Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:21:29, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕҢИМПАЗ ШАҢАРАҚ  «ЖҮЗИМБАҒ»ТАН

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық кеңеси тәрепинен бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте мәҳәллелер арасында спорттың шахмат ҳәм шашка түрлери бойынша «Биз ақыл-парасатлы шаңарақлармыз» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Жасларды спорт-саламатландырыў илажларына кеңнен тартыў, олар арасында медициналық ҳәм физикалық мәдениятты раўажландырыў, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен алға қойылған жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириўде мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылықты арт­тырыў бойынша 5 басламаны мәҳәлле пуқаралар жыйынларында кең түрде әмелге асырыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-февральдағы «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысының нәтийжелилигин және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы протоколында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөл­кемлестирилген илажда 12 қала ҳәм районнан аймақлық басқышларда жеңиске ерискен шаңарақлар қатнасты.

Беллесиўде шаңарақ ағзалары 75 жасқа шекемги ата ҳәм кемпир ападан, 50 жасқа шекемги ата-анадан, 16 жасқа шекемги перзентлерден ибарат болған ямаса шаңарақ ағзалары төрт адамнан кем болмаған шаңарақлар қатнасыў ҳуқықына ийе болады.

Мәҳәлле, мәҳәллелераралық ҳәм районлық (қалалық) басқышларда жеңип шыққан шаңарақлар Қарақалпақстан Республикасы басқышында беллести. Беллесиў соңында Кегейли районындағы «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйынынан Қадиримбетовлар шаңарағы биринши, Әмиўдәрья районы, «Дуринки» мәкан пуқаралар жыйынынан Қурбановлар шаңарағы екинши, Қоңырат районының «Әдебият» аўыл пуқаралар жыйынынан Дәўлетбаевлар шаңарағы үшинши орынды қолға киргизди.

Беллесиў жеңимпазлары ҳәм номинациялар бойынша белсене қатнасқан шаңарақлар Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәллелер Кеңеси ҳәм «Нураный» фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.   

Қарақалпақстан  хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF