Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:21:38, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРА ҚАЛПАҒЫМДЫ ШАЛҚАЙТА КИЙИП, ЖАНЫҢДА БАРАМАН БУЛ УЛЛЫ ЖОЛДА!

Бүгин Өзбекстанда экономика қурамалы инновациялық реформалар жолынан бармақта. Президентимиз ең шетки аймақларда да адамлардың жақсы жасаўы ушын барлық имканиятларды иске қосып атырғаны адамларды шексиз руўхландырмақта.

Мойнақта қысқа ўақыт ишинде — сегиз айда әмелге асырылған мисли көрилмеген дөретиўшилик жумыслары буған айқын мысал болды.

Бүгин Мойнаққа бар­ған адам бул жерди танымайды. Бир ғана Мойнақ қаласындағы өзгерислерди көрип, алыстан усындай заманагөй қала бой тиклеп атырғанына адамның исенгиси келмейди.

Қарақалпақстанда 2018-жылы бюджетке салық түсимлери 1 триллион 100 миллиард сум етип белгиленген болып, бул көрсеткиш артығы менен, яғный 2 триллион сумға орынланды. 2019-жылда бул бағдардағы реже 3 есе, яғный 3 триллион сум етип белгиленген. Демек, быйыл аймақларды раўажландырыў ушын республиканың бюджетине және де көбирек қаржы қалады. Ең баслысы, усы қаржылар аймақты буннан былай да раўажландырыў, адамлардың аўырын жеңил етиў ушын жумсалады.

«Аралға жәрдем бериң!» деп күтип, сонша жылды босқа өткерип жибердик. Президентимиз бул апатшылықты БМШ минберинен дүнья жәмийетшилигине түсиндирди. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен БМШниң қәўендерлигинде Аралбойы регионы ушын көп шериклик тийкарындағы Траст фонды дүзилди. Ендигиден былай усы фонд арқалы регионды раўажландырыўға тилеклес мәмлекетлер көбеймекте.

2019-жылдың кирип келиўин көпшилик басшылар көп санлы ықтыярлы көмекшилер менен теңиздиң қурыған ултанына тигилген қара үйлерде күтип алды. Халқымыздың ықласына бола сол ўақытлары теңиздиң түбинен душшы суў булағы атылып шықты. Демек, адамлардың тилеклерин Жаратқан ийем де еситкен: узақ жыллар бул жерден безигип кеткен қуслар да ушып келе баслады.

Бүгин қарақалпақстанлылар Президентимиздиң дәўжүреклик пенен алып барып атырған дана сиясатынан мың мәрте разы.

Өзбекстан Қаҳарманы, Халық шайыры Ибрайым Юсуповтың ғәрезсизлик ҳаққында жазған төмендеги қосығы халқымыздың бүгинги қуўанышына, арзыў-үмитлерине оғада үнлес:

 

 

 

Өзбекстан — Күншығыстың Шолпаны,

Көп қыйын жоллардан өтерсең асып.

Биният таўып азат инсан әрманы,

Жолыңды жақтыртар ығбал қуяшы.

 

Сениң руўхыңдағы мәртлик, даналық,

Жаңа дәўран жолын таппағы лазым.

Бийик инсанлығың дүнья тән алып,

Жәҳән минберинен шықсын ҳаўазың.

 

«Қутлы қәдемиңе ҳәсанат!» дийип,

Қан-қардаш халықлар қол берип қолға,

Қара қалпағымды шалқайта кийип,

Жаныңда бараман бул уллы жолда!

 

Шарап Уснатдинов.

Қарақалпақстан халық жазыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF