Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:06:05, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИНОМ МАДЖИДОВ: «ҚМУ БОЙЫНША ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЫ ТАЯРЛАНАДЫ...»

Бәршемизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мир­зиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, үлкен жойбарлардың орынланыўы менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде усы жылдың 20-21-август күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапар еткен еди.

Сапар даўамында Президентимиз Қарақалпақстандағы барлық тараўлар сыяқлы жоқары билимлендириў системасында да кең көлемли реформаларды жүргизиў, жасларды ўатанға садықлық, руўхый ҳәм физикалық жақтан бәркамал әўладлар етип тәрбиялаў, оларды мәмлекетимизде алып барылып атыр­ған реформаларға белсене қатнасыўы ушын шараятлар жаратып бериў бо­йынша бир қатар тапсырмалар берип өтти.

Мине, усы тапсырмалардың орынланыўы бойынша усы жылдың 22-август күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде илаж шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Маджидов сөзге шығып, Қарақалпақстандағы барлық жоқары оқыў орынларын жаңа басқышқа көтериў, олардың илимий потенциалын арттырыў, жоқары билимлендириў мәкемелеринде илимий-изертлеў жумысларын нәтийжели шөл­кемлестириў, изертлеў нәтийжелерин әмелиятқа кеңнен енгизиў, илимий қолланбаларды коммерцияластырыў, жоқары билимлендириў, илим ҳәм өндиристиң өз-ара беккем интеграциясын тәмийинлеў, илимий-изертлеў жумысларына қәбилетли жасларды кеңнен тартыў және оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жасларды ғәрезсизлик идеяларына садықлық, миллий қәдириятларға ҳүрмет, инсаныйлық ҳәм жоқары идеялар тийкарында Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жат идеялар және идеологиялар­ға қарсы иммунитетти беккемлеў бойынша кең түрде түсиниклер берип өтти.

 Сондай-ақ, министр Президентимиз тәрепинен Қарақалпақ мәмлекетлик университетин еле де раўажландырыў бойынша Президент қарары жойбарын таярлаў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти ҳәм илажға қатнасып атырған барлық факультет деканлары ҳәм кафедра баслықлары, профессор-оқытыўшылардың усыныслары қарар жойбарын қәлиплестириўге тийкар болыўын атап өтти.

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF