Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:47:53, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲУҚЫҚЫЙ  МӘДЕНИЯТТЫ ҚӘЛИПЛЕСТИРИЎДЕ ТӘРБИЯНЫҢ ОРНЫ

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен өткерилген таңлаўда Қарақалпақстан Республикасы белсенди ҳаял-қызлар ассоциациясы «Жаслардың ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықый мәдениятын қәлиплестириўде билим көнликпелерин оқытыў арқалы хабардарлығын жетилистириўге көмеклесиў» атамасындағы жойбары менен қатнасып, жеңимпаз бол­ған еди.

Ҳәзирги күнде усы жойбар бойынша бир қатар илажлар өткерилип барылмақта. Жойбар бағдарламасында белгиленгениндей, елимизде әмелге асырылып атырған нызам ҳүжжетлерине киргизилип атырған ең соңғы өзгерис ҳәм қосымшалар, әсиресе, ҳаял-қызлар, жаслар ҳуқықлары ҳәм еркинликлери, олардың нызам менен қорғалатуғын мәплерин тәмийинлеў бағдарындағы тийисли тараўлар нызамшылығын кеңнен түсиндирип барыў нәзерде тутылған. Мәселен, 2019-жылдың февралынан июнь айлары аралығында өткерилген семинар-тренинг, сәўбетлер ҳәм ушырасыўларға Нөкис қаласындағы бир неше мәҳәлле белсендилери, ҳаял-қызлар ҳәм ҚМУ жанындағы академиялық лицейде билим алып атырған жаслар да қатнасты. Соны да атап өтиў орынлы, илажларды өткериўден гөзленген баслы мақсетимиз ­ жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықый билимин арттырыў, усы арқалы олардың ҳуқықый мәдения­тын жетилистириў, жәмийет турмысында жүз берип атырған сиясий ҳуқықый процесслер ҳаққында мағлыўматлар бериў арқалы ҳуқықый мәплерин турмыста қоллана алыў көнликпелерин жаратыў болып табылады.

Сәўбет ҳәм ушырасыўларда республикамызға белгили инсанлар менен биргеликте университет басланғыш ҳаял-қызлар комитети, мәҳәлле пуқаралар жыйыны ўәкиллери, профессор оқытыўшылар қатнасып, өзлериниң ис-тәжирийбелери, жаслардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, ойландырып атыр­ған турмыслық ҳәм кәсиплик мәселелер, олардың шешимлери бойынша пикирлер ортаға тасланды. Жойбар бойынша өткерилген илажларда оқытыўдың алдынғы тәжирийбелери ҳәм жаңаша усыллары қолланылып барылды.

Ғайрат НИЗАМАТДИНОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF