Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:39:26, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАҚСЕТ — КЕСЕЛЛИККЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎДИ ЖЕТИЛИСТИРИЎ

Президентимиз тәрепинен денсаўлықты сақлаў тараўында алып барылып атыр­ған реформалар хал­қымыз саламатлығын беккемлеў, кеселликлердиң алдын алыў менен бирге саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге қаратыл­ған.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен усы жылдың 5-17-август күнлери республикамызда «Перзент­леримизди вируслы гепатит «А» кеселлигинен сақ­ла­найық!» ураны астында ғалабалық санитария-ағартыў жумыслары шөлкем­лести­рил­мекте.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайының мәжилислер залында «Вируслы гепатит «А» кеселлиги бо­йынша профилактика ҳәм эпидемияға қарсы ис-илажларды жетилистириў» атамасында брифинг өткерилди. Оған Өзбекстан Республикасы халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық активлигин асырыў Орайы, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў министрликлеринен ўәкиллер, Қарақалпақстан Республикасы аймақлық мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық  бақлаў орайы қәнигелери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Брифингте дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў минис­трлиги Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайының эпидемио­логия  мәселелери бойынша бас шыпакериниң орынбасары В.Абсаттарова шығып сөйлеп, бул басқоспаның мақсети ҳәм әҳмийети ҳаққында тоқтап өтти. Буннан соң Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги республика Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы қәнигеси К.Раджап­баева Өзбекстан Республикасы бойынша жуқпалы кеселликлер, соның ишинде вируслы гепатит «А» кеселлигине қарсы алып барылып атырған ис-илажларды еле де жетилистириў бойынша қатнасыўшыларға кең түрде мағлыўматлар берди.

Ҳәммемиз билемиз, халық арасында «сары аўырыў» деп жүритилетуғын вируслы гепатит «А» кеселлиги баўырдың зыянланыўы менен кешетуғын жуқпалы кеселлик есапланып, бул кеселликтиң алдын алыў илажларының бири оған қарсы шаншыў жумысларын алып барыў әҳмийетли болып, бул бойынша республикамызда тийисли илажлар алып барылып атыр­ғанлығын айтыўымызға болады. Усы жерде атап өтиў орынлы, бүгинги күнде республикамызда 203 тен аслам шаншыў пунктлери болып, онда 406 шыпакер, 684 вакцинаторлар арнаўлы таярлықтан өткерилген. Профилактикалық шаншыў ушын қолланылып атырған вакциналар мәмлекет бюджети есабынан сатып алынады ҳәм Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң, республика фармацевтика комитетиниң сапа сертификатларына ийе болып, балалар ушын зыянсыз есапланады. Профилактикалық шаншыўды нәресте туўыў үйинде алып баслайды. Туўыў үйинде нәрестелик пайытында туберкулёз, вируслы гепатит «В» кеселлигине қарсы шаншылады. Кейин ала өмириниң 2, 3, 4, 12-айлықларында ти­йисли шаншыўларды алады. Ал, 16 айлықта, 6, 7 ҳәм l6 жас пайытларында қайта шаншылады. Жобалы шаншыў қамтыўы 98 проценттен жоқары болыўы нәтийжесинде 1995-жылдан баслап полимиелит, дифтерия, столбняк, коклюш, ал, 2011-жылдан балалар арасында вируслы гепатит «В» қызылша кеселликлери дизимге алынбады.

Республикамызда ҳәзирги күнде ҳаял-қызлар арасында «жатыр мойны рак» кеселлиги көплеп дизимге алыныўы ҳәм бул кеселликти профилактикалық шаншыў жолы менен алдын алыў мүмкиншилиги бол­ғанлығы себепли шаншыў әмелиятына усы жыл ноябрь айынан баслап 9 жастағы қыз балаларды ВПЧ кеселлигине қарсы шаншыў киргизилиўи жобаластырылған. 2019-жылдың өткен жети айын­да вируслы гепатит кеселлиги менен кеселленген наўқаслар 455 болып, кеселлениўшилик көрсеткиши өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,3 есе кемейген. Кеселликти келтирип шығарған факторлар анализленгенде, жәми 442 жағдайдағы кеселлениўшиликтиң 432 жағдайында кеселлик факторлары анықланып, соннан 385 жағдайда турмыслық қатнас жолы арқалы, 47 жағдайда азық-аўқат жолы арқалы келип шыққанлығы атап өтилди.

­ Бүгинги брифингте кеселликке қарсы гүресиў бо­йынша көп мағлыўматлар алдық. Енди буларды өз жумысларымызда алып барыўды мақсет еттик. Әсиресе, кеселликтиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўди халық арасында үгит-нәсиятлаўды күшейтемиз. Себеби, ҳәр­қандай кеселликти емлегеннен көре оның алдын алған абзал, - дейди Төрткүл ра­йонлық мәмлекетлик санитария-эпиде­миологиялық бақлаў ора­йының шыпакер-эпиде­миологы Жеткер Базарбаев.

Бундай брифинглер кеселликлердиң алдын алыў бойынша халқымыздың медициналық мәдениятын арт­тырыўға, келешекте халық саламатлығы көрсеткишлерин жақсылаўға хызмет етеди.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF