Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:48:22, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МОЙНАҚҚА ЖӘНЕ ӨМИР ҚАЙТТЫ

Президент Шавкат Мирзиёевтиң кеше Мойнаққа барып, бул жерде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслары менен танысыўы, Қарақалпақстан белсендилери менен ушырасыўда билдирген пикирлери Мойнақ халқына үлкен қуўаныш бағышлады.

Жаңабай ЖҮСИПОВ,

«Нураный» қоры районлық

бөлиминиң баслығы.

— Президентимиз ушырасыўда Аралбойында жасап атыр­ған халықтың саламатлығын қорғаўға буннан былай да үлкен итибар қаратылатуғынын атап өтти. Теңиз шегингеннен берли оның ултанынан көтерилген дузлы шаң адамлардың денсаўлығына унамсыз тәсир етип, кеселликлер көбейип атырған еди. Оның алдын алыў мақсетинде өткен гүз-бәҳәр мәўсиминде Арал теңизиниң қурыған түбине дерлик 500 мың гектар майданға сексеўил егилди. Келеси еки жылда және 700 мың гектарда жасыл қапламалар пайда етиў мөлшерленип атырғаны, бул аймақтың экологиялық жағдайын жақсылаўда және үлкен қәдем болатуғыны атап өтилди.

Мойнақта ишимлик суўы машқала еди. Район халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде 101 километр суў тармағы пайдаланыўға тапсырылды. Оннан районымыз халқының оғада кеўли тоқ.

Мәмлекетимиз басшысы Мойнақта басланған өзгерислер келешекте басқа да районларға енгизилиўин айтқанында, залға жыйналғанлардың барлығы қызғын қоллап-қуўатлады. Жақын жыллар Аралбойына адамлар жаңадан бой тиклеген заманагөй қалаларды көриў, халқымыз турмысына ҳәўес етиў ушын келеди.

Бийбихан УТАМБЕТОВА,

Мойнақ районындағы «Таллы-өзек» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы.

— Алдынлары жасларымыздың баратуғын жери жоқ еди. Қысқа мүддетлерде Мойнақ районында заманагөй амфитеатр, мәденият үйи, «Арал» стадионы, жабық бассейн ҳәм басқа да көплеген имаратлар пайдаланыўға тапсырылғаны жасларымыз ушын оғада үлкен саўға болды.

Әсиресе, районымызда жаңа мектеп, балалар бақшалары қурылғаны ушын ата-аналар Президентимизден миннетдар. Бул адамлардың турмысын жақсылаў, ата-ана­ларға перзентлериниң келешекте жақсы  нийетлерди әмелге асырыўы ушын имканият жаратылып атырғанынан дәрек береди. Жақын жылларда Мойнақтан да чемпионлар, илимде жоқары шеклерди қолға киргизетуғын жаслар жетисип шығатуғынына беккем исенемиз.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар

агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF