Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:34:35, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УЛАН-БАТОР ҚАЛАСЫНА САПАР

Жақында  Монголияның Улан-Батор қаласына Европа Аўқамының Эразмус + бағдарламасының GREB жойбары шеңбериндеги координаторлардың ушырасыўына бардық.

Ушырасыў Монголияның илим ҳәм технология университетинде өткерилди. Ушырасыўды университеттиң илим ҳәм бирге ислесиў ислери бойынша проректоры профессор Т.Намнан кирис сөз бенен ашып, қысқаша презентация менен өзиниң университети ҳаққында мағлыўматлар берди.  Буннан соң GREB жойбарының бас координаторы, Италияның Л.Акуила университетинен Доктор Массимилиано Динносензо баянат жасады. Ол өз сөзинде Азия еллеринде де Эразмус + бағдарламасының ен жайып атырғанын атап өтти.

Буннан соң Астрахань мәмлекетлик қурылыс ҳәм архитектура университетинен Людмила Боронина, Москва мәмлекетлик қурылыс университетинен Анна Дорошенко, Огарево мәмлекетлик университетинен Ольга Родина, Казань мәмлекетлик архитектура ҳәм инженерлик университетинен Ольга Порошенколар өзлериниң есабатларын жыйналғанлар итибарына усынды.

Күнниң екинши ярымында жойбарда қатнасып атырған өзбекстанлы бирге ислесиўши университетлерден ўәкиллер шығып сөйледи. Олардан Үргениш мәмлекетлик университетинен Бахадыр Рахманов, Ташкент информациялық технологиялар университетинен Илхомжан Сиддиқов, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен Бахытбай Палўановлар өз университетлеринде студентлер тәрепинен исленип атырған жойбарларға тоқталып өтти.

Монголия Миллий университетинен Ч. Лодоиравсал, Монголия илим ҳәм технология университетинен Сарантуя Цедендамба өз студентлери менен бирге баянатлар жасады ҳәм ислеп атырған жойбарлары туўралы мағлыўматлар берди.

Буннан соң жойбар шеңберинде исленген билим бериў сапасын жетилис­тириў бойынша исленген жумыслар бойынша Шве­циядағы Стокгольм короллик институтынан доктор. Мухаммед Салаҳтың есабаты тыңланды.

Жойбар шеңбериндеги қаржы мәселеси бойынша Италияның Л.Акуила университетинен Энрико Делл-Элкениң есабаты тыңланды.

Монголиядағы еки университет те елдеги белгили университетлер есапланады. Ол жерде билим бериў жағдайы бурынғы Кеңес дәўириндеги системадан заманагөйлесиўге умтылып атырғанының гүўасы болдық.

Шыңғысхан естелиги қаланың бир шетине салын­ған. Ол жерде Монголия пайтахты Улан-Баторда жаңадан халықаралық аэропорт пайдаланыўға тапсырылған екен. Себеби, соңғы ўақытта елге туристлер саны өсип баратыр. Аэропорт жылына 3 миллион жолаўшыны қабыл етеди. Ал, бизлер ушып барған Шыңғысхан аэропорты болса, жылына 900 мың жолаўшыға хызмет етеди.

Шыңғысхан естелиги өзиниң үлкенлиги бойынша дүньяда теңсиз екенлиги менен көзге тасланады. Ол жердеги имараттың үстинде Шыңғысханның тулғасы орнатылған. Ал, имараттың ишинде ресторан, музей, саўда орынлары жайласқан.

Монголия ҳәзирги ўақытта экономикалық жақтан тез раўажланып атырған еллердиң бири есапланады. Елдеги жаңаланыўларға пайтахтта салынып атырған заманагөй имаратлар менен мәдений орынларды атап келтириў мүмкин.

Спорттың гүрес түринен басқа, ең көп адам қызығатуғын спорт — бул баскетбол екен. Бизлер барған пайытта жаслар арасында баскетбол бойынша жәҳән бириншилиги Улан-Баторда өткерилди.

Көшедеги адамлар менен сөйлессеңиз, олар сиз бенен еки шет тилинде сөйлесиўге ҳәрекет етеди. Жасы үлкен әўладтың басым көпшилиги орыс тилинде емин-еркин байланыс жасай алады. Ал, жаслардың инглис тилинде байланыс жасаў мейиллиги күшли.

Европа Аўқамының Эразмус+ бағдарламасы тек Азияны Европа менен байланыстырып қоймастан, Азия еллери арасында да билимлендириў тараўы бойынша байланыстырыўда әҳми­йетке ийе болмақта.

 

Б.ПАЛЎАНОВ,

ҚМУдағы Эразмус+ бағдарламасының GREB жойбарының жергиликли координаторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF