Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:12:22, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПУҚАРАЛАР ЖЫЙЫНЛАРЫНЫҢ БАСЛЫҚЛАРЫ: КИМ КӨП КИТАП ОҚЫЙДЫ?

Усы жыл 7-август күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында пуқаралар жыйынлары баслықлары арасында қосықшылық таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

«Қосыққа дос болған ҳеш қашан шеп болмайды» сүрени астында өткерилген таңлаўға қалалық ҳәм ра­йонлық басқышлардың жеңимпазлары қатнасты.

Президентимиздиң 2017-жыл 13-январьдағы «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, атап айтқанда, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүнья танымын кеңейтиўде, ана-Ўатаны ҳәм халқына муҳаббат ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал шахсты тәрбиялаўдағы шексиз әҳмийетке ийе болған китапқумарлық мәдениятын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илаждың тийкарғы мақсети — пуқаралар жы­йынлары баслықларын китапқумарлыққа тартыў, олардың китап оқыўға бол­ған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм умтылысларын қоллап-қуўатлаў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында мәнаўий орталықты қәлиплестириўден ибарат.

Таңлаў қатнасыўшылары өзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятының билимданы, көркем оқыў, өзлери бас­қарып киятырған пуқаралар жыйынларында ушырасып туратуғын ҳәр қандай жағдайлар бойынша сахналық көринис  шәртлери бойынша өзлериниң билимлерин көрсетти.

Илаж жуўмағында Шымбай районындағы «Бердақ» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Фатийма Палўанова биринши, Мойнақ районындағы «Таллы-өзек» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Бийбихан Өтәмбетова екинши, Әмиўдәрья районындағы «Янгиобод» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Зебагулди Ражапова үшинши орынларды ийеледи.

— Биз қайсы тараўда ислемейик, әдебий китапларды турақлы оқып барсақ, жумысымызда илгерилеўшилик болады,-дейди таңлаў жеңимпазы  Фатийма Палўанова. — Усы көз­қарас­тан қарағанда бул таңлаўдың әҳмийети айрықша. Ташкент қаласында болып өтетуғын жуўмақлаўшы бас­қышта да мүнәсип қатнасыўға ҳәрекет етемен...

Сыйлы орын ийелери ҳәм номинация жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және баҳалы саўғалар тапсырылды.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ - тың түсирген сүўрети.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF