Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:28:54, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЛ ХАЛҚЫНА БАЙРАМ САЎҒАЛАРЫ

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамын көтериңки кейпиятта күтип алыў мақсетинде Қараөзек районының кең жәмийетшилиги қызғын мийнет ислемекте.

Әсиресе, шетки елатлардың бири есапланған «Есимөзек» елатының тур­ғынлары ушын быйылғы жыл күтә көп жаңалықларға толы жыл болажақ. «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилген бул аўылда ғәрезсизлик байрамына саўға ретинде жаңадан қурылған 160 орынлық балалар бақшасы ҳәм капитал реконс­трукция жумыслары жүргизилген.  11-санлы улыўма орта мектеп имараты халық ийгилиги ушын тапсырылыў алдында тур.

Ҳәзирги ўақытлары бул қурылыс объектлеринде қолы гүл қурылысшылар тәрепинен соңғы бояў ҳәм пардозлаў жумыслары жүргизилмекте.

Ә.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Қараөзек районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: 1. Мектеп қурылысына белсене қатнасып атырған прораб

Абдикерим Қа­йыпов, ис жүргизиўши Анвар Өтебаев, мектеп директоры

Сәбит Жолдыбаев ҳәм оның хожалық ислери бойынша орынбасары

Марқабай Қошмағанбетовлар өз-ара ойласықта.

2. Жаңадан қурыл­ған балалар бақшасының сыртқы көриниси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF