Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:03:38, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУЎШЫ — ЕГИНЛЕРДИ ГҮЛ ЖАЙНАТЫЎШЫ

Ҳәр бир инсан алға умтылып ҳәрекет етсе гөзлеген мәнзилине жетери анық. Турмыс тәшўишлери, өмир машақатлары өз алдына бир төбе.

Жер ­ бийбаҳа ғәзийнемиз. Оның қәдирине жеткен ҳәзирети дийқанларымыз жердиң тилин таўып, оннан ылайықлы өним алады. Жерге маңлайдан тер төгип, утырын таўып, хызмет етсең бәрқулла сени бағады. Атадан балаға мийрас болып киятырған дий­қан­шы­лығымыз, еккен егинлеримиз жердиң тәрбиясына байланыслы өним береди.

Жерге қанша меҳир қойып тәрбия берсең, еккен егиниң де, тиккен нәлиң де жақсы раўажланады. «Ҳәр заманға бир заман» дегениндей, туўылып өскен елине қандай да бир пайдасы тийсе, өзин бахытлы санайтуғын ел азаматлары арамызда көплеп ушырасады. Мийнет пенен шыныққан, кәсибине қуныққан азаматлардың бири Кеңес Сарыбаевтың елеўли мийнетлерин атап өткенимиз орынлы болар. Ийгиликли кәсип ийеси, шебер шөлкемлес­тириўши болған ол Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги Төменги Әмиўдәрья ирригация тармақлары бассейни басқармасына қараслы Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасына басшылық етеди.

­ Басқармаға қараслы 220 насос станциясы болып, 481 дана насос агрегатлары жәрдеминде Әмиў­дәрья, Хожели, Тақыятас, Қоңырат, Мойнақ, Қанлыкөл, Шоманай, Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли, Нөкис районларының ирригация тармақлары менен биргеликте шәртнама тийкарында усы районлардың егислик жерлерин турақлы түрде суў менен тәми­йинлеп атырмыз. Пидайы хызметлери менен көзге түсип жүрген кәсиплеслеримизден Шухрат Атабаев, Шарапатдин Қойбақов, Махмуд Турсынбаев, Идирис Өтепов, Қудайберген Нурымбетовлар өзлерине бекитилген жумыс көлемлерин артығы менен орынлап, кәсиплеслерине бәрҳа үлги болмақта. Гөзлеген мақсетке ерисип, нәтийжели жумыслар көзге тасланса, көрген қы­йыншылықлар умыт болып, изде қала береди екен, - дейди ол сөз арасында.

«Жақсылық етсең халыққа, жетерсең мақсет муратқа» деген даналық сөзлердиң төркининде үлкен мәни бар. Басқарма хызметкерлерин социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўда кәсиплик аўқамы тәрепинен белгиленген режелер тийкарында жумыслар алып барылмақта. Байрам сәнелеринде хызметкерлерди мийнетине қарай баҳалаў дәстүрге айланып, нураныйларға санаторияларға жолламалар ажыратылып, турақлы түрде ҳал-жағдайларынан хабар алынып, мүтәжлерине жәрдем берилмекте. Спорт пенен шуғылланыў ҳәр бир инсанның әдиўли ўазыйпасы. Бул бағдарда да бир қатар жарыслар шөлкемлестирилип, жеңимпазларға саўғалар тапсырылмақта. Мийнет жәмәәти арасында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары да жақсы жолға қойылып, әтирапта көздиң жаўын алғандай бағлар жаратылған. Ҳақыйқатында да ислеймен деген инсанға истиң түри көп. Тек аўызбиршиликли түрде жумыс алып барсаң, талабың орала береди.

Суўшы - егинлерди гүл жайнатыўшы десек, асыра айтқан болмаймыз. Ҳақыйқатында да суў егинниң ­ ҳақыйқый раўажланыўының өзеги.

К.ПИРНАЗАРОВ,

СҮЎРЕТТЕ: К.Сарыбаев кәсиплеслери менен ойласықта.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF