Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:17:48, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕЛЛИКҚАЛА ӨЗГЕРИСЛЕР ҚУШАҒЫНДА

Жәзийрама ыссының қызған тандырдың ҳәўириндей лаплаған жаздың күши қайтып, гүзги сағымның сарғыш реңи әтирапты гөззаллыққа бөлемекте. Гүз мәўсими де есик қағыўға шамалап қалды.

Қуўанарлысы, гүздиң туңғыш таңы елимизге байрам шадлығын алып келеди. Байрам демекши, оның ҳақыйқый руўхы, хош кейпияты тек адамлардың жүзинен емес, атызлар, далалар, көкке бой созып атырған зәўлим имаратларды да қуўаныш қойнына толтырады десек асыра айтқан болмаймыз.

Ашық аспан, парахатшылық заманда шақасында гүмистей таўланып жалтыраған, қызлардың өриминдей жарасықлы солқымлы жүзимлер, мийўеси ғарқ питкеннен қәдди бүгилген мийўе ағашлары, шағырайып ашылыўына санаўлы күнлер қалған сепкилли ғөреклер пахта атызларына қарағанның көзин алады, ал, тырнағы беккем қаланған жаңа имаратлар Елликқалада быйылғы ғәрезсизлик байрамы өзгерислер, жаңаланыўлар руўхында күтип алынатуғынлығынан дәрек береди.

Әсирлерге татырлық, қысқа жыллар ишинде жуўсан аңқып, кийик шапқан, шөлистанды гүлзарлыққа айландырған елликқалалылар, аталары жолынан тайсалмай, қәстерли байрамға ылайықлы саўғалы келгенинен жүзлери жарқын, кеўил-кейпияты тетик.

Ўатанға сүйиспеншиликтиң үлгисин көрмекши болғанларды Елликқалаға барыўды мәсләҳәт беремиз.

 

ХАЛЫҚТЫҢ ПӘТИЯСЫН АЛҒАН ИСБИЛЕРМЕН

Бир неше жыллардан берли исбилерменлик пенен шуғылланыўды нийетлеп жүрген Рашид Ходжаев ра­йондағы «Дослық» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан тигиў цехын ашып, ел-халықтың алғысына бөленди. Айтар аўызға аңсат болғаны менен 70тен аслам ҳаял-қызлардың басын бириктириў, оларды заманагөй  тигиў машиналары, керек жарақ пенен тәмийинлеўдиң өзи болмайды. Усы жылдың 1-июнь күни цехта жетпис тигиў машинасында дәслепки буйыртпалар тигилип басланды.

Цехтағы тигиўшилердиң машиналарда тигислерди бир тегис жүргизиўине қарап, қоллары әдеўир ийкемге келип қалғанын байқадық.

— Анам биринши устазым. Материалдан көйлек тигиў сырларын, дәслеп оннан үйрендим. Ҳәтте, материалдың аўысық, керексиз бөлегинде таслатпай қурақ тигиўге жарайтуғынлығынан сабақ берди. Мине ҳәзир, өзим де тигиўди үйренемен деген жасларға устазлық етип атырман,-дейди цех мастери, қызлардың сәрдары А.Қаландарова.

Жумыс баслағанына онша көп болмаса да, жақын-жуўық аймақларға өзлерин таныта алған цехтың тигиўшилери райондағы мектеп оқыўшыларына  формалар, ер ҳәм ҳаял-қызлар ушын трикотаж футболкаларды қарыйдарлардың дийдинен шыққандай етип тигип бермекте. Тигиўшилерге ислегенине қарай ис ҳақы төлениўи, кийим-кеншеклердиң сапалы тигилиўине үлесин қоспақта.

— Берекет тапқыр, Рашидтей исбилерменниң арқасында аўылымызда жумыссызлықтың азайыўына ерисилди. Бул еле басламасы. Цехты кеңейттириў бойынша ойлаған жойбарларымыз жоқ емес. Бәрин айтта, бирин айт дегендей жасларымыздың қуўанғанын айтпайсыз ба? Ҳәр күни шәкиртликке келип атырған қызларымыздың талўасы алға илгерилеўге ийтермелейди,-дейди «Дослық» АПЖ баслығы Шерипбай Бекчанов кеўли толған пишинде.

 

СҮЎРЕТТЕ: 1. Тигиўши Ш.Айтбаева жумыс пайы­тында.

2. Мастер А.Қаландарова ҳәм Х.Бағыбековалар таяр кийимлерди көзден өткермекте.

 

АБАДАНЛАСҚАН МӘКАНҒА БЕРЕКЕТ ДАРЫЙДЫ

Ел-халық хызмети десе тақ турып, қабырғасы қа­йысатуғын ақсақалы бар аўыл-аймақ, гүрлеп раўажланбай, әнейи болсын ба! Район орайындағы «Ташкент» мәкан пуқаралар жыйыны абаданласқан, баў-бақшалы, жынаятшылықтан бас пүткил қутыл­ған, қут-берекет дарыған мәкан.

Даў-жәнжелли мәселелерде төрели сөзи, мәлеллескенлерди мәмилеге келтирерлик  гәпиниң дәйеги бар жыйын баслығы Айбек Ходжаметовты үстимиздеги жылдың май айында болып өткен, «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалын) сайлаўда, мәкан турғынлары көп­шилик даўыс пенен қайта сайлағаны тосыннан болмағаны бүгин өзин ақлап атыр.

— Бизиң мәканымызда 5061 түрли миллет ўәкиллери аўызбиршилик ҳәм дослық қарым-қатнасылығында тыныш-татыў жасап атыр. Быйылғы байрамның бас ураны «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!»-деп жәрияланғаны, ҳәр бир шаңараққа үгит-нәсиятланды. Усы сүренге ылайық болыў ушын абаданластырыў жумыслары қолға алынды. Жаңаланыўларымыздан 4 көшемиз тегисленип, асфальтланыўға таярлап қойылды, сондай-ақ, түнги жақ­тырт­қышлар көшелеримизге сән берип тур. Ең тилге тийерлик ўақыя, келешегимиз ийелери ушын «Ғәрезсизлик заман перзентлери» атлы 120 орын­ға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси пайдала­ныўға тапсырылды. «Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында жумыслар алып барылмақта. Бизиң нийетимиз халқымыздың абадан, қурғын жасаўы жолында жуўырып-жортып хызмет етиў,-дейди «Ташкент» МПЖ баслығы Айбек Ходжаметов.

Ақсақал менен жыйын аймағын аралағанымызда ҳәўли-ҳәремлери мийўе ағашлары, палыз өнимлерине толып турғанлығы бизди тәсийин қалдырды. Ҳақыйқатында да, ташкентлилердиң бүгинги күннен ыразылығы, кеўиллериндеги шадлықтан сезиледи.

СҮЎРЕТТЕ: Жыйын баслығы А.Ходжаметов ҳәм қәниге

З.Худайқулова менен ойласық үстинде.

 

ҲАСЫЛ ЖИПЕК ТАЛАСЫ-ТЕҢСИЗ ОНЫҢ БАҲАСЫ

Жат көзлерден ушығаның қыйқымындай сыр сақланған, жипек таласынан тоқылған таўарлардың баҳасы ат басындай алтын­ға теңелген наўқан қуртының шығысы бизге жетип келген тарийхый мағлыўматларда Қытай мәмлекети деп тән алынады. Лекин, елимизде пиллешилик тараўы, әййемги ҳәм өзиниң көп әсирлик тарийхына ийе, қолай тәбийғый- ықлым шараятлары менен өндириў тараўындағы бай мәдений-тарийхый мийрасты мүнәсип даўам еттириў, пиллешиликти раўажландырыў имканияты асырылмақта.

Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёевтиң 2017-жыл 29-марттағы «Өзбекжипексанаат» ассоциа­циясының жумысын шөл­кемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары буның айқын тастыйығы. Сонлықтан да, жетистирилген пилле өнимин қайта ислеп жипек таласын қайта таярлайтуғын кәрханалар шөлкемлестирилиўине айрықша итибар  қаратылмақта.

Мине усы бағдарда Елликқала районында «Бостан силк» ЖШЖ кәрханасы шөлкемлестирилди.

— Кәрханамызда соңғы таярлық жумыслары алып барылмақта. Үскенелер орнатылды. Цехымыз иске түссе, 80нен аслам адам жумыс пенен тәмийинленеди. Буннан тысқары, мәўсимли жумысқа да қабыллаймыз. Жылына шийки зат пиллени қайта таярлаў арқалы l44 тонна жипек таласын жетистиремиз. Ҳәзирги күнде 20 қыз Хорезм ўәлаятындағы «Хорезм жипеги» кәрханасында қәнигелигин жетилистирип атыр. Олар маман қәниге болып келгеннен кейин өзлери шәкирт таярлайды. Биз шийки зат өнимин Төрткүл ҳәм Елликқала районларындағы пиллекешлерден қабыллап аламыз,-дейди «Бостан силк» ЖШЖ кәрханасының баслығы Баҳадыр Жарқымбаев цех пенен таныстырып жүрип.

Иске түсиўи жақын кәрхананың келешегине шек келтирмеймиз. Себеби, районда жылына үш мәрте ҳасыл жипек жетис­тирип атырған пиллекешлердиң қатары көбейип атырғаны, кәрхананың үзликсиз ислеў имканиятын асырары сөзсиз.

СҮЎРЕТТЕ: Цехтағы үскенелердиң көриниси.

БӘНТБАСАР

«Елде болса, ерниңе тийер» дегендей, райондағы «Думанқала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қазығы қағылған, жаңа Елликқала асфальт заводы иске түссе, республикамыз ҳәм қоңсы Хорезм ўәлаяты аймақларындағы жолларды асфальтлаўға қосентин тийгизери пал ашпай-ақ айқын.

«Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында халықтың ийгилигине хызмет ететуғын имаратлар қурыў, мектеп, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин реконструкциялаў жумысларының жүргизилиўи халықтың мәпин гөзлеўши ғамқорлықтың көриниси. «Еллик»тиң баўыры қандай кең болса, халқының кеўили оннан  да кең!  Ҳәр қашан аўызбиршиликли, кеңесли елдиң иншаалла бахты жатпайды...

Мақалаларды өз хабаршымыз Қонысбай Реймов таярлады.

Автордың  түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF