди өткериўде дәбдебепазлық ким озарлық иллетлери орын алмақта. Атап өтилген қарардың тийкарғы мазмуны, той-мерекелеримизди миллий салт-дәстүрлеримизге сай ықшамлы, ысырапгершиликсиз өткериў болып табылады.

Қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде үш бағдар бойынша 20 бәнттен ибарат «Жол картасы» ислеп шығылып, мәпдар минис­трликлер менен уйымларға анық ўазыйпалар белгилеп берилип, орынланыўы қадағалаўға алынды. Қарардың мазмун-мәнисине ҳәм оның әҳмийетин кең жәми­йетшиликке жеткериў бо­йынша жумысшы топар дүзилип, қала ҳәм район­ларға жуўапкерлер бекитилди. Соның менен бирге, қарардың орынланыўын тәми­йинлеў бойынша  алып барылған жумыслар,  бул бағдарда  кең жәмийетшиликтиң пикирин ғалаба хабар қураллары арқалы халыққа жеткериў мақсетинде Медиа-реже ислеп шығылды.

Илажда тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди ықшам, ысырапгершиликсиз өткериў бойынша ти­йисли қарар қабыл етилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF