Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:42:51, 16.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАШҚАЛАЛАР ОРЫНЛАРДА ШЕШИЛМЕКТЕ

Бәршемизге мәлим, бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына муўапық, халықтың, әсиресе, ең шетки аймақларда жасап ҳәм мийнет етип атырған инсанлардың ҳалынан хабар алып, олардың турмысында ушырасып атыр­ған мәселе ҳәм маш­қалаларды унамлы шешиў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы жылдың 6-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ер­ния­зов Нөкис қаласынан 230дан аслам км қашықлықта жайласқан Елликқала районының «Шуқыр­қақ» аўыл пуқаралар жы­йыны тур­ғынларынан хабар алды.

Жергиликли халық пенен болып өткен ушырасыўға минис­трликлер менен ве­домстволардың, ҳуқық қорғаў уйым­ларының, ра­йон ҳәкимлигиниң басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнас­ты.

Президентимиздиң басшылығында «Халық мәмлекетлик уйым­ларға емес, ал, мәмлекетлик уйым­лар халыққа хызмет етиўи ти­йис», деген принцип тийкарында өткерилип киятырған көшпели қабыллаўлар халқымыздың күнделикли турмысында ушырасып атырған ҳәр қандай машқалалардың орынларда унамлы шешилиўине, солай етип, олардың бүгинги күннен разы болып жасаўына хызмет етпекте.

«Шуқырқақ» аўыл пуқаралар жыйынында бүгинги күнде 700 ден аслам халық жасайды. Жергиликли халық тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланады.

Өткерилген ушырасыў даўамында пуқаралар тийкарынан жол қурылысы, жер майданын ажыратыў, байланыс хызмети, турақ жай, билимлендириў, мектепке шекемги билимлендириў, медициналық ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў сыяқлы мәселелерде мүрәжат етти.

Анығырағы, пуқаралардың 40 тан аслам мүрәжаты тыңланып, соннан 20 ға жақын мүрәжат сол жердиң өзинде шешимин тапты. Қосымша үйрениў ҳәм ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшыларына анық тапсырмалар белгилеп берилди.

Соның менен бирге, мәкан пуқаралар жыйынындағы кем тәмийинленген шаңарақларға телевизор, гилем, азық-аўқат өнимлери, ал, 33-санлы мектеп жәмәәтине ҳәр қыйлы атамадағы 100 дана әдебий китап, жаңа парта ҳәм тахталар берилди.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF