Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:27:19, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАЙТАХТЫМЫЗДА ЖАҢА КӘРХАНА ИСКЕ ТҮСТИ

Соңғы жыллары республикамызда көплеген өндирис кәрханалары иске қосылып, жаслар ушын жаңа жумыс орынлары жаратылмақта.

Өткен шемби күни пайтахтымызда жаңадан жумыс баслаған «Титан ДСЗ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети өндирис кәрханасының ашылыў мәресими болып өтти. 

Онда Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары П.Худияров, «Ўзэлтехсаноат» ассоциациясы баслығының орынбасары Ж.Жамаловлар сөзге шығып, жыйналғанларды Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы менен қутлықлады. Сондай-ақ, елимизде санаат тараўында жүргизилип атырған кең көлемли жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Президентимиздиң усы жыл 30-май сәнесинде қабыл етилген «Электротехника санаатын буннан былай да раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм тармақтың инвестициялық ҳәм де экспорт потенциалын арттырыў бо­йынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде иске қосылған бул кәрхана тийкарынан халықтың турмыслық техника өнимлерине  болған талабын қанаатландырыў ушын ярым автомат кир жуўыў машинасын ҳәм плас­тик ыдысларды ислеп шығарыўға мөлшерленген. Кәрхананың улыўма баҳасы 1 миллион АҚШ доллары болып, жыллық қуўатлылығы 50 мың дана ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығарады. Бунда тийкарғы шийки зат базасы «Үстирт газ-химия комплекси»нен алып келинеди ҳәм қайта таярланады.

— Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Ўзэлтехсаноат» ассоциациясы менен биргеликте өндирис кәрханасын жол­ға қойдық, - дейди кәрхана директоры Сулайман Убайдуллаев. — Заводқа Қытай мәмлекетинен алып келинген заманагөй үскенелер орнатылып, бүгин дәслепки өнимимизди ислеп шығара басладық. Сондай-ақ, кәрхананың иске қосылыўы нәтийжесинде 30 адамның бәнтлиги тәмийинленди. Олардың көпшилигин колледж питкериўшилери қурайды. Қуда қәлесе, өз өнимлеримиз бенен ишки базарды толтырыў менен бирге, алдағы ўақытлары сырт еллерге экспорт етиўди де жобаластырып отырмыз...

— Бул өндирис кәрханасының ашылыўы биз жаслар ушын үлкен мақтаныш болды, - дейди оператор Бердимурат Тилеўмуратов. ­— Жумыс өнимдарлығын арттырыўда өндирис технологиясын қытайлы қәнигениң көрсетпеси бойынша жүргизип атырмыз. Соңғы заманагөй технологиялар жәрдеминде таярланған өнимлеримизди халқымызға жеткерип бериўде аянбай мийнет ете беремен...

Әлбетте, бундай заманагөй кәрханалардың иске қосылыўы елимиз экономикасының еле де беккемлениўине, жаңа жумыс орынларының жаратылыўына, ең тийкарғысы, ғәрезсиз елимиздиң гүллеп-раўажланыўына хызмет ете береди.

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ:кәрхананың ашылыў мәресиминен көринислер.

Автордың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF