Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:19:23, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

 

МҮЛК ҲУҚЫҚЫ КЕПИЛЛЕНЕДИ

ӨзЛиДеП депутатлық топарының гезектеги мәжилисинде Нөкисте бузылыўы уйғарылған турақ жайлар мәселеси бойынша жуўапкер шахслардың есабы тыңланды, деп хабар бермекте ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баспасөз хызмети.

Мәжилисте тийкарынан Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2-август күни өткерилген видеоселектордағы «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылған жумыслар, жол қойылған кемшиликлер, бузыўға (басқа жерге көшириўге) уйғарылған турақ жайлар мәселеси бойынша Нөкис қаласында алып барылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў илажлары бойынша Нөкис қалалық қурылыс бөлими архитекторы А.Оразымбетовтың есабы тыңланды.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен 2019-жыл 3-август күни Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мүлк ҳуқықы кепиллигин сөзсиз тәмийинлеў бо­йынша қосымша илажлар ҳаққындағы бийлик қабыл етилди. Оған бола, усы жылдың 5-августынан баслап пуқара ҳәм исбилерменлик субъектлериниң жер участкаларын алып қойыў ҳәм көшпес мүлкин бузыў үш басқышта әмелге асырылмақта. Ҳәким тәрепинен бузылыўы режелестирилген аймақ бойынша материаллар топламы Министрлер Кабинетине киргизиледи. Министрлер Кабинетинде қала қурылысы талаплары ҳәм финанслық есап-санақ бойынша жуўмақлар таярланады. Жуўмақ Бас министрге көрип шығыў ҳәм қарар қабыл етиў ушын киргизиледи.

Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселе бойынша А.Оразымбетов өз есабында бас жойбар 2007-жылы тастыйықлан­ғанлығын, бүгинги күнде пайтахтымызда бузыўға (басқа жерге көшириўге) уйғарылған турақ жайлар мәселеси бо­йынша жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылып атыр­ғанын атап өтти. Енди Нөкистеги «Туран» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 107 гектар майдандағы  423 турақ жайдың бузылыўы нәзерде тутылғаны атап өтилди.

Мәжилис даўамында депутатлар тәрепинен күн тәртибиндеги мәселе бойынша билдирилген пикир-усыныслар тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF