Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:03:40, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЕСТ СЫНАҒЫ — ӘДИЛ  ТӘРЕЗИ

Кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратылған мәмлекетимизде тест сынақларының ең утымлы ҳәм қолайлы усыллары енгизилип киятыр.

Бы­йылғы жылы енгизилген қолайлы усыллардың бири ­ тек бир күнде емес, абитуриентлер тест сынақларын 29-июльден баслады. Абзаллығы, олар топлаған балы ҳаққында тест тапсырған күнниң ертеңине өзлерине тийисли мағлыўматларды билип алыў имканияты жаратылды.

Быйыл республикамыздағы 9 жоқары оқыў орынларына бакалавр тәлим бағдарлары бойынша 134 қәнигеликке 63,264 абитуриенттен ҳүжжетлер қабылланды. Өткен оқыў жылында 46,022 абитуриент ҳүжжет тапсырған болса, быйылғы жылы бул көрсеткиш бир ярым есеге артты. Тест сынақлары еки орында ­ Нөкис қәнигелестирилген Олимпия резервлери мектеп-интернаты ҳәм «Айдын     жол»дағы Спорт комплексинде болып өтпекте.

­ Мениң қызым Нилуфар Муратбаева юриспруденция, Миллий ғәрезсизлик идеологиясы, тарийх қәнигеликлерине ҳүжжет тапсырып, тест сынақларына қатнасып атыр. Быйылғы жылы абитуриентлер ушын жаратылған имканиятлардың бири ­ үш қәнигеликке топлаған балы менен қатнаса алатуғын болды. Және де қолайлы тәрепи, абитуриентлер интернет тармағы арқалы өзлерине тийисли мағлыўматларды билиў имканияты бар. Булардың барлығы перзентлеримиздиң келешеги ушын. Мен де қызымның таңлаған үш қәнигеликтиң биреўине тест сынақларында топлаған балы жетип, оқыўға қабылланыўын тилеп турман, - дейди ата-аналардың бири Венера Пирниязова.

­ Мен өткен жылы 103,7 балл топлап, оқыўға кире алмаған едим. Билимиң болса, әлбетте, тест әдил екенлигине көзим жетип, таярланып быйыл тест сынақларын тапсырдым. Қуда қәлесе, студентлер қатарына қабылланаман, деген нийеттемен, - деди абитуриентлердиң бири Ҳүрлиман Жийемуратова.

Тест сынағы ­ әдил тәрези. Жыл сайын тест сынақларын өткериў тәртиби жетилис­тирилип, абитуриентлердиң билимин баҳалаўда ең тийимли усыллар енгизилди. Буннан абитуриентлерде де, ата-аналарда да тек билимлилер ғана бәйги сызығынан өтетуғынына исеними артып бармақта. Ата-аналардың перзент­лериниң билим алыўына итибары күшейип атырғанлығын турмысымыз дәлиллемекте.

Тест сынақларында әдалатлық жүзеге шығатуғынына исеними арт­қан ата-аналар перзентлериниң билимине, интеллектуал қәбилетине исенип студентлик бәйги сызығынан өтиўине тилеклес болмақта.

Республикамыздың жоқары оқыў орынларында тест сынақлары l4-август күнине шекем даўам етеди. Билимли жаслар, әлбетте, студентлер қатарынан орын алады.

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF