Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:14:48, 16.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ «ҚОСТРУБА»ЛЫЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Адамларымыз қай жерде болмасын, ҳәтте, ең шетки аймақта да бахытлы ҳәм абадан турмыс кешириўге ҳақылы. Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар мине усындай ийгиликли мақсетке қаратылған.

Республикамыздың ең шетки аймақларында жасайтуғын халықтың турмыс тәризи менен жақыннан танысыў, ушырасып атырған машқалаларды үйрениў мақсетинде усы жылдың 8-август сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов пайтахттан дерлик 280 километр, район орайынан 170 километр узақлықта жайласқан Тахтакөпир районының «Қоструба» мәҳәлле пуқаралар жыйынына сапар етти.

Министрликлер, мәкемелер, ҳуқық қорғаў уйымлары, район ҳәкимлигиниң басшылары, жәмийетлик шөлкемлер ўәкиллериниң қатнасыўында ашық пикирлесиў тәризинде шөлкемлестирилген ушырасыўда халықты қыйнап киятырған мәселе ҳәм машқалалар тыңланды.

Қоңсы Қазақстан Республикасына ең жақын аймақлардан есапланған «Қоструба» мәҳәлле пуқаралар жы­йынында бүгинги күнде 140 тан аслам пуқара жасайды. Аўыл пуқаралар жы­йыны 2002-жылы шөлкемлестирилген болып, жергиликли халық тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланады.

Өткерилген ушырасыў даўамында пуқаралар тийкарынан жумыссызлық, жол қурылысы, билимлендириў, байланыс хызмети, медицина ҳәм транспорт хызметин көрсетиўдиң сапасын жақсылаў сыяқлы мәселелерде мүрәжат етти.

Пуқаралардың жәми 40 қа жақын мүрәжаты тыңланып, солардан белгили бир бөлими усы жердиң өзинде өз шешимин тапты. Ўақыт ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениў талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкер басшыларға анық тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, усы күни МПЖ аймағында жайласқан шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм ветеринария шыпакерлик пункти өз жумысын баслады ҳәм де халықтың бул бағдардағы машқалалары өз шешимин тапты ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди. Жаңадан ашылған балалар бақшасына телевизор, гилемлер саўға етилген болса, шыпакерлик пунктинде еки пуқараның бәнтлиги тәмийинленди. Аймақтағы жаңадан шөлкемлес­тирилип атырған ветеринария шыпакерлик пункти ушын заманагөй әсбап-үскенелер тапсырылды.

Соны да айтып өтиў керек, мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында жайлас­қан 23-санлы улыўма билим бериў мектебине китаплар, 10 компью­тер комплекти, спорт инвентарьлары, турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеўши үскенелер ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлар­ға ҳәр қыйлы саўғалар берилди.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF