Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:53:54, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАТНАСЫЎШЫЛАР САНЫ АРТПАҚТА

«Жас китапқумар» таңлаўының быйылғы таңлап алыў басқышы республикамыздың барлық қала ҳәм районларында 17-19-июнь, ал, Қарақалпақстан Республикасы басқышы 5-7-август күнлери аралығында 20-30, 15-19 ҳәм 10-14 жастағылар арасында болып өтти.

Елимизде миллий қәдириятлар ҳәм дәстүрлерди келешек әўладларға жеткериў, хал­қымыз, әсиресе, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, санасын ҳәм дүньяға көзқарасын кеңейтиў, олардың қәлбинде ана Ўатанымызға ҳәм халқымызға муҳаббат және садықлық сезимлерин күшейтиў, бәркамал шахс­ты тәрбиялаў мақсетинде бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.

Усындай жойбарлар арасында елимиз жасларын бирлестирген, билими ҳәм потенциа­лын көрсетиўге кең имканият жаратқан «Жас китапқумар» таңлаўының орны айрықша.

Бул таңлаўдың өткен мәўсиминде 250 мың ул ҳәм қыз бала қатнасып, олар арасынан таңлап алынған жаслар Президент саўғасы — жеңил автомашинаға ийе болды.

Быйыл бул таңлаўға қатнасыў ушын Қарақалпақстаннан 94 мыңнан аслам жас мүрәжат еткени жаслардың китап оқыўға қызығыўшылығын айқын тастыйықлайды.

Президентимиздиң 2018-жыл 12-майдағы «Уллы илимпазлардың, жазыўшы ҳәм ойшылларымыздың дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде жаслар арасында китапқумарлық таңлаўларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы жумысларды системалы шөлкемлестириўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.

Елимизде жетисип шыққан уллы ойшыллардың жоқары гуманистлик идеяларға тийкарланған бай мәдений мийрасларын мәденият ҳәм илимниң раўажланыўына үлкен үлес қосқанлығын пүткил дүнья тән алмақта.

Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң берген мағлыўматына қарағанда, быйылғы жылы «Жас китапқумар» таңлаўының таңлап алыў басқышы барлық қала ҳәм районларда өткерилген болып, оларда жәми 194 жас қатнасқан. Онда жеңимпаз болған 42 оқыўшы быйыл 5-7-август күнлери аралығында өткерилген таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышында беллести. Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында телетаңлаў түринде өткерилген беллесиўде 10-14 жастағылар арасында Кегейли районының 38-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы И.Сатниязова,  15-19 жастағылар арасында Төрткүл ра­йонының 12-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшысы Ш.Каримбаева ҳәм 20-30 жастағылар арасында Қоңырат районының 57-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы З.Шайманова биринши орынды ийеледи. 

 М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF